Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинде республикамыз аймағында транспорт хызметин көрсетиў ҳәм тараў бойынша жумыслардың шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, бул бағдарда жол қойылған қәте-кемшиликлер бойынша мәжилис өткерди.

Өткерилген мәжилисте Омаров Маманбий Аллабергенович Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри лаўазымына тайынланды.

Атап өтиў орынлы, Маманбий Омаров усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Халықаралық байланыслар, логистика ҳәм экспортты раўажландырыў департаменти баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Мәжилисте жаңадан тайынланған министр министрлик жәмәәтине таныстырылып, тараўда жол қойылған кемшиликлерди сапластырыўда ат салысатуғын басшы болатуғынлығына исеним билдирилди.

Сондай-ақ, транспорт хызметин жақсылаў бағдарында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы ҳәм халқымызға сапалы хызмет көрсетиў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестирмегени ҳәм басқа да бир қатар кемшиликлер ушын Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри орынбасары ҳәм министрлик юристи ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети