БМШ раўажланыў бағдарламасы турақлы ўәкилиниң республикамызға сапары

Усы жыл 26-сентябрь күни  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска басшылығындағы топар еки күнлик сапар менен республика­мызға келди.

Топар ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыллаў мәресими болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманларды елимизге сапары менен қутлықлап, Өзбекстандағы БМШтың Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен Арал апатшылығының ақыбетинен жәбир көрген халықтың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында көрсетилип атыр­ған жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде, Арал апатшылығы сәўлелендирилген картаны көрсеткен ҳалда, жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын және бир мәрте Арал апатшылығына қаратты. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының шөлкем­лес­тирилиўи халқымыз тәрепинен айрықша қанааатланыўшылық пенен күтип алынды.

Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм келешектеги бирге ислесиў бағдарындағы режелерге тоқтап өтти.