Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине

Ҳүрметли дослар!

Бәршеңизди 27-июнь Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлап, сизлерге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, дүнья жүзи көлеминде жүз берген пандемия себепли жүзеге келген бүгинги қурамалы жағдай ҳәм қыйыншылықларға қарамастан, халыққа жедел ҳәм исенимли мәлимлеме жеткерип бериў, мәмлекетимизде өз профессионал миннетин шын кеўилден орынлап киятырған сиз, журналистлер халқына терең миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли ғалаба хабар қураллары хызметкерлери!

Сизлерге белгили, мәмлекетимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўде мәлимлеме тараўын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соңғы үш жылда бул бағдарда оннан аслам нызам ҳүжжетлериниң қабыл етилгени де бул пикирди тастыйықлайды. Атап айтқанда, «Ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарарына муўапық бул тараўда жаңа система жаратылды.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде өткен бир жыл даўамында көплеген министрликлер ҳәм уйымларда мәлимлеме хызметлери заман талаплары тийкарында қайтадан, 201 район ҳәм қала ҳәкимликлеринде болса биринши мәрте шөлкемлестирилди.

Мине усы хызметлер тәрепинен жәмийетлик процесслер ҳаққында исенимли мәлимлеме бериў мақсетинде баспасөз конференциялары, брифинглер, медиатурлар шөлкемлестирилмекте, турмысымыздағы машқала ҳәм ҳәдийселерге жедел мүнәсибет билдирмекте, олардың веб-сайтлар, социаллық тармақлар, мобиль мессенжерлердеги бетлери жаңаланып барылмақта.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде үлкен аудиторияға ийе болған дерлик 290 жеке меншик ҳәм уйымлық Интернет басылымлары шөлкемлестирилди. Олар басқа да материаллар қатарында ең әҳмийетли рәсмий хабарлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде тарқатпақта.

Ең тийкарғысы, ғалаба хабар қураллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер ҳәм жаналаныў процесслерин ҳәр тәреплеме таллап, орынлардағы социаллық машқалалар, қәте ҳәм кемшиликлерге мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетшиликтиң итибарын қаратып атырғанын айрықша атап өтиў керек.

Әлбетте, бүгин биз барлық тараўда, соның ишинде, ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў бағдарында да излениўдемиз. Нәтийжеде, бул жолда жетискенликлер менен бирге, қәте-кемшиликлердиң болатуғыны да тәбийғый болып есапланады.

Бул ҳаққында сөз еткенде, миллий медиа майданымызда заманның өткир талап ҳәм нормалары, ең әҳмийетли тенденцияларын ашып бериў, сын көзқарастан таллаў, адамлар күтип атырған тема ҳәм машқалаларды исенимли түрде ортаға таслаў еле де жетекши орын ийелемей атырғанын айтыўға туўра келеди. Тилекке қарсы, көпшилик хабар қуралларында социаллық мазмуны төмен болған, есабат ҳәм бәлентпәрўазлық руўхындағы материаллар үстинлик етпекте.

Және бир әҳмийетли мәселе – айырым журналист ҳәм блогерлеримизде билим ҳәм профессионал тәжирийбе, пикир-талас мәдениятының жетиспейтуғыны жәмийетшиликти қәўетерге салмақта.

Бул бағдардағы ең тийкарғы ўазыйпа – мине усындай кемшиликлерди терең үйренип, оларды сапластырыў,  муғдар көрсеткишлерин сапа көрсеткишлерине айландырыў, ғалаба хабар қуралларының нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат.

Биз бүгин ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурып атырған екенбиз, журналистиканың пүткил дүнья жүзинде тән алынған, өзгермес талап ҳәм өлшемлерине әмел етиўимиз зәрүр. Бул принциплердиң ең тийкарғысы – объективлик ҳәм исенимлилик болып есапланады. Нәтийжеде, баспасөз майданына кирген инсан – ол журналист бола ма, блогер бола ма, буған қарамастан – мине усы қағыйдаларға бойсыныўы шәрт.

Биз болажақ журналистлеримиздиң терең билим ҳәм кәсиплик шеберлигин, ана тилимиз бенен бирге шет тиллерди, белсенди пуқаралық позициясын, мәлимлеме-коммуникация  технологиялары, сөйлеў шеберлигин пуқта ийелеўине айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр.

Мине усындай жетик кадрларды таярлаўда бәринен бурын өзимиздиң бай руўхый мийрасымызға сүйенсек, әлбетте нәтийже болады. Бул бағдарда жадидлер, атап айтқанда, быйыл 145  жылық туўылған күни кеңнен белгиленип атырған уллы ойшыл ҳәм публицист Маҳмудхожа Беҳбудийдиң  миллий журналистика мектеби, айрықша, үлкен әҳмийетке ийе.

Сиз әзийзлердиң бүгинги кәсип байрамыңыз себепли бир жақсы усынысты алға қоймақшыман. Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң студентлери ушын Маҳмудхожа Беҳбудий атындағы стипендияны шөлкемлестирсек, бул да жасларымызды миллий идея руўхында тәрбиялаўда хызмет етеди, деп ойлайман.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта жәҳәндеги жетекши медиа компаниялардың кадрлар таярлаў ҳәм олар менен ислесиўге байланыслы тәжирийбесин терең үйренип, сырт елли журналистлер менен тәжирийбе алмасыў, халықаралық бирге ислесиўди күшейтиўимиз зәрүр.

Ҳүрметли баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери!

Сизлерди ҳәм сизлердиң дөретиўшилигиңизден руўхланатуғын көпшилик оқыўшы ҳәм ықласбентлериңизди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, жаңа табыслар, шаңарағыңызға қут-берекет тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

 

ӨзА