Аўыл хожалығы өнимлерин көбейтиў – бүгинги күндеги ең әҳмийетли мәселе

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-апрель күни пандемия дәўиринде халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеў ҳәм баҳаның турақлылығын сақлаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Жәҳән базарында нефть, пахта, газ ҳәм электр энергиясының баҳасы төменлеп, азық-аўқат товарларының баҳасы артып бармақта. Көплеген мәмлекетлер ун, дән, гүриш, май, картошка сыяқлы өнимлерди экспорт етиўге шеклеўлер орнатты.

Сол себепли аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў бүгинги күндеги ең әҳмийетли мәселе болып есапланады. Бул бағдарда мәмлекетимизде суўғарылатуғын жерлерден 2-3 мәртеден өним алыў, пайдаланыўдан шыққан жерлерди өзлестириў илажлары көрилмекте. Өндирис ҳәм сақлаў қуўатлылықлары кеңейтилмекте.

Мәжилисте өним жетистириўди арттырыў, стратегиялық резервлерди қәлиплестириў мәселелери додаланды.

Қарақалпақстан Республикасы, ҳәр бир ўәлаят ҳәм район басшысында быйыл 1-июньнен 2021-жыл 1-июньге шекем халықтың талабын тәмийинлеў бойынша анық есап-санақ болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Районларда арнаўлы өндиристи көбейтиў имканиятлары, обороттан шыққан жерлерди өзлестириў, мийўе-овощ жетистириў ҳәм шарўашылықтағы резервлер анық белгилеп берилген. Енди усы бойынша жумысты шөлкемлестирип, жетиспейтуғын өнимди басқа районлардан алыў ямаса артығын сатыў керек екенлиги атап өтилди.

Мысал ушын, Дийқанабад районында пахта егилмейди, ғәлле болса суўғарылмайтуғын майданда жетистириледи. Чироқчи районында 100 мың гектардан аслам жайлаў жерлерден нәтийжели пайдаланылмай атыр. Бул районларда Қарақалпақстан тәжирийбеси тийкарында кооперация усылында шарўашылық кәрханаларын шөлкемлестириў жақсы нәтийже береди.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын елимизде жетерли көлемде жетистирилмейтуғын өнимлердиң майданын кеңейтиў оғада әҳмийетли.

Мәселен, 2019-жылы дерлик 60 мың тонна гүриш импорт етилген. Ямаса жетерли жер майданлары бола турып, 150 мың тонна картошка шеттен алып келинген.

Усылардан келип шығып, быйыл қосымша 10 мың гектар жерде, соның ишинде, Хорезмде 6 мың, Қарақалпақстанда 3 мың, Сырдәрьяда 1 мың гектарда нәл усылында салы егиў бойынша тапсырмалар берилди. Картошка егилетуғын майданларды кеминде 50 мың гектарға жеткериў ҳәм өнимдарлықты 2 есеге арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Май санааты системасындағы қуўатлылықлардан дерлик 46 процент пайдаланылмақта. Шийки заттың 90 процентин шигит қурайды. Сол себепли 22 май кәрханасына обороттан шыққан 50 мың гектар жерди бириктирип, соя, махсар, айғабағар сыяқлы майлы егинлерди жетистириўди жолға қойыў, олардан өним ислеп шығарыўды 40 мың тоннаға жеткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Быйыл бийдай өниминен 735 мың тонна бийдай фермерлердиң ықтыярында қалатуғыны жәрияланған, өнимдарлықты 20 центнерге арттырыў режелестирилген. Бул жумыслар фермерлердиң мәпдарлығын арттырыў, халықты дән ҳәм ун өнимлери менен жетерли муғдарда тәмийинлеў ушын исленбекте.

Жуўапкерлерге дәнди базар баҳасында сатып алыў, дәнди қайта ислеўши жеке меншик кәрханаларды тартқан ҳалда сақлаў ҳәм қайта ислеў бойынша көрсетпелери берилди.

Ишки базарды өним менен толтырыўда қыйтақ жер, экспорт ушын атыз дийқаншылығы үлкен резерв есапланады.

Еки жыл бурын шөлкемлестирилген «Қыйтақ жер хызмети» системасындағы 244 кәрхананың 65 си экспорт етпекте. Бирақ, көп жерлерде бул хызмет толық ислемей атыр. Сол себепли системаны жетилистириў, кәрханаларға нәл жетистириў ушын жер ажыратыў, оларды техника ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине үйлерде өнимлерди сақлаў ушын 20-30 тонналық киши көлемли музлатқышлардың қурылыўын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте аўыл хожалығы өнимлерин санаат усылында қайта ислеўди көбейтиў мәселелери додаланды.

Атап айтқанда, сүт өнимлериниң импорт көлеми 70 миллион доллардан артқаны, елимизде толық өндирислик имканияты болған майонез, томат, консерваланған мәкке ҳәм горох та сырттан келтирилип атырғаны көрсетип өтилди. Сүтти қайта ислеў дәрежеси Хорезм, Наманган, Сурхандәрья ўәлаятларында 10 процентке де жетпейди.

«Өзбеказықаўқатхолдинг» компаниясына импорттың орнын басатуғын өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм қайта исленген мийўе экспортының көлемин арттырыў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, ишки тутыныў талабынан артықша мийўе-овощларды набыт етпей, сыртқы базарларға сатыў бойынша тапсырмалар берилди.

Коронавирус пандемиясы көп мәселелердеги қәтелерди, соның ишинде, дийқан базарларындағы кемшиликлерди айқын көрсетти. Сол себепли ҳәзирги ўақытқа шекем болған стандартларды қайта көрип шығыў, дийқан базарларында мәмлекеттиң қатнасыў талабын бийкар етип, жеке меншик сектордың қатнасыўында заманагөй дийқан базарларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Стратегиялық резервлерди қәлиплестириў бағдарында да үлкен кемшиликлер бар екенлги мәлим болды. Мәселен, 6 түрдеги өним бойынша резерв қәлиплестирилмеген. Бийдай болса, керисинше, зәрүрликке салыстырғанда 5 есе көп жыйналған.

Сол себепли Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине стратегиялық резервлердиң номенклатурасын ҳәм көлемлерин сын көзқарастан көрип шығып, бул бағдарда жаңа система жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша агросанаат тармағының басшылары ҳәм ҳәкимлердиң есабаты тыңланды.

ӨзА