Урыс ветеранлары ҳәмийше халқымыздың ҳүрмет-итибарында

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда белгиленди.

Ушырасыў қатнасыўшылары онлайн видеобайланыс арқалы Ташкент қаласында өткерилген Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығына бағышланған байрам илажында қатнасты.

Ҳүрметли Президентимиздиң уллы Жеңистиң 75 жыллығы ҳәмде еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги қутлықлаўында Екинши жер жүзилик урыста ўатанласларымыздың мәртлиги ҳәм қаҳарманлығы ҳаққында билдирген пикирлери бәршеде шексиз мақтаныш сезимлерин оятты.

Екинши жер жүзилик урыста көп миллетли Өзбекстан халқы қатарында Қарақалпақстан Республикасынан да 66 мыңнан аслам адам кеткен болса, соннан 34 мыӊға жақынына ана Ўатанға қайтыў несиб етпеди. Инсаният тарийхындағы ең қорқынышлы қырғын есапланған Екинши жер жүзилик урысында ана топырағымызды мүнәсип  қорғаў, халқымызды фашизм қырғынынан сақлап қалыў жолында теӊсиз мәртлик ҳәм ерлик көрсеткен, урыс арты мийнет фронтында тынымсыз мийнет еткен пидәйы ветеранларымызды пүткил халқымыз, бүгинги миннетдар әўладлар ҳеш қашан умытпайды, оларға ҳәмийше ҳүрмет-итибар көрсетиўди парызы деп биледи.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Президентимиз ҳәм халқымызды байрам менен қутлықлады. Соңғы жылларда урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларына ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 30-март күни «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, бүгин қатарымызда турып, Ўатанның абырай-мәртебесин арттырыўға, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды ҳүрметлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 75 жыллығының белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў мақсетинде республикамыздың барлық қала ҳәм районларында қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Елимиздиң урыс жылларында көрсеткен мәртлик ҳәм қаҳарманлығы биз ушын үлкен ерлик мектеби, мақтанышымыздың дереги болып, ўақыт өткени сайын бул өлмес қәдириятлардың әҳмийети артып бармақта.

Урыс қатнасыўшысы, қанлыкөлли Оразбай ата Наметуллаев фашизмге қарсы гүресте мәртлик ҳәм қаҳарманлық үлгисин көрсеткен. Украина, Молдова, Венгрия мәмлекетлерин азат етиў саўашларында қатнасқанын көзлеринде жас пенен еслейди. Жүз жасқа жақынласқан атамызға бүгинги тыныш ҳәм абат турмысты көриў несип етти.

 

Урыс ветеранына Президентимиздиң жеке өзине жоллаған байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди. Буннан соң оған Президентимиздиң пәрманы тийкарында 10 000 000 (он миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлығы, Өзбекстан Республикасының ҳәм Россия Федерациясының «1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң  75 жыллығы» естелик медальлары, «Өзбекстан халқының фашизм үстинен ерисилген жеңиске қосқан үлеси» атлы китап-альбомы, «Өзбекстанлы Екинши жер жүзилик урыс қаҳарманлары» атлы китап тапсырылды.

Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы Ҳәсиретли ана естелиги алдына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, тийисли уйымлар атынан гүллер қойылды. Карантин себепли бул илажларда халқымыз қатнаса алмаған болса да ҳәр бир шаңарақта байрам кейпияты ҳүкимран. Себеби урыс майданларында мәртлик көрсеткен, фронт артында мийнет еткен ветеранларымыз ҳәмийше халқымыздың ҳүрмет-итибарында.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери