НӘСИЛШИЛИК ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
12.11.2008-ж. №197/III
 НӘСИЛШИЛИК ҲАҚҚЫНДА

 1-статья. Нәсилшиликтиң тийкарғы ўазыйпалары
Төмендегилер нәсилшиликтиң тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады:
-ҳайўанлардың нәсиллик ҳәм өнимдарлық сапаларын жақсылаў мақсетинде нәсилшилик ресурсларын жаратыў, сақлаў тәкирарлап көбейтиў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў;
-селекция процессинде пайдаланылатуғын нәсилшилик ресурслары келип шығыўының анық есапқа алыныўын, өнимдарлығын, типи ҳәм басқа да сыпатлары бойынша баҳаланыўын тәмийинлеў;
-нәсиллик еркек ҳайўанларды әўладының сапасына қарай сынақтан өткериў;
-жаңа пайдалы генетикалық белгилерге ийе болған ҳайўанларды алыў;
-селекция жумысында дүньядағы ең баҳалы генофондтан нәтийжели пайдаланыў;
-жергиликли орынға тән ҳәм мәмлекетимиздеги жоқ болып баратырған затлар (породалар) генофондын сақлап қалыў.
Өним жетистирилетуғын падаларда ҳайўанлардың нәсиллик ҳәм өнимдарлық сапасын асырыў ҳәм жоқары өнимдарлы ҳайўанларды жедел көбейтиў;
-пүткил шарўашылық тармағының экономикалық нәтийжелилиги ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў.

 2-статья. Тийкарғы түсиниклер
Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
нәсилшилик – селекция мақсетинде нәсилли ҳайўанларды өршитиў, нәсилли өним (материал) жетистириў ҳәм оннан пайдаланыў;
-нәсилли ҳайўан – шығысы ҳүжжетлер менен тастыйықланған, белгили бир породаны тәкирарлап көбейтиў ушын пайдаланылатуғын ҳәм белгиленген тәртипте дизимге алынған ҳайўан;
-нәсилли өним (материал) – нәсилли ҳайўан, оның туқымы ҳәм эмбрионлары, нәсилли мәйек, наўқан қуртының туқымы;
-бонитировка – ҳайўанлардың нәсиллик ҳәм өнимдарлық сапаларын баҳалаў;
-генофонд (аз санлы) зат – белгили бир затқа тийисли болған ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған сийрек ушырасатуғын ҳайўанлар топары;
-нәсилли ҳайўанлар ҳәм нәсилли падаларды мәмлекетлик дизимге алыў – шығысын анықлаў ҳәм өнимдарлығын белгилеў мақсетинде нәсилли ҳайўанлар ҳәм нәсилли падалар ҳаққындағы мағлыўматларды есапқа алыў;
-сертификат – нәсилли ҳайўанның шығысы, өнимдарлығы ҳәм басқа да сыпатларын, сондай-ақ туқым ямаса эмбрионның сапасын тастыйықлаўшы ҳүжжет.

3-статья. Нәсилшилик объектлери
Нәсилли ҳайўанлар – қара маллар, қойлар, ешкилер, жылқылар, түйелер, шошқалар, сондай-ақ қуслар, балықлар, пал ҳәррелери, наўқан қурты, жабайы ҳайўанлар (буннан былай текстте ҳайўанлар деп алынады) ҳәм олардың нәсилли өними нәсилшилик объектлери болып есапланады.

 4-статья. Нәсилшилик субъектлери
Нәсилшилик жумысы менен шуғылланыўшы илимий-изертлеў мәкемелери, кәрханалар ҳәм хожалықлар, селекция орайлары, ипподромлар, иммуногенетикалық қадағалаў лабораториялары, қадағалаў-сынаў станциялары, эмбрионларды көширип өткериў (трансплантация) орайлары ҳәм басқа да юридикалық және физикалық шахслар – нәсилли өним ийелери нәсилшилик субъектлери болып есапланады.

 5-статья. Нәсилшилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери
Нәсилшилик саласындағы қатнасықлар усы Нызам ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлер менен тәртиплестириледи.

 6-статья. Нәсилшилик бойынша мәмлекетлик хызметине басшылық етиў
Нәсилшилик бойынша мәмлекетлик хызметине басшылық етиў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы шаўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады.
Шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекциясының баслығы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң келисими менен Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги тәрепинен тайынланады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекциясы ҳаққындағы Реже Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.

 7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекциясының ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекциясы:
-нәсилшиликти раўажландырыўдың аймақлық бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды шөлкемлестиреди;
-нәсилли өнимниң (материалдың) экспертиза етилиўин тәмийинлейди;
-нәсилли ҳайўанлардың, нәсилшилик хожалықлары ҳәм падаларының есабын жүргизеди;
-селекция мақсетлери ушын пайдалы шарўа маллардың аз санлы ҳәм жоқ болып баратырған затлары генофондын сақлап қалыў бойынша усыныслар киргизеди;
-барлық тайпадағы хожалықларда нәсилшилик жумысының жүргизилиўин қадағалайды;
-нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.

 8-статья. Шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекторлары
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекциясы баслығы бир ўақыттың ишинде Қарақалпақстан Республикасының шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекторы есапланады.
Қарақалпақстан Республикасының шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекторлары өз ўәкилликлери шеклеринде төмендеги ҳуқықларға ийе;
-ведомстволық бойсыныўына қарамастан, нәсилшилик шөлкемлерине иркинишсиз кириў ҳәм олардан зәрүр мағлыўматларды алыў;
-нәсилшилик шөлкемлерине қағыйда ҳәм нормаларды бузыў жағдайларын сапластырыў ҳаққында көрсетпелер бериў ҳәм олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
-қағыйда ҳәм нормаларды бузыў жағдайлары анықланса, нәсилли өнимди (материалды) сатыўды тоқтатып қойыў;
-ҳайўанлар селекциясы, нәсилли өнимди (материалды) тәкирарлап көбейтиў саласында жаңа технологиялардың ҳәм биотехнологиялық усыллардың қолланылыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
-нәсилли өнимниң (материалдың) сертификатсыз сатылыўы ҳәм басқа да тәризде пайдаланылыўына жол қоймаў;
-нәсилшилик субъектлери арасында пайда болатуғын тартыслар бойынша жуўмақлар бериў.

 9-статья. Нәсилшилик субъектлериниң ҳуқықлары
Нәсилшилик субъектлери төмендеги ҳуқықларға ийе:
-нәсилшиликти раўажландырыўға қаратылған күш-ғайратларды бирлестириў мақсетинде ҳайўанларды өршитиў бойынша бирлеспелерге, жәмийетлерге кириў, нәсилшилик саласындағы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасыў;
-селекция жетискенликлеринен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте пайдаланыў;
-нәсилли өнимлердиң (материаллардың) саўда-көргизбелеринде («ким зыят» саўдаларында), көргизбелери ҳәм көриклеринде қатнасыў;
-нәсилли өнимди (материалды) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте сатыў ҳәм сатып алыў;
-нызам ҳүжжетлерине қайшы болмаған басқа да ҳәрекетлерди әмелге асырыў.

 10-статья. Нәсилшилик субъектлериниң миннетлери
Нәсилшилик субъектлери:
-нәсилшилик есабын ҳәм ҳүжжетлерин жүргизиўи;
-нәсилшилик ресурсларының жақсыланыўын, сақланыўын, тәкирарлап көбейтилиўин ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланылыўын тәмийинлеўи;
-ҳайўанлардың өнимдарлығы есабын жүргизиў, типи бойынша классификациялаў, шығысының генетикалық экспертизасын жүргизиў ҳәм оларды өз өнимдарлығы ҳәм әўладының сапасы бойынша баҳалаў талапларын орынлаўы;
-хожалықты аттестациядан өткериў, нәсилли еркек ҳайўанларды апробация етиў ушын ҳәм тәкирарлап көбейтиў мақсетинде олардан пайдаланыўға рухсатнама алыў ушын ҳүжжетлерди шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша мәмлекетлик инспекциясына усыныўы;
-туқым алыў ушын тек ғана тәкирарлап көбейтиўге рухсат етилген нәсилли еркек ҳайўанлардан пайдаланыўы, туқым ҳәм эмбрионларды технологиялық ҳәм ветеринариялық-санитариялық талапнамаларда белгиленген шараятларда таярлаўы, идентификациялаўы ҳәм сақлаўы;
-нәсилли өнимниң (материалдың) сапасына кепиллик бериўи шәрт.

 11-статья. Нәсилли өнимге (материалға) ийелик ҳуқықы
Нәсилли өним (материал) мәмлекеттиң, нәсилли ҳайўанларды өршитиў ҳәм олардан пайдаланыў менен шуғылланып атырған юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүлки болыўы мүмкин.

 12-статья. Нәсилшиликте интеллектуаллық меншик
Нәсилли ҳайўанлар селекциясында ерисилген жетискенликлердиң нәтийжелери интеллектуал меншик объекти болып есапланады, оларға авторлық ҳәм олардан пайдаланыў нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.

 13-статья. Нәсилли өнимниң (материалдың) экспорты ҳәм импорты
Нәсилли өнимди (материалды) экспорт ҳәм импорт етиў Министрлер Кабинети белгилейтуғын тәртипте әмелге асырылады.

 14-статья. Нәсилли ҳайўанларды, нәсилшилик хожалықлары ҳәм падаларын мәмлекетлик дизимге алыў
Нәсилли ҳайўанларды, нәсилшилик хожалықлары ҳәм падаларын мәмлекетлик дизимге алыў тийислисинше мәмлекетлик нәсилли ҳайўанлар китабында ҳәм мәмлекетлик нәсилшилик регистринде дизимге алыў арқалы әмелге асырылады.
Мәмлекетлик нәсилли ҳайўанлар китабы ҳаққындағы Реже ҳәм мәмлекетлик нәсилшилик регистри ҳаққындағы Реже Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланады.

 15-статья. Нәсилли өнимди (материалды) сертификатластырыў
Нәсилли өним (материал) нәсилшиликтиң белгиленген стандартлары, нормалары ҳәм қағыйдаларына муўапықлығы ҳаққында мәжбүрий сертификатластырылыўы тийис.
Нәсилли өнимди (материалды) сертификатластырыў нәсилли ҳайўанлардың шығысын, өнимдарлығын, оларда генетикалық нуқсанлар жоқлығын, сондай-ақ туқым ямаса эмбрионлардың шығысы ҳәм сапасын анықлаў және ҳүжжетлер менен тастыйықлаў мақсетинде өткериледи.
Нәсилли өнимди (материалды) сертификатластырыў мәмлекетлик нәсилшилик хызметиниң тийисли уйымлары тәрепинен «Өзстандарт» агентлигинде аккредитацияланған селекция орайлары, шарўашылық қадағалаў-сынаў станциялары, ипподромлар, сүт, жүн сапасының селекция қадағалаўы лабораториялары ҳәм иммуногенетикалық экспертиза лабораториялары қатнасыўында әмелге асырылады.
Нәсилли өнимди (материалды) сертификатластырыўдан өткериў тәртибин Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша бас мәмлекетлик инспекциясы белгилейди.

 16-статья. Нәсилшилик бойынша мәмлекетлик тармақ бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм оларды қаржы менен тәмийинлеў
Барлық нәсилшилик хожалықлары өз жумысын толық хожалық есабында әмелге асырады ҳәм нызам ҳүжжетлеринде белгиленетуғын жеңилликлерден пайдаланады.
Нәсилшилик бойынша мәмлекетлик тармақ бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм оларды қаржы менен тәмийинлеў Министрлер Кабинети белгилейтуғын тәртипте әмелге асырылады.

 17-статья. Нәсилшилик саласындағы илимий изертлеўлер
Нәсилшиликти илимий жақтан тәмийинлеўди Илимлер академиясы, Аўыл хожалығы илимлери академиясы ҳәм илимий-изертлеў институтлары, жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў мәкемелериниң селекция орайлары әмелге асырады, олар мәмлекетлик нәсилшилик хызмети ҳәм мәкемелер менен биргеликте төмендегилерди ислеп шығады;
-нәсилшиликке байланыслы мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламаларды;
-ҳайўанлар ҳәм қуслардың бар затлары, типлери, линиялары ҳәм кроссларын жетилистириў және жаңаларын дөретиў, нәсилшилик ресурслары генофондын сақлаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўға байланыслы селекциялық-генетикалық бағдарламаларды;
-селекция процесси нәтийжелилигин арттырыў, ҳайўанларды тәкирарлап көбейтиў, олардың өнимдарлығын асырыў усыллары ҳәм жолларын;
-нәсилли өнимди (материалды) баҳалаў ҳәм генетикалық қадағалаў ушын методикалар, техника қураллары ҳәм қадағалаў-өлшеў әсбап-үскенелерин;
-нәсилшиликке байланыслы мәлимлеме менен тәмийинлеў системаларын

18-статья. Нәсилли ҳайўаннан пайдаланыў шәртлери
Нәсилли ҳайўаннан, егерде ол;
-тамғаланған ямаса ҳайўанның шығысын анық идентификациялаў имканиятын беретуғын қайсы бир басқа усылда оған белги қойылған болса;
-дизимнен өткерилген ҳәм оған сертификат алынған болса, затты тәкирарлап көбейтиў мақсетинде пайдаланылады.

 19-статья. Нәсилли ҳайўанлардың туқымы ҳәм эмбрионларынан пайдаланыў шәртлери
Нәсилли ҳайўанлардың туқымы ҳәм эмбрионларынан, егер олар;
-аўыл хожалығы ҳайўанларын жасалма туқымландырыў ҳәм эмбрионларын көширип өткериў (трансплантация) менен шуғылланыўшы шөлкемлерде алынған болса;
-белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген нәсилли ҳайўанлардан алынған болса;
-идентификациялаў мақсетинде анық белги қойылған болса;
-сертификатқа ийе болса, пайдаланылады.
Нәсилли ҳайўанлардың туқымы ҳәм эмбрионлары аўыл хожалығы ҳайўанларын жасалма урықландырыў ҳәм эмбрионларын көширип өткериў (трансплантация) менен шуғылланыўшы шөлкемлер тәрепинен басқа шахсларға реализация етилиўи ямаса өткерилиўи мүмкин.

 20-статья. Нәсилли өнимниң (материалдың) бонитировкасы
Нәсилли өнимниң (материалдың) бонитировкасы нәсилшилик пенен шуғылланыўшы барлық шөлкемлерге ҳәр жылы өткериледи.
Нәсилли өнимниң (материалдың) бонитировкасын өткериў тәртиби ҳәм шәртлерин Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша бас мәмлекетлик инспекциясы белгилейди.

 21-статья. Нәсилли еркек ҳайўанларды баҳалаў
Затты тәкирарлап көбейтиў ушын таңлап алынған нәсилли еркек ҳайўанлар әўладының сапасы ҳәм өзиниң өнимдарлығы бойынша тексерилиўи ҳәмде баҳаланыўы тйиис.
Нәсилли еркек ҳайўанларды тексериў ҳәм баҳалаўды нәсилшилик шөлкемлери нәсилли ҳайўанлардың белгиленген өнимдарлық дәрежесине қарай өткереди.
Нәсилли еркек ҳайўанларды тексериў ҳәм баҳалаў Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң шарўашылықта нәсилшилик жумыслары бойынша бас мәмлекетлик инспекциясы тастыйықлайтуғын методикасына муўапық өткериледи.

22-статья. Нәсилшилик саласындағы тартысларды шешиў
Нәсилшилик саласында келип шығатуғын тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шешиледи.

23-статья. Нәсилшилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик
Нәсилшилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўында айыплы болған шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

24-статья. Халықаралық шәртнамалар ҳәм келисимлер
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ямаса келисимлеринде усы Нызамда нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама ямаса келисимниң қағыйдалары қолланылады.