Жоқарғы Кеңес депутаты жаслар менен ушырасты

Нөкис қәнигелестирилген Олимпия резервлери мектеп-интернаты  мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Өтемисов жаслар менен ушырасты.

Илажда Ш.Өтемисов Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси, сондай-ақ, 2019-жылдың 27-декабринде Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына байланыслы пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектепте жаслар менен ушырасыўынан келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

–Соңғы жыллары елимизде жаслардың  бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, билим алыўы ҳәм кәсип үйрениўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Елимиз басшысының басламасы менен алға қойылған бес әҳмийетли баслама бүгинги күни өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте, –деди Ш.Өтемисов.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында жаслар  депутатлардың ҳуқық ҳәм миннетлери, халықтың ўәкили сыпатында бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары бойынша түсиник ҳәм өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.