ДҮНЬЯНЫҢ ГҮЛТАЖЫ ӨЗИҢСЕН, ҲАЯЛ!

6-март күни Нөкис қаласындағы «Караван сарай» ресторанында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен «Дүньяның гүлтажы өзиңсен, ҳаял!» атлы салтанатлы илаж өткерилди. Онда республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип атырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасып, республикамыз ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлады.

– Халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар менен дилбар қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды пидайылық ҳәм мийрим-шәпәәт, өмир даўамшылары, өзгеше нәзиклик пенен гөззаллықты өзлеринде жәмлеген әжайып жаратылыс сыпатында қәстерлеп-сақлап келген, – деди  республикамыз басшысы. – Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыў – бул мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады. Ҳүрметли Президентимиз Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған Мүрәжатында быйылғы жылы ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәселеси жаңа басқышларға көтерилетуғыны ҳаққында айрықша тоқтап өтти. Атап айтатуғын болсақ, 5,5 мың ҳаял-қызлардың киши бизнес жойбарлары ушын 100 миллиард сўмлық жеңилликли кредитлер бериў, жоқары оқыў орынларында қызларымыз ушын өз алдына грантлар ажыратыў, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларымыз ушын әҳмийетли 5 баслама тийкарында қысқа оқыў курсларын шөлкемлестириў, буннан тысқары, ҳаял-қызларымыздың жаңа турақ жайлар алыўы ушын басланғыш төлемлерди бюджет есабынан төлеп бериў сыяқлы оғада әҳмийетли мәселелерге итибарымызды қаратты. Бул еӊ дәслеп, аналарымызға, апа ҳәм қарындасларымызға, дилбар қызларымызға деген айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың көриниси саналады.

Илажда ҳәзирги глобалласыў дәўири халқымыздың, соның ишинде ҳаял-қызларымыздың жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық белсендилигин және де арттырыўды талап етип атырғанлығы, бунда әлбетте, олардың терең билими, бай турмыслық тәжирийбеси, заманагөй пикирлеў дүньясы менен ел тәғдирине жуўапкершилиги, халқымызға, ана-Ўатанымызға пидайылығы әҳмийетли орын ийелейтуғынлығы айрықша атап өтилди.

Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз керек, бүгинги күнде ҳаял-қызларымыз турмыстың түрли тараўларында нәтийжели хызмет етпекте. Әсиресе, халқымыз исенимине ерисип, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслеринде 160 қа жақын депутат ҳаял-қызларымыздың жумыс алып барып атырғаны, буннан тысқары, 15 илим докторы менен 180 ге жақын илим кандидатларының жасларымызға устазлық етиўи, мектепке шекемги билимлендириў тараўында 12 мыңнан аслам, халық билимлендириў тараўында 27 мыңнан зыят, денсаўлықты сақлаў тараўында 14 мыңға жақын, мәденият ҳәм спорт тараўларында 1,5 мыңнан артық, исбилерменлик тараўында 7 мыңнан аслам ҳаял-қызларымыздың мийнет етиўи, өткен жыллар ишинде өзлериниң айрықша таланты, терең билими ҳәм шеберлиги менен ажыралып туратуғын 23 қызымыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық алыў бахтына ерисиўи олардың шын мәнисинде жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық тараўларда шешиўши күшке ийе екенин және бир мәрте дәлиллейди.

Салтанатлы илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги, өзлериниң жоқары нәтийжели мийнети менен ажыралып киятырған бир топар ҳаял-қызларымызға Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманы тийкарында Министрлер Кабинети тәрепинен шөлкемлестирилген «Мўътабар аёл» көкирек белгилери тапсырылды.

Сондай-ақ, байрам мүнәсибети менен бир қатар пидайы ҳаял-қызларымыз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы Қарары менен “Ардақлы нураный”, “Ўатан пидайысы” ҳәм “Үмит ушқыны” көкирек белгилери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды.

Сыйлықланғанлар атынан “Мўътабар аёл” көкрек нышаны ийелери –  Өзбекистан жазыўшылар аўқамы ағзасы Рысгул Жумабаева ҳәм мәҳәлле белсендиси Рахатой Раимова ҳаял-қызларға қаратылып атырған үлкен меҳир ҳәм айрықша итибар ушын Ҳүрметли Президентимизге, елимиз басшыларына өз миннетдаршылығын билдирди.

Илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Бундай илажлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларында болып өтпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети