Елликқалада ғәлле орым-жыйын мәўсими ушын көргизбели семинар болып өтти

31-май күни Елликқала районындағы «Худайберген Эрназаров» фермер хожалығында ғәлле орым-жыйын мәўсими ушын көргизбели семинар өткерилди.

Семинарда барлық район ҳәкимлери, сектор басшылары, тараў қәнигелери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, быйылғы жылы ғәллени сапалы ҳәм қысқа мүддетте жыйнап алыў, сондай-ақ, орым-жыйын мапазында отряд баслықларының ўазыйпалары, ислениўи керек жумыслары ҳаққында айтып өтти ҳәм ғәллекешлеримизге бәлент қырман тиледи.

Елликқала районында 224 фермер хожалықлары тәрепинен 3350 гектар жерге ғәлле егилген болып, орым-жыйын мәўсимине 14 отряд бириктирилген. Районда 2020-жыл ғәлле зүрәәтинен мәмлекетке 8978 тонна ғәлле тапсырыў белгиленген.

Орым-жыйын мәўсиминде ғәллени сапалы жыйнап алыў ушын 14 комбайн, ҳәр бир отряд ушын 2 жук машинасы, 1 көшпели май тасыўшы машина, 1 көшпели оңлаў устаханасы таярлап қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети