ДЕНЕ ТӘРБИЯ ҲӘМ СПОРТ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
30.12.2017-ж. № 163/XIX

 Дене тǝрбия ҳǝм спорт ҳаққында
(жаңа редакцияда)

1-бап. Улыўма режелер

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген:
29.06.2019-ж 258/XXVI-санлы №Р Нызамы
30.06.2021-ж. 152/XX-санлы №Р Нызамы
30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы №Р Нызамы

1-статья. Усы Нызамның мақсети
Усы Нызамның мақсети дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат.

2-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери
Дене тǝрбия ҳǝм спорт ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының дене тǝрбия ҳǝм спорт ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады.

3-статья. Тийкарғы түсиниклер
Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
физикалық реабилитация – адам организминиң бузылған ямаса ўақытша жойтылған функцияларын ҳǝм де майыплардың ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахслардың социаллық ҳǝм де кǝсипке болған қǝбилетлерин дене тǝрбия ҳǝм спорт қураллары ҳǝм де усылларынан пайдаланған ҳалда тиклеў (дүзетиў ҳǝм компенсациялаў);
дене тǝрбия – мǝденияттың инсанды дене тǝрбия, физикалық раўажланыў ҳǝм физикалық таярлық арқалы физикалық ҳǝм де интеллектуаллық жақтан жетилистириў, оның қǝбилетин ҳǝм ҳǝрекет белсендилигин арттырыў, саламат турмыс тǝризи көнликпелерин қǝлиплестириў, социаллық бейимлестириў бойынша жǝмийет тǝрепинен жаратылатуғын ҳǝм де пайдаланылатуғын қǝдириятлар, нормалар ҳǝм билимлер жыйнағынан ибарат болған бөлими;
физикалық тǝрбиялаў – жоқары мǝдениятқа ийе болған ҳǝр тǝреплеме жетик ҳǝм де физикалық саламат инсанды қǝлиплестириў мақсетинде шахсты тǝрбиялаўға, инсанның физикалық имканиятларын раўажландырыўға, оның дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы тǝжирийбе ҳǝм билимлерин арттырыўға қаратылған процесс;
дене тǝрбия яки спорт илажларының шөлкемлестириўшиси – өз басламасы менен дене тǝрбия яки спорт илажын өткерип атырған ҳǝм (ямаса) бундай илажды таярлаў ҳǝм де өткериўди шөлкемлестириў, финанслық ҳǝм материаллық жақтан тǝмийинлеўди ǝмелге асырып атырған юридикалық яки физикалық шахс;
дене тǝрбия-саламатландырыў қурылмасы – ғалабалық дене тǝрбия илажлары ҳǝм дене тǝрбия-саламатландырыў шынығыўларын өткериў ушын арналған, өзине қойылатуғын норма ҳǝм талапларға жуўап беретуғын жабық яки ашық типтеги қурылма; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
ғалабалық дене тǝрбия илажлары – халықты дене тǝрбия шынығыўларына тартыўға ҳǝм халық арасында саламат турмыс тǝризин қǝлиплестириўге қаратылған илажлар;
ғалабалық спорт – спорттың шөлкемлестирилген ҳǝм (яки) бийғǝрез шынығыўлар, сондай-ақ ғалабалық дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын өткериў арқалы халықты физикалық тǝрбиялаў, саламатландырыў, жетилистириў ҳǝм де дене тǝрбия ҳǝм спорт шынығыўларына қамтыўға қаратылған бөлими;
профессионал спорт – спорттың спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳǝм өткериўге қаратылған бөлими болып, спортшылар оларда өзиниң тийкарғы жумысы сыпатында қатнасқанлығы ҳǝм оларға таярлық көргенлиги ушын сыйлық ҳǝм (яки) ис ҳақы алады;
спорт – инсанлардың белгили бир қағыйдалар бойынша шөлкемлестирилген, олардың физикалық ҳǝм интеллектуаллық қǝбилетин салыстырыўдан ибарат болған ҳǝўескерлик тийкарындағы ҳǝм профессионал тийкардағы жумысы, сондай-ақ усы жумысқа таярлық көриў ҳǝм де бул жумыс барысында адамлар арасында жүзеге келетуғын қатнасықлар;
спортшы – таңлаған спорт түри яки спорт түрлери менен турақлы шуғылланатуғын, бǝрқулла өзиниң спорт шеберлигин арттырып баратуғын ҳǝм спорт илажларында қатнасатуғын физикалық шахс;
спорт бойынша агент – спортшының атынан ҳǝм оның мǝплери ушын шǝртнама тийкарында ҳǝрекет ететуғын, дүзилген шǝртнамалардың шǝртлери ҳǝм спортшының ҳуқықларының сақланыўын бақлап баратуғын шахс;
спорт жарысы – спортшылар арасында яки спортшылар командалары арасында ҳǝр түрли спорт түрлери (спорт дисциплиналары) бойынша жарыстың ең жақсы қатнасыўшысын анықлаў мақсетинде дене тǝрбия яки спорт жарысларының шөлкемлестириўшиси тǝрепинен тастыйықланған реже (регламент) бойынша өткерилетуғын жарыс;
спорт қурылмасы – спорт илажлары ҳǝм ғалабалық спорт илажларын, ҳǝр түрли спорт түрлери бойынша оқыў-шынығыўларын ҳǝм оқыў-шынығыў жыйынларын өткериў ушын арналған, өзине қойылатуғын норма ҳǝм талапларға жуўап беретуғын жабық яки ашық типтеги қǝнигелестирилген қурылма; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
спортшының спорт дисквалификациясы – спорт түри қағыйдаларын яки спорт жарыслары ҳаққындағы режелерди (регламентлерди) ямаса халықаралық спорт шөлкемлери тǝрепинен тастыйықланған допингке қарсы қағыйдаларды яки республика спорт федерациялары (бирлеспелери) тǝрепинен тастыйықланған нормаларды бузғаны ушын спортшыны спорт жарысларында қатнасыўдан спорттың тийисли түри бойынша халықаралық спорт федерациясы (бирлеспеси) яки спорттың тийисли түри бойынша республика спорт федерациясы (бирлеспеси) тǝрепинен ǝмелге асырылатуғын шетлетиў;
спорт түриниң тармағы (дисциплинасы) – айырмашылық белгилерине ийе болған ҳǝм де бир яки бир неше спорт жарыслары бағдарламалары түрлерин өз ишине қамтыйтуғын спорт түриниң бөлими;
спорт илажлары – спорт жарысларын, оқыў-шынығыў барысын ҳǝм спортшылар қатнасында спорт жарысларына таярлық көриў бойынша басқа да илажларды өз ишине алатуғын илажлар;
спорт түри – дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы жумыс түри болып, ол инсанның спорт жарысларына өзине тǝн тǝризде таярлық көриўи менен ажыралып турады, спорт жарысларын өткериў ҳǝм оларда қатнасыўға қаратылған талапларға, тǝртип ҳǝм шǝртлер белгиленетуғын қағыйдаларға, режеге (регламентке) ийе болады;
аймақлық спорт федерациясы (бирлеспеси) – бир яки бир неше спорт түрин раўажландырыў, ғалабалығына ерисиў, сондай-ақ спорт илажларын өткериўди шөлкемлестириў ҳǝм де спортшыларды – Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командалары ағзаларын спорттың тийисли түри бойынша таярлаў ушын ағзалық тийкарында шөлкемлестирилген ҳǝм мǝмлекетлик дизимнен өткерилген мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем;
спорт төрешиси – спорт түри қағыйдаларына ҳǝм де спорт жарысы ҳаққындағы режеге (регламентке) бойсыныўын тǝмийинлеў ушын дене тǝрбия ҳǝм спорт илажы шөлкемлестириўшиси тǝрепинен ўǝкиллик берилген, арнаўлы таярлықтан өткен ҳǝм тийисли тǝжирийбе категориясын алған физикалық шахс;
спорттың техникалық ҳǝм ǝмелий түрлери – спорт нǝтийжелерине ерисиў ушын спортшы тǝрепинен улыўма физикалық шынығыўлар комплексинен тысқары, спорт техникасынан, қурылмалардан яки техникалық қураллардан пайдалана билиў ҳǝм оларды басқарыў саласындағы көнликпелер ҳǝм шеберлик қолланылатуғын, сондай-ақ ҳǝр түрли спорт түрлеринен алынған, ǝмелий ǝҳмийетке ийе болған шынығыўлар бирикпесинен пайдаланылатуғын спорт түрлери. Спорттың техникалық ҳǝм ǝмелий түрлери жасларды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлеринде хызмет етиўге таярлаўдың қурамлық бөлими;
тренер – тренерлик жумысы менен шуғылланыў ушын қәнигелик сертификатына ийе болған ҳǝм де оқыў-шынығыў, ғалабалық дене тǝрбия илажларын өткериўди, сондай-ақ спорт нǝтийжелерине ерисиў ушын жарысларға таярлық жумысларына басшылық етиўши физикалық шахс; (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикаларының миллий спорт түрлери ҳǝм халық ойынлары – миллий социаллық-мǝдений бағдарға ийе болған ҳǝм де Қарақалпақстан Республикасының аймағында раўажланып атырған спорт ҳǝм ойын түрлери;
Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командалары – Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилетуғын спорт жарысларына таярлық көриў ҳǝм де оларда Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасыў ушын ҳǝр түрли жас топарларына тийисли спортшылар, тренерлер, дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы басқа да қǝнигелер, медицина қǝнигелери ҳǝм де басқа қǝнигелердиң жǝмǝǝтлери;
ҳǝўескерлик спорты – спорттың халықты өз қǝлеўи менен ғалабалық спортқа қамтыў арқалы адамлардың саламатлығын беккемлеўге қаратылған бөлими;
спорттың ǝскерий-ǝмелий түрлери – тийкары ǝскерий хызметшилер ҳǝм де арнаўлы хызметти өтеп атырған шахслар тǝрепинен өз хызмет ўазыйпаларын орынлаўы менен байланыслы арнаўлы ҳǝрекетлерден (усыллардан) ибарат болған спорт түрлери.

4-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары
Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
дене тǝрбия ҳǝм спортты раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў;
ҳǝр бир инсанның дене тǝрбия ҳǝм спорт пенен еркин шуғылланыўға болған ҳуқықын тǝмийинлеў;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы мǝмлекетлик ҳǝм жǝмийетлик басқарыўды үйлестириў;
пуқаралардың дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы ҳуқықларының кепилликлерин белгилеў;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында кемситиўге ҳǝм зорлыққа жол қоймаў;
дене тǝрбия ҳǝм спорт пенен шуғылланыўшы шахслардың, сондай-ақ дене тǝрбия ҳǝм спорт илажлары қатнасыўшылары ҳǝм де тамашагөйлердиң өмири ҳǝм денсаўлығының қǝўипсизлигин тǝмийинлеў;
спорттың барлық түрлери ҳǝм қурамлық бөлимлерин раўажландырыўға көмеклесиў;
майыплар ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахслар, сондай-ақ жоқары дǝрежеде социаллық қорғаўға мүтǝж халық топарлары арасында дене тǝрбия ҳǝм спортты раўажландырыўға көмеклесиў;
Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстанның миллий спорт түрлери ҳǝм халық ойынларын раўажландырыў ҳǝм де ғалабалығына ерисиў ушын шараятлар жаратыў;
пуқараларды физикалық тǝрбиялаўдың үзликсизлигин ҳǝм даўамлылығын тǝмийинлеў.

5-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт субъектлери
Дене тǝрбия ҳǝм спорт субъектлерине төмендегилер киреди:
дене тǝрбия-спорт шөлкемлери, соның ишинде спорт-техника шөлкемлери, дене тǝрбия-спорт жǝмийетлери, спорт клублары, спорт таярлығы орайлары;
аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) ҳǝм де дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы басқа да мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер;
спорттың техникалық ҳǝм ǝмелий түрлерин раўажландырыўшы шөлкемлер;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы жумысларды ǝмелге асырыўшы билимлендириў мǝкемелери;
қǝнигелестирилген спорт-билимлендириў мǝкемелери;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы изертлеўлерди ǝмелге асырыўшы илимий шөлкемлер;
дене тǝрбия ҳǝм спорт пенен шуғылланыўшы пуқаралар, спортшылар, спорт төрешилери, тренерлер, спорт агентлери ҳǝм де дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы басқа да қǝнигелер, сондай-ақ дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларының қатнасыўшылары ҳǝм тамашагөйлери;
усы Нызамға муўапық басқа да уйымлар ҳǝм шөлкемлер.

2-бап. Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласын мǝмлекет тǝрепинен тǝртипке салыў

 6-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спортты раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў
Дене тǝрбия ҳǝм спортты раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў:
спортшылардың спорт илажларында қатнасыўын тǝмийинлеў;
дене тǝрбия-спорт шөлкемлери тǝрепинен материаллық-техникалық ҳǝм мǝлимлеме ресурсларынан, сондай-ақ илимий-изертлеўге байланыслы ҳǝм техникалық исленбелер ҳǝм де технологиялардан пайдаланыў ушын шараятлар жаратыў;
мǝмлекетлик мүлк болған дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмаларын сақлаў;
спорт таярлығы бойынша жаңа базалар ҳǝм орайларды, спорт-билимлендириў мǝкемелерин, соның ишинде қǝнигелестирилген спорт-билимлендириў мǝкемелерин, сондай-ақ дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмаларын қурыў ҳǝм де ислеп турғанларын реконструкциялаў;
спорт клублары ҳǝм мектеплер, спорт-билимлендириў мǝкемелери, соның ишинде қǝнигелестирилген спорт-билимлендириў мǝкемелери, спорт-саламатландырыў орайлары, медициналық-дене тǝрбия диспансерлери жумысларын раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў;
дене тǝрбия ҳǝм спорт қуралларынан халықтың, соның ишинде ҳаял-қызлар ҳǝм жаслардың, сондай-ақ майыплардың денсаўлығын беккемлеў мақсетинде пайдаланыў ушын шараятлар жаратыў;
майыплардың ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахслардың паралимпия ҳǝм де сурдлимпия ойынларында, майыплар арасындағы арнаўлы олимпиадалар ҳǝм басқа да спорт жарысларында қатнасыўын раўажландырыў ҳǝм де тǝмийинлеўге көмеклесиў;
спорт илажларын, ғалабалық спорт ҳǝм дене тǝрбия-саламатландырыў илажларын шөлкемлестириў;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы бағдарламаларды, илимий-методикалық системаларды ҳǝм комплексли илимий-изертлеўлерди қаржыландырыў жолы менен ǝмелге асырылады.

7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы ўǝкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы бирден-бир мǝмлекетлик сиясаттың ǝмелге асырылыўын тǝмийинлеўде қатнасады;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ҳǝм де мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыўда қатнасады ҳǝм ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳǝм де олардың орынланыўын қадағалаўды ǝмелге асырады;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитетиниң, басқа да мǝмлекетлик басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырады ҳǝм де бағдарлайды;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады;
жаңа дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмалары қурылысын ҳǝм де ислеп турғанларының реконструкция етилиўин шөлкемлестириўге қатнасады;
спорт орайларын ҳǝм дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы билимлендириў мǝкемелерин шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизеди ҳǝм де олардың жумысларының шөлкемлестирилиўин тǝмийинлейди ҳǝм қоллап-қуўатлайды;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы илажлардың жергиликли бюджеттен қаржыландырылыўын тǝмийинлейди;
халық арасында спорт нормативлерин тапсырыў бойынша жумысларды шөлкемлестиреди;
ғалабалық дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын шөлкемлестириў ҳǝм де өткериўге, дене тǝрбия ҳǝм спорт тараўы қǝнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳǝм олардың билимин жетилистириўге көмеклеседи;
дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмаларынан мақсетли пайдаланыўы үстинен қадағалаўды тǝмийинлейди;
ҳǝўескерлик дене тǝрбия-спорт ҳǝрекетин раўажландырыў ушын пуқаралардың жумыс, жасаў ҳǝм дем алыў орынларында шараятлар жаратады;
дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт ушын арналған товарларды ислеп шығарыўға көмеклеседи;
Спорт ҳǝм ғалабалық дене тǝрбия илажларының аймақлық календарь жобасын ислеп шығады, тастыйықлайды ҳǝм де олардың орынланыўын қадағалап барады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.

8-статья. Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлигиниң дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы ўǝкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги: (29.03.2019-ж. 258/XXVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы мǝмлекетлик сиясатты ǝмелге асырыўға қатнасады;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық бағдарламаларды ҳǝм мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады;
дене тǝрбия ҳǝм спорт ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы үстинен қадағалаўды, сондай-ақ дене тǝрбия ҳǝм спорттың раўажланыўы анализин ǝмелге асырады;
өз ўǝкилликлери шеңберинде дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди, сондай-ақ спорт нормативлерин ислеп шығыўда ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады;
аймақлық спорт федерацияларының (бирлеспелериниң) реестрин жүргизеди;
Спорт ҳǝм ғалабалық дене тǝрбия илажларының аймақлық календарь жобасын қǝлиплестиреди ҳǝм де тийисли шөлкемлер менен биргеликте олардың қаржыландырылыўын ҳǝм өткерилиўин тǝмийинлейди;
спорт разрядларын ҳǝм тǝжирийбе категорияларын тастыйықланған нормативлик ҳүжжетлер тийкарында береди;
Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командаларының қурамларын ҳǝм олардың резервин тастыйықлайды, Қарақалпақстан спорт делегациясын жǝмлейди, олардың таярлық көриўи ҳǝм Өзбекстан  Республикасы көлеминде өткерилетуғын спорт жарысларында, сондай-ақ спортшылардың тǝжирийбесин арттырыў мақсетинде халық аралық жарысларға ҳǝм ғалабалық дене тǝрбия илажларында қатнасыўын тǝмийинлейди;
спорт ҳǝм ғалабалық дене тǝрбия илажларын шөлкемлестиреди ҳǝмде өткереди, сондай-ақ дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы қǝнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳǝмде олардың маманлығын асырыўды шөлкемлестиреди; (30.06.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)
дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт ушын арналған товарларды ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге көмеклеседи;
жаңа дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмалары қурылысын ҳǝм де ислеп турғанларының реконструкция етилиўин шөлкемлестириўге көмеклеседи;
дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша илимий, оқыў, илимий-ғалабалық ҳǝм ғалабалық ǝдебиятлардың таярланыўын ҳǝм басып шығарылыўын, сондай-ақ дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы фото ҳǝм видеоматериаллардың шығарылыўын шөлкемлестиреди;
мǝмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, дене тǝрбия-спорт шөлкемлери, ғалаба хабар қураллары менен биргеликте дене тǝрбия ҳǝм спорт шынығыўларының ғалабалылығын шөлкемлестиреди.
Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитети нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.

9-статья. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы ўǝкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
дене тǝрбия арқалы денсаўлықты беккемлеў, кеселликлердиң алдын алыў ҳǝм емлеў қуралы сыпатында пайдаланады;
халықтың физикалық раўажланыўы жағдайын анализлейди ҳǝм тийисли мǝмлекетлик уйымларға усыныс киргизеди;
дене тǝрбия ҳǝм спорт пенен шуғылланып атырған шахслардың медициналық мониторингин ǝмелге асырады;
спортшылардың спорт жарысларына таярлық көриўин медициналық жақтан тǝмийинлеўде қатнасады;
спорт медицинасы тараўы хызметкерлерин таярлаўды, қайта таярлаўды, олардың тǝжирийбесин арттырыўды шөлкемлестириўге көмеклеседи;
спортшылар ҳǝм басқа қǝнигелер спорт жарақатларын алғанда оларға медициналық жǝрдем көрсетилиўин шөлкемлестиреди, сондай-ақ оларды физикалық тиклеў (реабилитациялаў) бойынша илажлар өткереди;
халықтың жынысына ҳǝм жасына қарап, физикалық шынығыўлар бағдарламасын ислеп шығыўға байланыслы методикалық усынысларды ислеп шығыўда қатнасады;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.

10-статья. Жоқары оқыў орынлары ҳǝм де Орта арнаўлы кǝсиплик билимлендириў басқармасының дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы ўǝкилликлери
Жоқары оқыў орынлары ҳǝм Орта арнаўлы кǝсиплик билимлендириў басқармасы:
оқыў-тǝрбия процессиниң саламатландырыўға бағдарланыўын ǝмелге асырыўды, саламат турмыс тǝризи нормаларын енгизиў ушын шараятлардың жаратылыўын тǝмийинлейди;
оқыўшылар ҳǝм студентлер арасында ғалабалық дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын шөлкемлестириўде қатнасады;
дене тǝрбия ҳǝм спорт тараўы қǝнигелерин таярлаўда қатнасады; (30.03.2021-ж. 152/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы оқыў-методикалық ǝдебиятларды ислеп шығыўға қатнасады;
орта арнаўлы, кǝсиплик билимлендириў мǝкемелери оқыўшылары («Бǝркамал ǝўлад») ҳǝм де жоқары оқыў орынлары студентлери («Универсиада») арасында спорт жарысларын шөлкемлестириўге қатнасады;
жоқары ҳǝм орта арнаўлы билимлендириў мǝкемелери ҳǝм де шөлкемлери спорт объектлериниң материаллық-техникалық ҳǝм ресурс базаларын сақлаўды ҳǝм де раўажландырыўды тǝмийинлейди;
оқыўшыларға ҳǝм студентлерге саламат турмыс тǝризин, спорт пенен шуғылланыўдың ǝҳмийетин, физикалық ҳǝм руўхый жетилисиўге умтылыў түсиниклерин сиңдириўге, оларды зыянлы тǝсирлерден қорғаўға ҳǝм де алдын алыўға қаратылған илажлар комплексин ǝмелге асырады.
Жоқары оқыў орынлары ҳǝм де Орта арнаўлы кǝсиплик билимлендириў басқармасы нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.

11-статья. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы ўǝкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги:
билимлендириў мǝкемелеринде балалар спортын раўажландырыўды ҳǝм олардың спорт базасының беккемлениўин тǝмийинлейди;
балалар ҳǝм оқыўшы жаслар арасында дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт илажларын шөлкемлестиреди;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы оқыў-методикалық ǝдебиятларды таярлаўға қатнасады;
халық билимлендириў системасының билимлендириў мǝкемелери оқыўшылары арасында спорт жарысларын («Үмит нǝлшелери») шөлкемлестириўге қатнасады;
балалар спортының материаллық-техникалық ҳǝм ресурс базасын раўажландырыў илажларын көреди;
балалардың спортқа болған сүйиспеншилигин арттырыў, өсип киятырған жас ǝўладта спорт пенен шуғылланыў, саламат турмыс тǝризин алып барыў, физикалық ҳǝм руўхый жетикликке умтылыўдың ǝҳмийетлилиги түсинигин қǝлиплестириў, балаларды зыянлы тǝсирлерден қорғаўға ҳǝм қутқарыўға қаратылған илажлар комплексин ǝмелге асырады;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыўда ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады;
балаларды физикалық тǝрбиялаўдың заманагөй формалары ҳǝм де усылларын, балалардың жынысы ҳǝм жасына қарап оларға спорт көнликпелерин сиңдириўдиң, спортқа қǝбилетли балаларды қǝнигелестирилген спорт билимлендириў мǝкемелеринде оқытыў ушын таңлап алыўдың илимий тийкарланған системаларын ислеп шығыўға ҳǝм де енгизиўге көмеклеседи.
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.

12-статья. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы ўǝкилликлери
Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары:
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады;
тийисли аймақта дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳǝм де ǝмелге асырады;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыўда ҳǝм де ǝмелге асырыўда қатнасады;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы илажлардың жергиликли бюджеттен қаржыландырылыўын тǝмийинлейди;
дене тǝрбия-спорт шөлкемлерин шөлкемлестириўге көмеклеседи ҳǝм олардың жумысын қоллап-қуўатлайды;
халық арасында спорт нормативлерин тапсырыў бойынша жумысларды шөлкемлестириўге көмеклеседи;
ғалабалық дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын шөлкемлестириў ҳǝм де өткериўге көмеклеседи;
тийисли аймақта дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмаларынан мақсетли пайдаланыўы үстинен қадағалаўды тǝмийинлейди;
ҳǝўескерлик дене тǝрбия-спорт ҳǝрекетин раўажландырыў ушын пуқаралардың жумыс ислеў, жасаў ҳǝм дем алыў орынларында шараятлар жаратады;
дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт ушын арналған товарларды ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге көмеклеседи.
Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.

13-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлердиң ҳǝм басқа да мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң дене тǝрбия ҳǝм спортты раўажландырыўда қатнасыўы
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлер, дене тǝрбия-спорт жǝмийетлик бирлеспелери, кǝсиплик аўқамлар, жаслар шөлкемлери ҳǝм басқа да мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте дене тǝрбия ҳǝм спортты раўажландырыў бойынша мǝмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳǝм де басқа да бағдарламаларды ǝмелге асырыўда қатнасады.

3-бап. Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы жумысларды шөлкемлестириў

 14-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт тараўы қǝнигелери
Спортшылар, тренерлер, спорт төрешилери ҳǝм Өзбекстан Республикасы Бǝнтлик ҳǝм мийнет қатнасықлары министрлиги тǝрепинен Өзбекстан  Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт мǝмлекетлик комитети менен биргеликте кǝсиплери ҳǝм лаўазымларының классификацияланған дизими белгиленетуғын басқа да қǝнигелер дене тǝрбия ҳǝм спорт тараўы қǝнигелери есапланады.
Спорт түрлери бойынша спортшы, тренер ҳǝм спорт төрешиси кǝсиплери ҳǝм лаўазымларына қойылатуғын маманлық талаплары, сондай-ақ дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы басқа қǝнигелердиң кǝсиплер ҳǝм лаўазымларына қойылатуғын талаплар нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди.

15-статья. Ҳǝўескерлик спорты ҳǝм профессионал спорт
Пуқаралар ҳǝўескерлик спорты, сондай-ақ профессионал спорт пенен спортшы, тренер яки спорт төрешиси сыпатында шуғылланыў ҳуқықына ийе.
Ҳǝўескерлик спорты ҳǝм профессионал спорт саласындағы кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң шөлкемлестирилиўи ҳǝм де жумыс алып барыў тǝртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди.

16-статья. Дене тǝрбия-спорт шөлкемлери. Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы жеке тǝртиптеги исбилерменлер
Ҳǝрекеттиң тийкарғы түри сыпатында тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы жумысты ǝмелге асырыўшы юридикалық шахс яки басқа да юридикалық шахстың қурамлық бөлимлери дене тǝрбия-спорт шөлкеми есапланады.
Жеке тǝртиптеги исбилерменлер дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында жумысларды ǝмелге асырыўы мүмкин.
Дене тǝрбия-спорт шөлкемлери, дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы жумысты ǝмелге асырыўшы жеке тǝртиптеги исбилерменлер халықтың түрли топарлары арасында дене тǝрбия ҳǝм спортты раўажландырыў бойынша жумысларды шөлкемлестириўге қатнасады, спортшыларды ҳǝм спорт жарысларында ҳǝм де оқыў-шынығыў илажларында қатнасыўшы басқа да қǝнигелерди таярлаў, олардың денсаўлығын қорғаў ҳǝм беккемлеў ушын шараятлар жаратады, спортшылар ҳǝм тренерлерге шынығыўлар ушын зǝрүр шараятларды тǝмийинлейди, сондай-ақ усы қǝнигелерге спорт нǝтийжелерине ерисиў ушын басқаша тǝризде көмеклеседи.
Дене тǝрбия-спорт шөлкемлери, сондай-ақ дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы жумысларды ǝмелге асырыўшы жеке тǝртиптеги исбилерменлер халықаралық спорт шөлкемлериниң ағзасы болыўы мүмкин.
Дене тǝрбия-спорт шөлкемлери сырт еллердиң спорт шөлкемлери менен қатнасықларда халықаралық спорт шөлкемлери тǝрепинен тастыйықланған регламентлер ҳǝм талапларға ҳǝм де Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамаларына бойсынады.

17-статья. Өзбекстан Миллий олимпия комитети аймақлық ўǝкилиниң ўазыйпалары
Өзбекстан  Миллий олимпия комитетиниң аймақлық ўǝкили – аймақларда спорт түрлери бойынша аймақлық федерацияларға улыўма басшылықты ǝмелге асырыўда қатнасады ҳǝм өзиниң жумысын Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлерине, сондай-ақ олимпия ҳǝрекетин раўажландырыў ҳǝм спорт тараўына тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, Өзбекстан Миллий олимпия комитетиниң қарарлары ҳǝм буйрықларына муўапық ǝмелге асырады.
Өзбекстан Миллий Олимпия комитетиниң аймақлық ўǝкили:
аймақта олимпия ҳǝрекетин раўажландырыў, олимпия идеяларын кең үгит-нǝсиятлаў, сондай-ақ олимпия спорт түрлерин ғалабаластырыў ҳǝм де раўажландырыў мақсетинде спорт жарыслары ҳǝм турнирлерин шөлкемлестиреди ҳǝм өткереди;
Өзбекстан спортшыларын халық аралық жарыслар, Азия, Олимпиада ҳǝм Паралимпия ойынларына таярлаў ҳаққындағы бағдарламалар ҳǝм аймақлық бағдарламалардың орынланыўын тǝмийинлейди ҳǝм Өзбекстан Миллий Олимпия комитетине есабат береди;
олимпиада спорт түрлери бойынша аймақлық федерациялардың жумысларын үйренеди, анализлейди ҳǝм ǝмелий-методикалық жǝрдем көрсетеди;
аймақтағы спорт шөлкемлери, Олимпия резервлери колледжлери ҳǝм де спорт мектеплериниң жумысларын үйренеди ҳǝм раўажландырыўға көмеклеседи;
аймақлық сайланды командалар ҳǝм спорт резервлерин таярлаўда Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитети, спорт федерациялары (бирлеспелери) ҳǝм басқа да шөлкемлер менен өз-ара биргеликте ислеседи.
Өзбекстан Миллий Олимпия комитетиниң аймақлық ўǝкили нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.

18-статья. Аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери)
Аймақлық спорт федерациясы (бирлеспеси) спорт түрин ямаса спорт түрлерин раўажландырыў ҳǝм ғалабаластырыўды ǝмелге асырады ҳǝм де аймақлық ҳǝм республикалық көлемдеги барлық илажлар ҳǝм жарысларда спортшылар ҳǝм қǝнигелер атынан ис жүргизеди.
Аймақлық спорт федерациясының (бирлеспесиниң) рǝсмий атамасы мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талапларға муўапық болыўы ҳǝм де онда аймақлық спорт федерациясы (бирлеспеси) жумысы, сондай-ақ аймақлық спорт федерациясы (бирлеспеси) қайсы спорт түрин яки спорт түрлерин раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген болса, сол спорт түри ямаса спорт түрлери көрсетилиўи тийис.
Аймақлық спорт федерацияларының (бирлеспелериниң) шөлкемлестирилиўи, жумыс алып барыўы, қайта шөлкемлестирилиўи ҳǝм сапластырылыўы усы Нызамда нǝзерде тутылған өзине тǝн өзгешеликлери инабатқа алынған ҳалда мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық ǝмелге асырылады.

19-статья. Аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) реестри
Аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) ҳаққындағы мағлыўматлар олар мǝмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин спорт федерациялары (бирлеспелери) реестрине киргизилиўи керек. Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитети аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) реестрин жүргизиўди ǝмелге асырады.
Аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) реестринде төмендеги мағлыўматлар ҳǝм ҳүжжетлер көрсетиледи:
тийисли аймақлық спорт федерацияларының (бирлеспелериниң) атамалары;
тийисли аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) қайсы спорт түрин яки спорт түрлерин раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген ҳǝм өз жумысын ǝмелге асырып атырған болса, сол спорт түри яки спорт түрлери;
тийисли аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) басшы уйымларының жеке қурамы ҳаққындағы мағлыўматлар;
аймақлық спорт федерацияларының (бирлеспелериниң) республикалық спорт шөлкемлерине ағзалығы ҳаққындағы мағлыўматлар.
Аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) реестринде көрсетилген мағлыўматлар ашық болады ҳǝм олардан ҳǝмме пайдаланыўы мүмкин, буннан тийисли аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) басшы уйымларының жеке қурамы ҳаққындағы мағлыўматлар, егер бул мағлыўматлар нызам ҳүжжетлерине муўапық ашық болмаса ҳǝм оннан ҳǝмме пайдаланыў мүмкин болмаса, буған кирмейди.

20-статья. Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан миллий спорт түрлери ҳǝм халық ойынлары
Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан миллий спорт түрлери ҳǝм халық ойынлары Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикаларының дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы мǝдений мийрасының ажыралмас бөлеги, халықты ўатансүйиўшилик ҳǝм Ўатанға мухаббат, халықаралық майданда мǝмлекеттиң абырай-итибарын жоқарылатыўға умтылыў сезимлеринде тǝрбиялаўдың тийкары болып табылады.
Мǝмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, дене тǝрбия-спорт шөлкемлери, сондай-ақ басқа да шөлкемлер:
Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан миллий спорт түрлери ҳǝм халық ойынларын раўажландырыўға ҳǝр тǝреплеме көмеклеседи ҳǝм де оларды халық арасында ең жайдырыў ушын зǝрүр шараятлар жаратады;
Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан миллий спорт түрлери ҳǝм халық ойынларының халықаралық майдандағы абырай-итибарын беккемлеўге көмеклеседи.
Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан миллий спорт түрлери ҳǝм халық ойынларын Спорт ҳǝм ғалабалық дене тǝрбия илажларының календарь жобасына киргизиў тǝртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди.

21-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын шөлкемлестириў ҳǝм өткериў
Дене тǝрбия ямаса спорт илажларының шөлкемлестириўшилери бул илажларды өткериў шǝртлерин, соның ишинде дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын шөлкемлестириў ҳǝм де өткериўди қаржыландырыў шǝртлерин белгилейди, бундай илажларды шөлкемлестириў ҳǝм өткериў ушын жуўапкер болады, бул илажларды тоқтатыў ҳǝм бийкар етиў, оларды өткериў ўақтын өзгертиў ҳǝм олардың жуўмағын тастыйықлаў ҳуқықына ийе.
Дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларының шөлкемлестириўшилери төмендеги ҳуқықларға ийе:
дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларының атамасынан ҳǝм белгилеринен пайдаланыў;
дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын өткериў орнында товарлар, жумыслар ҳǝм хызметлер рекламасын жайластырыў;
дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларында пайдаланылатуғын спорт экипировкасы, спорт үскенелери ҳǝм ǝнжамларының ислеп шығарыўшыларын белгилеў;
дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын олардың көриниси ҳǝм (ямаса) даўысын ҳǝр қандай усыллар менен ҳǝм (ямаса) түрли технологиялар жǝрдеминде трансляция етиў, сондай-ақ усы трансляцияны жазып алыў ҳǝм (ямаса) фотосүўретке ҳǝм де видеокөриниске түсириўди ǝмелге асырыў арқалы жарытыў.
Дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларының атамаларынан, олар тийкарында дүзилген сөз бирикпелеринен ҳǝм де сол илажлардың белгилеринен үшинши шахслардың пайдаланыўы дене тǝрбия яки спорт илажларының шөлкемлестириўшилери менен дүзилген жазба келисимлер тийкарында ǝмелге асырылады, бундай атамалардан, олар тийкарындағы сөз бирикпелери ҳǝм нышанлардан хабарландырыў мақсетинде ямаса усы ҳуқықларды ғалаба хабар қуралларында дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын сǝўлелендириў ҳуқықын алған үшинши шахслар тǝрепинен пайдаланыў жағдайлары буған кирмейди.
Ғалаба хабар қуралларында дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларының шөлкемлестириўшилери тǝрепинен тастыйықланған, дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларының дурыс көрсетилген атамаларынан пайдаланылыўы керек. Бунда усы атамалар реклама есапланбайды.
Дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын сǝўлелендириў ҳуқықынан үшинши шахслар тек ғана дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын шөлкемлестириўшилердиң жазба рухсаты менен ямаса үшинши шахс тǝрепинен усы ҳуқықлардың бундай илажлар шөлкемлестириўшилеринен сатып алғанлығы туўралы жазба түрдеги келисимлери тийкарында пайдаланыўы мүмкин.
Дене тǝрбия ҳǝм спорт илажлары туўралы қағыйдалардың, режелердиң (регламентлердиң) мазмунына байланыслы айрықша спорт түрлериниң өзине тǝн белгилерин нǝзерде тутатуғын улыўма талаплар Өзбекстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт мǝмлекетлик комитети тǝрепинен белгиленеди.

22-статья. Спорт түрлерин ҳǝм спорт түриниң тармақларын тǝн алыў. Спорт түрлериниң реестри
Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикаларында белгиленген тǝртипте тǝн алынған спорт түрлери ҳǝм спорт түриниң тармақлары спорт түрлери реестрине киргизиледи.
Спорт түрлери ҳǝм спорт түриниң тармақларын тǝн алыў ҳǝм де оларды спорт түрлери реестрине киргизиў тǝртиби, сондай-ақ усы реестрди жүргизиў тǝртиби Өзбекстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт мǝмлекетлик комитети тǝрепинен белгиленеди.

23-статья. Спорт разрядлары, квалификация категориялары. Спорт түрлери бойынша бирден-бир спорт классификациясы
Қарақалпақстан Республикасында төмендеги спорт разрядлары, квалификация категориялары белгиленеди:
а) спорт разрядлары:
Өзбекстан спорт усталығына яки Өзбекстан гроссмейстерлигине талабан;
биринши спорт разряды;
екинши спорт разряды;
үшинши спорт разряды;
биринши жас өспиримлер спорт разряды;
екинши жас өспиримлер спорт разряды;
үшинши жас өспиримлер спорт разряды.
б) спорт төрешилериниң квалификация категориялары:
биринши категориялы спорт төрешиси;
екинши категориялы спорт төрешиси;
үшинши категориялы спорт төрешиси;
спорт бойынша төреши.
в) тренерлердиң квалификация категориялары:
биринши категориялы тренер;
екинши категориялы тренер;
г) инструктор-методистлердиң квалификация категориялары:
биринши категориялы инструктор-методист;
екинши категориялы инструктор-методист.
Спорт разрядларын ҳǝм де квалификация категорияларын бериў тǝртиби белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады.
Спорт түрлери бойынша бирден-бир спорт классификациясы спорт түрлери реестрине киргизилген спорт түрлери бойынша тийисли спорт разрядларын бериў ушын зǝрүр болған нормалар ҳǝм талапларды, сондай-ақ усы нормалар ҳǝм талапларды орынлаў шǝртлерин белгилейди. Спорт түрлери бойынша бирден-бир спорт классификациясы ҳаққындағы режеде бул нормалар, талаплар ҳǝм шǝртлердиң мазмуны, сондай-ақ спорт түрлери бойынша спорт разрядларын бериў тǝртиби белгиленеди.
Спорт түрлери бойынша бирден-бир спорт классификациясы ҳǝм ол ҳаққындағы реже Өзбекстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт мǝмлекетлик комитети тǝрепинен белгиленеди.

24-статья. Спорт ҳǝм де ғалабалық дене тǝрбия илажларының аймақлық календарь жобасы
Спорт ҳǝм де ғалабалық дене тǝрбия илажларының аймақлық календарь жобасы Қарақалпақстан Республикасы аймағында өткерилетуғын спорт ямаса ғалабалық дене тǝрбия илажларының дизимин, сондай-ақ Өзбекстан  Республикасы көлеминде өткерилетуғын спорт илажларына таярлаў ҳǝм олардың қатнасыўын тǝмийинлеў бойынша илажлар дизимин белгилеўши ҳүжжет есапланады.
Спорт ҳǝм ғалабалық дене тǝрбия илажлары аймақлық календарь жобасына спорт түрлериниң өзине тǝн белгилерин есапқа алған ҳалда киргизиледи.
Спорт ҳǝм де ғалабалық дене тǝрбия илажларының аймақлық календарь жобасы тийисли календарь жылы басланғанға дейин тастыйықланады.
Спорт ҳǝм де ғалабалық дене тǝрбия илажларының аймақлық календарь жобасына киргизилген спорт ямаса ғалабалық дене тǝрбия илажлары рǝсмий спорт ямаса ғалабалық дене тǝрбия илажлары болып табылады.

25-статья. Спортшының ҳуқықы ҳǝм миннетлери
Спортшы:
спорт түри ямаса спорт түрлерин таңлаў;
таңлаған спорт түри ямаса спорт түрлери бойынша спорт жарысларына усы спорт түрлериниң қағыйдалары ҳǝм де спорт жарыслары ҳаққындағы режелерде (регламентлерде) белгиленген тǝртипте қатнасыў;
Спорт түрлери бойынша бирден-бир спорт классификациясы нормаларын ҳǝм талапларын орынлағанда спорт атақлары ҳǝм разрядларын алыў;
нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте дене тǝрбия-спорт шөлкемлери ҳǝм басқа да шөлкемлер менен мийнет шǝртнамаларын дүзиў;
таңланған спорт түри ямаса спорт түрлери бойынша аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) тǝрепинен олардың ҳуқықлары ҳǝм нызамлы мǝплериниң қорғалыўы;
дене тǝрбия ҳǝм спорт шөлкемлериниң қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) үстинен бойсыныў тǝртибинде жоқары турыўшы уйымлар яки лаўазымлы шахсларға ямаса судқа белгиленген тǝртипте шағым етиў ҳуқықына ийе.
Спортшылардың айырым қатламлары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте жеңилликли пенсия алыў ҳуқықына ийе.
Мǝмлекетлик басқарыў уйымлары, дене тǝрбия ҳǝм спорт жǝмийетлик бирлеспелери, спорт орайлары, басқа да дене тǝрбия-спорт шөлкемлери спортшыларға зǝрүр социаллық-турмыслық шараятлар жаратыўы ҳǝм олардың денсаўлығының қорғалыўын тǝмийинлеўи шǝрт.
Спортшы:
дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларында қатнасыў ҳǝм де оқыў-шынығыў пайытында, сондай-ақ спорт объектлеринде болғанда қǝўипсизлик талапларына бойсыныўы;
усы Нызамның 27-статьясында нǝзерде тутылған допингке қарсы қағыйдаларға бойсыныўы;
допинг-қадағалаўын өткериў мақсетинде допингке қарсы қағыйдаларға муўапық өзиниң мǝкан жайы ҳаққында мағлыўмат бериўи;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы ǝдеп-икрамлылық нормаларына бойсыныўы;
өзи қатнасып атырған дене тǝрбия ҳǝм спорт илажлары ҳаққындағы қағыйдаларға, режелерге (регламентлерге) ҳǝм де дене тǝрбия ҳǝм спорт илажлары шөлкемлестириўшилериниң талапларына бойсыныўы;
санитария-гигиена, медицина талапларына бойсыныўы, турақлы түрде медициналық көриклерден өтиўи шǝрт.
Спортшы нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳǝм оның жуўапкершилигинде басқа да миннетлер болыўы мүмкин.

26-статья. Спорт түрлериниң қағыйдалары
Спорт түрлериниң реестрине киргизилген спорт түрлериниң қағыйдалары халықаралық спорт шөлкемлери тǝрепинен тастыйықланған қағыйдаларға муўапық қолланылады, ǝскерий-ǝмелий, Өзбекстан  ҳǝм Қарақалпақстан миллий спорт түрлери ҳǝм халық ойынлары буған кирмейди.
Әскерий-ǝмелий, Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан миллий спорт түрлери ҳǝм халық ойынларының қағыйдалары Өзбекстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт мǝмлекетлик комитети тǝрепинен белгиленген тǝртипте ислеп шығылады.

27-статья. Спортта допингтиң алдын алыў ҳǝм оған қарсы гүресиў
Допингке қарсы қағыйданың бузылыўы, соның ишинде спортта пайдаланыў қадаған етилген субстанциялар ҳǝм (ямаса) қадаған етилген усыллар (буннан былай текстте қадаған етилген субстанция ҳǝм (ямаса) қадаған етилген усыл деп жүргизиледи) дизимине киргизилген субстанция ҳǝм (ямаса) қадаған етиген усылдан пайдаланыў ямаса пайдаланыўға урыныў спортта допинг деп тǝн алынады.
Спортта допингтиң алдын алыў ҳǝм оған қарсы гүресиў допингке қарсы халықаралық шөлкемлер тǝрепинен тастыйықланған допингке қарсы қағыйдаларға муўапық ǝмелге асырылады.
Төмендеги бир яки бир неше қағыйдабузарлық халықаралық допингке қарсы шөлкемлер тǝрепинен тастыйықланған допингке қарсы қағыйданың бузылыўы деп есапқа алынады:
спортшының қадаған етилген субстанциядан ҳǝм (ямаса) қадаған етилген усылдан пайдаланыўы ямаса пайдаланыўға урыныўы;
жарыс ўақтында ҳǝм жарыстан тысқары ўақытта спортшы организминен, сондай-ақ спорт жарысында қатнасып атырған жǝниўардың организминен алынған үлгиде (анализде) қадаған етилген субстанциялардың ямаса олардың метаболитлериниң яки маркерлериниң бар болыўы;
спортшының үлги (анализ) алыныўы ушын келиўден бас тартқанлығы, спортшының допингке қарсы қағыйдаларға муўапық хабардар етилгеннен кейин үлги (анализ) алыўға кеширимли себеплерсиз келмегенлиги ямаса спортшының үлги (анализ) алыныўынан басқаша жол менен бас тартыўы;
спортшының жарыстан тысқары ўақытта оннан үлги (анализ) алыныўы имканиятына байланыслы допингке қарсы талаплардың бузылғанлығы, соның ишинде оның мǝкан жайы ҳаққында мǝлим етпегенлиги ҳǝм де оның тестке қатнасыў ушын келмегенлиги;
допинг қадағалаў элементин қǝлбекилестириў ямаса қǝлбекилестириўге урыныў;
Жǝҳǝн допингке қарсы агентлигиниң Қадаған етилген субстанциялардан терапевтлик пайдаланыў ушын халықаралық стандартқа муўапық берилген рухсатнамасыз терапевтлик пайдаланыў ушын қадаған етилген субстанцияларға ҳǝм (ямаса) қадаған етилген усылларға ийе болыў;
қадаған етилген субстанция ҳǝм (ямаса) қадаған етилген усылды тарқатыў.
Спортшылар, сондай-ақ тренерлер, дене тǝрбия ҳǝм спорт тараўының қǝнигелери тǝрепинен спортшыларға допингке қарсы қағыйдалардың бузылыўына, спорт жарысларына қатнасып атырған жǝниўарларға қадаған етилген субстанция ҳǝм (ямаса) қадаған етилген усылдың қолланылыўына жол қойылмайды. Спортшы тǝрепинен, сондай-ақ спорт жарысларына қатнасып атырған жǝниўарларға қадаған етилген субстанция ҳǝм (ямаса) қадаған етилген усылдан пайдаланылғанлығы факты тек ғана Жǝҳǝн допингке қарсы агентлиги тǝрепинен аккредитация етилген лабораторияларда өткерилген тексериўлер нǝтийжелери менен тастыйықланады.
Допинг қадағалаў тестлерин өткериўди жобаластырыў, үлгилерди (анализлерди) алыў, сақлаў, тасыў, лабораторияда анализлеў, тесттен кейинги жумыслар, сондай-ақ тийисли тыңлаўларды өткериў ҳǝм апелляцияларды қарап шығыўды өз ишине алатуғын процесс болып табылады.
Допингке қарсы тǝмийнат спортта допингтиң алдын алыў ҳǝм оған қарсы гүресиўге қаратылған илажларды өткериўден ибарат.
Тест өткериў допинг қадағалаўдың элементлери болып, тестлерди өткериўди жобаластырыў, үлгилерди (анализлерди) алыў, сақлаў ҳǝм Жǝҳǝн допингке қарсы агентлиги тǝрепинен аккредитациядан өткерилген лабораторияға жибериўди өз ишине алады.
Тест өткериў жарыс ўақтында ямаса жарыстан тысқары ўақытта ǝмелге асырылады. Жарыс ўақты дегенде, егер тийисли спорт түри бойынша халықаралық спорт федерациясы (бирлеспеси) қағыйдаларында ямаса халықаралық допингке қарсы шөлкемлер тǝрепинен басқаша тǝртип нǝзерде тутылған болмаса, спортшының ҳǝм (ямаса) жǝниўардың сол жарысқа қатнасыўы менен байланыслы дǝўир түсиниледи. Жарыс ўақтына киргизилмеген ўақыт жарыстан тысқары дǝўир болып табылады.
Спортта допингтиң алдын алыў ҳǝм оған қарсы гүресиў илажлары төмендегилерди өз ишине алады:
допинг қадағалаўды өткериў;
спортшылардың, тренерлердиң, дене тǝрбия ҳǝм спорт саласының басқа да қǝнигелериниң допингке қарсы қағыйдаларды бузғанлығы ушын жуўапкершилигин белгилеў;
қадаған етилген субстанциялар ҳǝм (ямаса) қадаған етилген усыллардың қолланылыўының алдын алыў;
допинг қадағалаўын өткериўши қǝнигелердиң билимин жетилистириў;
дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы жумысты ǝмелге асырыўшы билимлендириў мǝкемелериниң қосымша билимлендириў бағдарламаларына допингке қарсы қағыйдалар, спортта допингтиң спортшылардың  денсаўлығына кери тǝсири, допингке қарсы қағыйдаларды бузғанлығы ушын жуўапкершилик туўралы бөлимлерди киргизиў;
ғалаба хабар қуралларында допингке қарсы үгит-нǝсият жумысларын алып барыў;
спортта допингтиң алдын алыў ҳǝм оған қарсы гүресиўге қаратылған илимий-изертлеўлер өткериў;
спортшылардың жумыс қǝбилетин тиклеў қураллары ҳǝм усылларын ислеп шығыў бойынша илимий-изертлеўлер өткериў;
допинг қадағалаўын өткериў тǝртибинде нǝзерде тутылған допинг қадағалаўын өткериў шǝртлерин бузғанлығы ушын дене тǝрбия-спорт шөлкемлериниң жуўапкершилигин белгилеў.

28-статья. Спорт паспорты
Спорт паспорты бир үлгидеги ҳүжжет болып, спортшының дене тǝрбия-спорт шөлкемине қатнасы ҳǝм оның спорт дǝрежесин тастыйықлайды.
Спорт паспортында төмендегилер көрсетиледи:
спортшының фамилиясы, аты, ǝкесиниң аты;
жынысы;
туўылған сǝнеси;
спортшының дене тǝрбия-спорт шөлкемине қатнасы;
таңлаған спорт түри ямаса түрлери ҳǝм спорт түриниң тармақлары;
спорт атақлары ҳǝм спорт разрядлары берилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар;
спорт атақлары ҳǝм спорт разрядларын бериў ушын зǝрүр нормалар ҳǝм де талаплар орынланғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматлар;
спортшының медициналық көриктен өткенлиги туўралы белги;
спорт жарысларында ерисилген нǝтийжелер;
спортшының спорт дисквалификациясы туўралы мағлыўматлар;
мǝмлекетлик сыйлықлар ҳǝм басқа түрдеги хошаметлеўлер туўралы мағлыўматлар;
тренердиң фамилиясы, аты, ǝкесиниң аты;
таңланған спорт түри яки спорт түрлериниң өзине тǝн өзгешеликлерине байланыслы басқа мағлыўматлар.
Спортшының дене тǝрбия-спорт шөлкемине қатнасы спортшы ҳǝм дене тǝрбия-спорт шөлкеми арасындағы дүзилген шǝртнама тийкарында ҳǝм (ямаса) спортшының дǝне тǝрбия-спорт шөлкемине ағзалығы тийкарында анықланады.
Спорт паспортларын жүргизиў, бериў ҳǝм алмастырыў, оларды есапқа алыўдың бирден-бир системасының ǝмел етиў тǝртиби Спорт паспорты ҳаққындағы режеде белгиленеди. Спорт паспорты ҳаққындағы реже ҳǝм спорт паспортының үлгиси Өзбекстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт мǝмлекетлик комитети тǝрепинен тастыйықланады.

4-бап. Билимлендириў системасында, пуқаралардың жумыс орны, жасаў орны ҳǝм де дем алыў орнындағы дене тǝрбия ҳǝм спорт

 29-статья. Билимлендириў системасында дене тǝрбия ҳǝм спортты шөлкемлестириў
Билимлендириў системасында дене тǝрбия ҳǝм спортты шөлкемлестириў төмендегилерди өз ишине алады:
тийкарғы билимлендириў бағдарламалары шеңберинде мǝмлекетлик билимлендириў стандартлары менен белгиленген көлемде дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝжбүрий шынығыўларды, сондай-ақ қосымша билимлендириў бағдарламалары шеңберинде қосымша (факультатив) дене шынығыўларын ҳǝм спорт шынығыўларын өткериў;
билим алыўшыларды дене тǝрбия ҳǝм спорт пенен шуғылланыўға тартыў ушын шараятлар жаратыў, соның ишинде жаслардың дене тǝрбия-спорт таярлығы бойынша илажларды өткериў ушын спорт үскенелери ҳǝм ǝнжамлары менен тǝмийинлеў;
билим алыўшыларда индивидуал қǝбилетлер ҳǝм денсаўлығының жағдайын есапқа алған ҳалда дене тǝрбия ҳǝм спорт көнликпелерин қǝлиплестириў;
оқыў шынығыўлары ўақтында дене тǝрбия илажларын ǝмелге асырыў;
билим алыўшылардың дене тǝрбиясының шөлкемлестирилиўи үстинен медициналық бақлаўды алып барыў;
ата-аналарда ямаса олардың орнын басыўшы шахсларда балаларының денсаўлығы ҳǝм олардың дене тǝрбиясына тийисли жуўапкершиликли қатнасты қǝлиплестириў;
балалар ҳǝм жаслардың физикалық таярлығын ҳǝм физикалық раўажланыўын ҳǝр жылы мониторинг етиў;
билим алыўшылардың қатнасында спорт илажларын, соның ишинде халық билимлендириў мǝкемелериниң оқыўшылары («Үмит нǝлшелери»), орта арнаўлы кǝсиплик билимлендириў мǝкемелериниң оқыўшылары («Бǝркамал ǝўлад») ҳǝм де жоқары оқыў орынларының студентлери («Универсиада») қатнасында үш басқышлы спорт жарысларының шөлкемлестирилиўине ҳǝм өткерилиўине көмеклесиў.

30-статья. Пуқаралардың жумыс орны, жасаў орны ҳǝм де дем алыў орнындағы дене тǝрбия ҳǝм спортты шөлкемлестириў
Жумыс бериўшилер, олардың бирлеспелери ҳǝм хызметкерлери ямаса олардың ўǝкилликли уйымлары арасында жǝмǝǝтлик шǝртнамалар, келисимлер ҳǝм мийнет шǝртнамаларына:
хызметкерлерге дене тǝрбия ҳǝм спорт пенен шуғылланыў, дене тǝрбия, спорт, реабилитация етиўши ҳǝм де хызметкерлердиң дене тǝрбия ҳǝм спорт пенен шуғылланыўына байланыслы болған басқа да илажларды өткериў ушын шараятлар жаратыў ҳаққындағы;
хызметкерлерге ҳǝм олардың шаңарақ ағзаларына усы бөлимниң екинши абзацында нǝзерде тутылған илажларды ǝмелге асырыў ушын спорт объектлери, спорт үскенелери ҳǝм ǝнжамларынан пайдаланыў имканиятын бериў ҳаққындағы;
спорт объектлерине, спорт үскенелери ҳǝм ǝнжамларына тийисли дǝрежеде хызмет көрсетилиўи ҳǝм де олардың оңланыўын тǝмийинлеў, бундай объектлер, үскенелер ҳǝм ǝнжамларды сақлаўды, оларға хызмет көрсетиўди ҳǝм де олардың оңланыўын ǝмелге асырыўшы хызметкерлерге ис ҳақы төлеў ҳаққындағы қағыйдалар киргизилиўи мүмкин.
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары пуқаралардың жасаў орны ҳǝм де дем алыў орынларында дене тǝрбия ҳǝм спортты раўажландырыў ушын шараятлар жаратады, соның ишинде дене тǝрбия ҳǝм спорт тараўы қǝнигелерин тартыў жолы менен шараятлар жаратады.
Санаторий-курорт мǝкемелери, дем алыў үйлери ҳǝм туристлик базалардың басшылары пуқаралардың денсаўлығын беккемлеў, кеселликлердиң алдын алыў ҳǝм емлеў мақсетинде пуқаралардың емлениўи ҳǝм де дем алыўы барысында дене тǝрбия компонентлеринен пайдаланыў ушын шараятлар жаратады.
Кǝрханалар, мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң мийнет жǝмǝǝтлери кǝсиплик шөлкемлери комитетлери менен биргеликте хызметкерлерди ҳǝм олардың шаңарақ ағзаларын дене тǝрбия ҳǝм спорт пенен актив шуғылланыўға, соның ишинде жумыс күни даўамында өндирислик гимнастиканы шөлкемлестириў ҳǝм де өткериўге тартыў мақсетинде ықтыярлы рǝўиште турақлы дене тǝрбия-саламатландырыў илажларын ҳǝм спорт илажларын өткериў бойынша шараятлар жаратыўы ҳǝм де жумысларды шөлкемлестириўи мүмкин.

31-статья. Бейимлестириўши дене тǝрбия ҳǝм бейимлестириўши спорт. Майыпларды ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахсларды физикалық реабилитациялаў
Бейимлестириўши дене тǝрбия дене тǝрбияның майыпларды ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахсларды физикалық реабилитациялаўдың комплексли қуралларынан пайдаланыўшы бөлеги болып табылады.
Бейимлестириўши спорт майыпларды ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахсларды физикалық реабилитациялаўға ҳǝм де социаллық бейимлестириўге қаратылған.
Майыплардың ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахслардың бейимлестириўши спортын раўажландырыў спорт пенен шуғылланыўдың ǝҳмийети, ғалабалығы ҳǝм ашықлығы принциплерине тийкарланады.
Майыпларды ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахсларды бейимлестириўши дене тǝрбия ҳǝм бейимлестириўши спорт усылларынан пайдаланған ҳалда физикалық реабилитациялаў ҳǝм де социаллық бейимлестириў дене тǝрбия-спорт шөлкемлеринде, соның ишинде реабилитация орайларында, майыплардың дене тǝрбия-спорт клубларында ǝмелге асырылады.
Тийисли билимлендириў мǝкемелеринде билим алып атырған майыплар ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахслар ушын шынығыўлар бундай билим алыўшылардың индивидуал қǝбилетлери ҳǝм денсаўлығының жағдайы есапқа алынған, бейимлестириўши дене тǝрбия ҳǝм бейимлестириўши спорт қуралларынан пайдаланылған ҳалда шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитети жергиликли ҳǝкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳǝм майыплардың жǝмийетлик бирлеспелери менен биргеликте майыплардың ҳǝм де физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахслардың дене тǝрбия-спорт шөлкемлери арқалы дене тǝрбия, физикалық жақтан жетилистириў ҳǝм физикалық таярлық системасына үйлесиўине көмеклеседи.
Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитети, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, дене тǝрбия-спорт шөлкемлери, сондай-ақ майыплардың дене тǝрбия-спорт бирлеспелери майыплар ҳǝм физикалық имканиятлары шекленген басқа да шахслардың қатнасында дене тǝрбия ҳǝм спорт илажлары өткерилиўин шөлкемлестиреди, балалар ҳǝм жас өспиримлердиң спорт-бейимлестириўши мектеплерин, бейимлестириўши балалар ҳǝм жас өспиримлердиң физикалық таярлық клубларын шөлкемлестиреди.

5-бап. Спорт резервин таярлаў

 32-статья. Жоқары маманлықтағы спортшыларды ҳǝм спорт резервин таярлаў
Жоқары маманлықтағы спортшыларды ҳǝм спорт резервин таярлаў қǝнигелестирилген спорт билимлендириў мǝкемелери, соның ишинде олимпия резервлери коллежлери, балалар ҳǝм жас өспиримлер спорт мектеплери, сондай-ақ дене тǝрбия-спорт жǝмийетлери, спорт-техника шөлкемлери, спорт клублары, спорт таярлығы орайлары, мектеплер ҳǝм де дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы қǝнигелер тǝрепинен ǝмелге асырылып, оларды таярлаў тǝртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди. (30.0y.w0wq-ж. qtw/XX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)
Жоқары маманлықтағы спортшыларды ҳǝм спорт резервин тийисли спорт кийимлери, экипировка, ǝсбап-үскенелер ҳǝм ǝнжамлар, биологиялық ҳǝм медициналық-тиклеўши препаратлар менен тǝмийинлеў, сондай-ақ энергия сарыпланыўын ҳǝм физикалық ресурсларды компенсация етиўге байланыслы болған қǝрежетлер қапланыўын қаржыландырыў, оларға медициналық хызмет көрсетилиўин (профилактика, емлеў) тǝмийинлеў белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады.
Жоқары маманлықтағы спортшыларды ҳǝм спорт резервин спорт түрлериниң өзине тǝн өзгешеликлерине муўапық ҳалда таярлаў усы спорт түри бойынша тренерлик жумысы менен шуғылланыўға қәнигелик сертификаты болған шахслар тǝрепинен ǝмелге асырылады. (30.11.2021-ж. 180/XXIII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)

33-статья. Спорт резервин таярлаў басқышлары
Спорт резервин таярлаўда спортшыларды таярлаўдың төмендеги басқышлары белгиленеди:
спорт-саламатландырыў басқышы;
басланғыш таярлық басқышы;
оқыў-шынығыў басқышы;
спорт шеберлигин жетилистириў басқышы;
жоқары спорт шеберлиги басқышы.

34-статья. Спортшыларды таярлаўды ǝмелге асырыўшы дене тǝрбия-спорт шөлкемлери ҳǝм билимлендириў мǝкемелери
Спортшыларды таярлаў мақсетинде оқыў-шынығыў процесси бойынша, соның ишинде жоқары маманлықтағы спортшыларды ҳǝм спорт резервин таярлаў бойынша жумысты ǝмелге асырыўшы дене тǝрбия-спорт шөлкемлери ҳǝм билимлендириў мǝкемелери ҳǝрекет етеди. Оқыў-шынығыў процессин шөлкемлестириў оқыў-шынығыў ҳǝм басқа да спорт илажларын өткериўди, сондай-ақ спорт илажларында спорт экипировкасы, спорт инвентарьлары ҳǝм ǝнжамлары, медициналық хызмет, жол ҳақы ҳǝм де аўқатланыў менен тǝмийинлениўин өз ишине алады.
Оқыў-шынығыў процессин, жоқары маманлықтағы спортшыларды ҳǝм спорт резервин таярлаўды ǝмелге асырыўшы дене тǝрбия-спорт шөлкемлерине спорт таярлығы орайлары, сондай-ақ дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында жумыс алып барыўшы басқа да шөлкемлер, сондай-ақ жеке тǝртиптеги исбилерменлер киреди.
Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген билимлендириў мǝкемелерине дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында жумыс алып барыўшы кǝсиплик билимлендириў мǝкемелери ҳǝм жоқары оқыў орынлары киреди. (wo.0y.w0qo-ж. wti/XXVI-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)
Усы статьяның үшинши бөлиминде көрсетилген билимлендириў мǝкемелерине кирмейтуғын билимлендириў мǝкемелерине спортшыларды таярлаў мақсетинде ҳǝр қыйлы спорт түрлери бойынша бундай таярлықты тереңлестирилген оқыў-шынығыў барысы тийкарында алып баратуғын қурамлық бөлимлер, қǝнигелестирилген класслар ҳǝм топарлар дүзилиўи мүмкин.

35-статья. Ҳǝр қыйлы спорт түрлери бойынша спортшыларды таярлаўдың оқыў бағдарламалары
Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында жумыс алып барыўшы билимлендириў, кǝсиплик билимлендириў мǝкемелеринде ҳǝр қыйлы спорт түрлери бойынша спортшыларды таярлаў оқыў бағдарламаларына муўапық (таңланған спорт түри яки түрлери жөнелисинде) алып барылады.
Ҳǝр қыйлы спорт түрлери бойынша спортшыларды таярлаўдың үлги оқыў бағдарламалары оқыў-шынығыў процессин ǝмелге асырыўшы дене тǝрбия-спорт мǝкемелери жумысларын тǝртипке салыўшы нызам ҳүжжетлерине муўапық ислеп шығылады ҳǝм де дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы тийисли илимий-изертлеўлер нǝтийжелерине, сондай-ақ, дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын өткериў ǝмелиятына тийкарланады. Ҳǝр қыйлы спорт түрлери бойынша спортшыларды таярлаўдың үлги оқыў бағдарламалары Өзбекстан  Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт мǝмлекетлик комитети тǝрепинен тастыйықланады.
Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында жумыс алып барыўшы (таңланған спорт түри яки спорт түрлери жөнелисинде) мектептен тысқары орта арнаўлы, кǝсиплик билимлендириў мǝкемелеринде ҳǝм жоқары оқыў орынларында ҳǝр қыйлы спорт түрлери бойынша спортшылар таярлаўға тийисли оқыў бағдарламаларынан пайдаланбастан оқыў-шынығыў жумысын шөлкемлестириўге жол қойылмайды.

36-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы педагогикалық жумыс
Тийисли мағлыўматқа ҳǝм кǝсиплик таярлыққа ийе болған шахслардың дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында, соның ишинде емлеў дене тǝрбиясы саласында педагогикалық жумыс пенен шуғылланыўына нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте жол қойылады.

6-бап. Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командалары ҳǝм оларды қǝлиплестириў

 37-статья. Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командалары
Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командалары тийкарғы ҳǝм резерв қурамларынан дүзилиўи мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командалары қурамына кириўши дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы қǝнигелериниң дизими тийисли спорт түрлери бойынша аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитети тǝрепинен тастыйықланады.
Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командаларын Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳǝм жергиликли бюджет қаржылары есабынан материаллық-техникалық тǝмийинлеў, соннан спорт экипировкасы менен тǝмийинлеў, илимий-методикалық, медициналық-биологиялық, медициналық, допингке қарсы тǝмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитети тǝрепинен белгиленген тǝртипте Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳǝм де Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда ǝмелге асырылады.

38-статья. Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командаларын қǝлиплестириў
Спорт түрлери бойынша Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командаларына талабанлардың дизимлери ҳǝр жылы аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) тǝрепинен қǝлиплестириледи ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитети тǝрепинен тастыйықланады.
Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командаларына талабанлардың дизимлерин қǝлиплестириўдиң улыўма принциплери ҳǝм нормалары, усы дизимлерди тастыйықлаў тǝртиби Өзбекстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт мǝмлекетлик комитети тǝрепинен белгиленеди.
Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилетуғын спорт жарысларында қатнасыўға таярлық көриў ҳǝм қатнасыў ушын Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командалары спорт түрлери бойынша Қарақалпақстан Республикасының спорт сайланды командаларына талабанлардың тийисли дизимине киргизилген шахслар қурамынан аймақлық спорт федерациялары (бирлеспелери) тǝрепинен қǝлиплестириледи.

 7-бап. Дене тǝрбия ҳǝм спорттың материаллық, медициналық финанслық ҳǝм басқа да тǝмийинлениўи

 39-статья. Дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмалары
Дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмалары жеке меншик яки ғалабалық мүлк болыўы мүкин.
Дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмаларын меншиклестириў тǝртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди.
Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары өз аймағында дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмаларының жобаластырылыўы, жойбарланыўы, қурылыўы, пайдаланыўға тапсырылыўы ҳǝм де олардан берилген категорияларға муўапық мақсетли пайдаланыўы үстинен қадағалаўды ǝмелге асырады.
Дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмаларынан пайдаланыў шǝртлери, нормалары, талаплары ҳǝм де қағыйдалары, сондай-ақ оларға тийисли категорияларды бериў тǝртиби Өзбекстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт мǝмлекетлик комитети тǝрепинен белгиленеди.
Дене тǝрбия-саламатландырыў яки спорт қурылмаларында пуқаралардың айырым категорияларына нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте жеңилликли тийкарда хызметлер көрсетилиўи мүмкин.
Билимлендириў мǝкемелерин, турақ-жай массивлерин зǝрүрли дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмалары комплексин жаратпай турып қурыўға ҳǝм реконструкциялаўға, сондай-ақ дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмаларын сол аймақтың ишинде оларға тең қурылмаларды қурмай турып сапластырыўға жол қойылмайды.
Дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм спорт қурылмаларының үлгили штат бирликлерин белгилеў нормалары ҳǝм де талаплары, ижара ҳақысын есаплаў усылы ҳǝм олардан пайдаланыў тǝртиби, сондай-ақ билимлендириў мǝкемелери, кǝрханалар, турақ-жай массивлериниң тийкарғы дене тǝрбия-саламатландырыў ҳǝм (яки) спорт қурылмалары менен ең кем тǝмийинлениў нормативлери нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди.
Спорт объектлери болмаған айырым жер ҳǝм суў аймағы участкаларында, сондай-ақ ҳаўа аймағы участкаларында спорт ҳǝм ғалабалық дене тǝрбия илажларын өткериўге бул участкаларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ўақтыншалық спорт объектлери (трассалары) сыпатында рǝсмийлестириўге жол қойылады.

40-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларының медициналық тǝмийинлениўи
Дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларының шөлкемлетириўшилери бул илажлар қатнасыўшыларын медициналық жǝрдем менен тǝмийинлеўди ǝмелге асырыўы шǝрт.

41-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спортты қаржыландырыў
Дене тǝрбия ҳǝм спортты қаржыландырыў төмендегилер есабынан ǝмелге асырылады:
Өзбекстан Республикасы Мǝмлекетлик бюджетиниң қаржылары;
Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қаржылары;
исбилерменлик ҳǝм басқа да хожалық жумысларынан түсетуғын дǝраматлар;
халыққа төлемли дене тǝрбия-спорт ҳǝм саламатландырыў хызметлерин көрсетиўден түсетуғын қаржылар;
юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың бийғǝрез жǝрдеми;
дене тǝрбия-спорт жǝмийетлик бирлеспелери қатнасыўшыларының ағзалық төлемлери;
спорт түрлери бойынша арнаўлы фондлардың қаржылары;
спорт символ белгилери, тымсалларынан пайдаланғанлығы ушын кǝрханалар ҳǝм шөлкемлердиң ажыратқан қаржылары;
шет ел инвестициялары қаржылары;
халықаралық шөлкемлерден келип түсетуғын түсимлер;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар.

42-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында қǝўипсизлик нормалары ҳǝм қағыйдаларына бойсынылыўын, пуқаралардың денсаўлығы, абырайы ҳǝм қǝдир-қымбаты қорғалыўын тǝмийинлеў
Дене тǝрбия-саламатландырыў, ғалабалық дене тǝрбия ҳǝм спорт илажларын өткеретуғын шөлкемлер дене тǝрбия ҳǝм спорт шынығыўлары ҳǝм де спорт жарыслары өткерилетуғын орынлардың қǝўипсизлик техникасы қағыйдаларына ҳǝм санитария қағыйдалары, нормалары ҳǝм гигиена нормативлерине муўапық дǝрежеде техникалық үскенелениўин тǝмийинлейди.
Дене тǝрбия ҳǝм спорт шынығыўлары ҳǝм де спорт жарыслары қатнасыўшыларының ҳǝм тамашагөйлердиң денсаўлығына, абырайына ҳǝм қǝдир-қымбатына зыян келтирмейтуғын етип өткерилиўи керек.
Спортшылардың абырайы ҳǝм қǝдир-қымбатының кемситилиўине алып келетуғын, сондай-ақ олардың спорт жарақатларын алыўына себеп болатуғын таярлық усылларынан пайдаланыўға жол қойылмайды.
Дене тǝрбия яки спорт илажларында қатнасыў ўақтында денсаўлығына зыян келтирилген спортшылар, тренерлер ҳǝм спорт түрлери бойынша спорт судьяларына нызам ҳүжжетлерине муўапық медициналық, социаллық ҳǝм кǝсиплик реабилитация бериледи.
Мǝкемелер ҳǝм шөлкемлердиң жас өспирим спортшылар менен өз-ара қатнасықлары белгиленген тǝртипте тек ғана олардың ата-аналары яки олардың орнын басыўшы шахслар ямаса олар тǝрбияланып атырған қǝнигелестирилген мǝкемелердиң келисими ҳǝм қатнасында ǝмелге асырылады.
Спорт жарысларында қатнасыўшы шахслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте қамсызландырыў полисине ийе болыўы шǝрт.

43-статья. Спорт ǝсбап-үскенеси ҳǝм спорт кийими
Спорт ǝсбап-үскенеси ҳǝм спорт кийими халықаралық ҳǝм (яки) мǝмлекетлик стандартларға, нормаларға ҳǝм де талапларға муўапық болыўы керек.

44-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорттың илимий-методикалық ҳǝм де техникалық тǝмийинлениўи
Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў ҳǝм де өткериўди билимлендириў мǝкемелери ҳǝм қурамында илимий орайлар шөлкемлестирилетуғын басқа да шөлкемлер, илимий-изертлеў институтлары, белгиленген тǝртипте шөлкемлестирилген ҳǝм де өз жумысын мǝмлекетлик буйыртпалар ҳǝм басқа да буйыртпалар тийкарында алып баратуғын лабораториялар ǝмелге асырады.
Билимлендириў мǝкемелери ҳǝм басқа да шөлкемлер дене тǝрбиясы жǝрдеминде халықтың денсаўлығын беккемлеўге көмеклесетуғын анық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳǝм де ǝмелиятқа енгизиўде қатнасады.
Қарақалпақстан Республикасы Дене тǝрбия ҳǝм спорт бойынша мǝмлекетлик комитети ҳǝм басқа да мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм де шөлкемлер билимлендириў мǝкемелери ҳǝм шөлкемлерине дене тǝрбия ҳǝм спорт саласында илимий-изертлеў жумысларын алып барыўда, сондай-ақ баслы илимий-изертлеў жумысларына мǝмлекетлик буйыртпалар ҳǝм басқа да буйыртпаларды қǝлиплестириўге көмеклеседи, илимий-изертлеў жумысларының жуўмақларын таллайды ҳǝм олардың жумысына жǝрдем береди.

8-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар

 45-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы халықаралық бирге ислесиў
Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы халықаралық бирге ислесиў халықаралық ҳуқықтың улыўма тǝн алынған принциплери ҳǝм нормалары, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамалары ҳǝм нызам ҳүжжетлерине муўапық ǝмелге асырылады.

46-статья. Тартысларды шешиў
Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы тартыслар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи.

47-статья. Дене тǝрбия ҳǝм спорт саласындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Дене тǝрбия ҳǝм спорт ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.