Аралбойы абат болады…

«Ҳәзирги ўақытта Арал машқаласы себепли 5,5 миллион гектардан аслам майданда Аралқум саҳрасы пайда болды.
Ҳәр жылы 100 миллион тонна қум ҳәм дуз ҳаўаға көтерилмекте. Бул болса Арал апатшылығы глобал машқала екенин және бир мәртебе дәлиллемекте.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери, мырза Антониу Гутерриш және Бирлескен Миллетлер Шөлкеми институтынан, шерик мәмлекетлерден миннетдармыз»…
Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында келтирилген бул қатарларды оқыр екенмен, өтмишти еслеймен: «Эҳ-ҳей, Аралды қутқарыў бойынша қаншадан-қанша гәп-сөзлер болған, бирақ, көпшилиги қағазларда қалып кеткен еди-аў…». Бирақ, бүгинги күни экологиялық апат жүз берген аймақтың қақ ортасында, яғный, Мойнақ районында басланған ислерди көрип, өз қолымыз бенен исленген ислеримиз ғана бизди дөнип кия­тырған қәўиптен қутқаражағын тән аламыз. Цифрлар менен фактлер сөзимизге дәлил болады: «Биз Арал теңизиниң суўсыз қалған аймағында жасыл тоғайлар жаратыўға айрықша итибар бермектемиз.
Егер ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан бойынша 1 миллион 220 мың гектарға шамалас тоғайлық жаратылған болса, соннан 400 мың гектардан асламы әйне Аралбойы аймағында жайлас­қан», делинеди Мүрәжатта.
Көрип турғанымыздай, экологиялық апатшылықты сапластырыў өз қолымызда екен. Бүгин кең көлемли ислерди әмелге асырыўға Өзбекстанның қурбы жетеди. Мойнақ районында орынланып атырған дөретиўшилик ислер адамлардың кеўлинде ертеңги күнге, келешекке деген үлкен исеним оятады. Жақын бир-еки жыл ишинде орынланыўы көзде тутылған 504 миллиард сумнан зыятырақ көлемдеги бир қатар жойбарлар, сондай-ақ, 1 триллион сумлық инвестициялар нәтийжесинде районның келбети танып болмас дәрежеде өзгереди. Заманагөй инфраструктураға ийе бол­ған Мойнақ қалашасы жақын ўақытлар ишинде экотуризм орайына айланса әжеп емес. Өзбекстан Президенти Қарақалпақстанды, әсиресе, Мойнақ районын санааты, экономикасы раўажлан­ған абат мәканға айландырыў бойынша ҳәрдайым ғамқорлық етип  келмекте. 2017-жылдың 28-февралында Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықты жумыс пенен тәмийинлеў бойынша қарар қабыл етилген еди. Бүгинги күнге дейин исленген ислердиң өзи адамлардың кеўиллеринде қуўаныш оятпақта. 20 гектардан зыятырақ майданда, атап айтсақ, бурынғы балық консерва заводы аймағында шөлкем­лестирилген «Мойнақ» киши санаат зонасы, әсиресе, жасларды өз қушағына шақырмақта. Иске асырылған бир жойбар көлеминде 100 жигит-қыздың жумыс пенен тәмийинлениўи – бул келешектеги исленетуғын көлемли ислердиң басламасы.

«Әўмет шериги менен келеди», деседи халқымыз. 2018-жылда орынланған 6 миллиард сумлық жумыслардың өзи-ақ район келбетин өзгертип жиберген болса, 2021-жылға келип, 1,6 триллион сумлық абаданластырыў ҳәм қурылыс ислери әмелге асырылған пайытта келсеңиз Мойнақты танымай қалыўыңыз сөзсиз!

Президентимиздиң Мүрәжатында Аралбойы экологиялық апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў, теңиздиң суўсыз қалған ултанында жасыл қапламаларды жаратыў арқалы ҳәр жылы ҳаўаға көтерилетуғын 100 миллион тонна шаңлы дузлардың ақыбетин сапластырыў бойынша айтылған сөзлерден руўхланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гүллән халқымызға жоллаған Үндеўи адамларда келешекке деген үлкен исеним ҳәм үмит оятпақта. Ҳәр күни ғалаба хабар қураллары арқалы көрип ҳәм еситип отырғанымыздай, техникалар менен жумысшы ресурслары Арал теңизиниң суўсыз ултанына сексеўил егиўге жедел киристи. Бул исте азаматларымыз күнди түнге уластырып, арқаның боранлы даўылларын писент етпей мийнет етпекте.
Ўақытлар өтеди… Халқымыздың атақлы перзенти, шайыр Ибрайым Юсуповтың көрегенлик пенен болжап кеткениндей: Аралбойы «еле зор болады». Сонда мойнақлылар гөззал Ўатанның бир бөлеги болған, Президентимиздиң дыққат-итибары ҳәм азаматларымыздың пидәкерлик мийнети арқасында абадан аймаққа айланған Мойнақта жасап атыр­ғанлығын мақтаныш етеди. Иншалла ол күнлер алыс емес.

Кеңесбай КАРИМОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты