ҚЫТАЙЛЫ ШЫПАКЕРЛЕРДИҢ РЕСПУБЛИКАМЫЗҒА САПАРЫ

Коронавирусқа қарсы гүресиўде жәрдем бериў ушын елимизге келген Қытайлы 14 медицина қәнигеси республикамызда болып, COVID-19 вирусына шалынған наўқасларды емлеўде өзлериниң әмелий мәсләҳәтлерин берди.

Мийманлар дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде болып, наўқасларды емлеўдиң бүгинги жағдайы менен жақыннан танысты. Усы жердиң өзинде жуқпалы кеселликлер емлеўханасы ҳәм басқа емлеў мәкемелери шыпакерлериниң қатнасында онлайн видеосөйлесиў тәризинде семинар шөлкемлестирилди. Қәнигелер коронавирусқа шалынған наўқасларды емлеўде өзлериниң баҳалы усынысларын билдирди. Эпидемиолог, инфекционист ва басқа шыпакерлердиң қатнасында наўқасларды дәстүрий Қытай медицинасы усылында емлеў бойынша өзлериниң шеберликлери менен ортақласты.

‒ Сапарымыз даўамында емлеў мәкемелеринде наўқасларды емлеў ҳәм оларға медициналық хызмет көрсетиў жақсы жолға қойылғанының гүўасы болдық, – дейди делегация басшысы, Цзянси провинциясы Денсаўлықты сақлаў бюросы баслығының орынбасары Луо Лишенг. ‒ Әсиресе, карантин илажларының өз ўақтында нәтийжели әмелге асырылғанлығы, тийисли емлердиң дурыс буйырылғанлығы, медицина хызметкерлериниң жетерли дәрежеде қорғаныў қураллары менен тәмийинленгенлиги нәтийжесинде коронавирус инфекциясын жуқтырған медицина хызметкерлери ҳәм аўыр жағдайдағы наўқаслардың жоқлығы жақсы нәтийже болып табылады. Усы көз-қарастан қарағанда, елиңизде коронавирусқа қарсы гүресиў бағдарында нәтийжели усыллар қолланылған ҳәм бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалаймыз.

Медицина хызметкерлериниң күни-түни тынымсыз мийнетлериниң нәтийжесинде коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардан бүгинги күнде 29 пуқараның пүткиллей саўалланғаны, жақын күнлерде және бир топарының толық саўалып шығыўы күтилип атырғанлығы Шын үлкесинен келген қәнигелер тәрепинен айрықша атап өтилди.

Д. АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.