ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ МҮРӘЖАТЫ ХАЛҚЫМЫЗҒА КҮШ-ҚУЎАТ БАҒЫШЛАМАҚТА

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске гезектеги мүрәжатын айрықша қызығыўшылық пенен ташама еттик. Мүрәжатта елимиздиң басшысы барлық тараўлар қатарында билимлендириў ҳәм жаслар тәрбиясы мәселесине тоқтап өтти. Маған әсиресе, Президентимиздиң илим, мағрипет болмаған жерде, қалақлық, жаўызлық, тийкарғы мақсеттен шегиниў болады, деген пикирлери оғада унады.
Ҳақыйқатында да, биз жасларымыздың билимли, мағрипетли болыўы ушын өз жумысымызға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўымыз керек. Сондай-ақ, билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў ушын тараўда халықаралық байланыслардың жақсы жолға қойылып атырғанлығы, қәбилетли оқыўшылар ушын Президент ҳәм дөретиўшилик мектеплериниң иске түсирилип атырғанлығы, соның менен бирге, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мектеплерди ашыў режелестирилип атырғанлығы мен де айрықша қызығыўшылық пайда етти.
Бабамыз Имам Бухарийдиң «Әмеллер нийетке қарай болады»,-деген пикирлериниң келтирилиўи тосыннан емес. Себеби, нийет дүзиў болса, халқымыздың абаданлығы, елимиздиң уллы келешеги ушын ҳәрекет етсек, әлбетте, алға қойған мақсетимизге ерисемиз.
Сановар ХОЖАМУРАТОВА
Әмиўдәрья районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 40-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы кеңесиниң депутаты