Өзбекстан Президенти Жеңистиң 75 жыллығына бағышланған салтанатта қатнасты

Ҳәммемизге белгили, быйыл Россия Федерациясының пайтахты Москва қаласында Уллы Жеңистиң 75 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж 9-май күни өткерилиўи режелестирилген еди. Бирақ коронавирус пандемиясы себепли ол кейинги мүддетлерге қалдырылды. 1945-жылы Уллы Жеңистиң биринши орайлық парады 24-июнь сәнесинде өткерилгени ушын, быйыл да бундай салтанат ушын мине усы күн таңлап алынды.

Тарийхый әҳмийетли бул ўақыяны биргеликте белгилеў мақсетинде россия ҳүкиметиниң жеңиске ерискен еллер басшыларының атына мирәтнамалар  жиберди. Өзбекстан да, әлбетте, сол жеңиске ерискен мәмлекетлер қатарында. Халқымыз сол қырғын урыста жеңис ушын шын мәнисинде, үлкен үлес қосқан.

Мәселен, соңғы ўақытларда алып барылған изертлеўлер нәтийжесинде елимизден 2 миллионға шамалас адам урысқа жиберилгени анықланды. Фронт артында да өзбекстанлылар көрсеткен мәртлик келешек әўладларға шексиз мақтаныш бағышлайды.

Сонлықтан елимиз ўәкиллери Жеңистиң 75 жыллық даңқлы сәнеси мүнәсибети менен Москва қаласында өткерилетуғын салтанатқа мирәт етилди.

Пандемия пүткил дүньяға өз тәсирин көрсетип атырған ҳәзирги қыйын жағдайда мәмлекетимиз басшысының ондай илажда қатнасыўының өзи ата-бабаларға тән қаҳарманлық белгиси екенлигин атап өтиў орынлы.

Әскерлеримиз де бул илажда елимиз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин биринши мәрте қатнасты. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 23-июнь күни Россия Президенти Владимир Путин менен Кремлде болып өткен ушырасыўында атап өткениндей, бул бизиң улыўмалық тарийхымыз, улыўмалық жеңисимиз болып есапланады. Халықларымыз көрсеткен мәртлик ҳәммемиз ушын шексиз мақтаныш дәреги болып хызмет етеди.

Президентимиз Москвада Қызыл майданда болып өткен салтанатлы илажда  қатнасып, Өзбекстан елиниң даңқлы Жеңиске ерисиўдеги улыўма тән алынған уллы хызметине ҳүрмет көрсетти.

Соның менен бир қатарда, мәрт ҳәм батыр халқымыздың аяўсыз урыс себепли шеккен мисилсиз қыйыншылығы, азап-ақыретлери және бир мәрте халықаралық майданда еске алынды.

Болып өткен парадта Өзбекстан Қураллы Күшлериниң ўәкиллери де уллы ата-бабаларға мүнәсип түрде қатнасты. Улыўмалық есапта салатанатта 13 мәмлекеттен 225 әскерий техника, 14 мың әскер ҳәм офицер қатнасты. Россия пайтахтының аспанынан 55 самолёт ҳәм 20 вертолёттың ушып өтиўи байрамға өзгеше руўх бағышлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясына әмелий сапары даўамында Москва қаласының Александр бағындағы «Белгисиз әскер» естелигине гүл қойды.

Шавкат Мирзиёев “Номаълум аскар” ёдгорлигига гул қўйди

Пүткил дүньялық әҳмийетке ийе бул комплекс Екинши жер жүзилик урыс орайларында Ўатан қорғаў жолында мәртлерше қурбан болған ҳәр қыйлы миллетке тийисли миллионлаған әскерлер, соның ишинде, өзбек батырларының да умытылмас естелиги ушын қурылған. «Атың белгисиз, мәртлигиң мәңги» жазыўы жазылған бул естелик ата-бабаларымыз көрсеткен қаҳарманлығы ҳәм мәртлигиниң рәмзий белгиси болып есапланады.

Екинши жер жүзилик урыс Өзбекстан жерлеринен алыста болған болса-да, оның аянышлы тәсири, ҳәсиретлери ҳеш бир өзбек шаңарағын шетлеп өткен емес. Халқымыз фашизм үстинен ерисилген Жеңиске үлкен үлес қосқан. Республикамыздан 1 миллион 951 мыңға шамалас адам урысқа тартылып, 2 мыңнан аслам әскер ҳәм офицерлеримиз жаўынгерлик мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған. Урыс орайына айланған үлкелерден елимизге 1 миллион 500 адам, соның ишинде, 250 мыңнан аслам бала эвакуация етилген. Сақаўатлы елимиз оларға өз үйинен орын берип, соңғы тислем нанын да тең бөлискен.

Президент Шавкат Мирзиёев инсаният тынышлығы ушын жанын пидә еткен ўатансүйгиш инсанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.

1966-1967-жыллары қурылған бул комплексте мәңги от жанып турады. Оған Россия Федерациясының мәдений мийрас объекти статусы берилген.

Шавкат Мирзиёев усы күни Өзбекстанның Москва қаласындағы елшиханасы жанында жайласқан Ислам Кәримов бағына да барды.

Ўзбекистон Президенти Москвадаги Ислом Каримов хиёбонида бўлди

Президентимиз уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, өзбек халқының уллы ҳәм  ардақлы перзенти, елимиздиң Биринши Президенти естелигине гүл шеңбер қойды, оның жарқын естелигине ҳүрмет көрсетти.

Ислам Кәримов өзиниң көп қырлы сиясий жумысы, уллы инсаныйлық пазыйлетлери менен Ўатанамыздың көп әсирлик тарийхында мәңги из қалдырды. Тек ғана Өзбекстан емес, ал дүнья көлеминде үлкен ҳүрмет ҳәм абырай-мәртебеге ийе болған уллы шахс ҳәм ғайраткердиң естелигине ҳүрмет белгиси сыпатында 2018-жыл 18-октябрь күни Москва қаласында естелик орнатылған.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ислам Кәримов бағына сапары ўақтында бул жерге жыйналған ўатанласларымызды қутлықлады.

Президент ватандошларимиз билан учрашди

Соның менен  Россия Федерациясына әмелий сапар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлар жуўмақланды.

Президент Тошкентга жўнаб кетди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россияға әмелий сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтып келди.

Давлатимиз раҳбари Тошкентга қайтиб келди

ӨзА