Республикамыз ғәллекешлери режени артығы менен орынлады

Қарақалпақстан Республикасының ғәллекешлери мәмлекетке 101 мың 303 тонна орнына әмелде 103 мың 454,6 тонна дән тапсырып, шәртнамалы режени 102 проценттен арттырып орынлады.

Бүгинги күнге Тақыятас районы 130,7, Әмиўдәрья районы 118,2, Елликқала районы 114,2, Беруний, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Төрткүл, Хожели, Шымбай, Шоманай районлары 100-106 проценттен режени артығы менен орынлады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 30-сентябрьдеги «2020-жыл өними ушын гүзги масақлы дән егинлериниң сортларын жайластырыў ҳәм масақлы дән жетистириўдиң прогноз көлемлери ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде аймақта усы жылдың өним ушын 53 мың гектар майданда гүзги масақлы дән егилди.

Гүзги масақлы дән егинлерин тәрбиялаўда әмелге асырылатуғын агротехникалық илажлар өз ўақтында алып барылды.  Атап айтқанда, мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлердиң  көрсеткен белсендилиги себепли түрли кеселликлер, зыянкеслер ҳәм жабайы шөплерге қарсы профилактикалық химиялық қайта ислеўлер системалы тәризде өткерилди. Быйыл дән ислеп шығарыўды 327,1 мың тонна ямаса ҳәр гектардан 61,7 центнерден дән жетистириўди режелестирген.

Бүгинги күнде 2576 фермер хожалығы тәрепинен ғәлле орым-жыйым жумыслары әмелге асырылып, соннан 1838 фермер хожалығы тәрепинен мәмлекетке дән тапсырыў бойынша контрактация шәртнамасы толық орынланды.

Ҳәзирги ўақытта орым-жыйым, сондай-ақ, ғәлледен босаған майданларға тәкирарий егин егиўге таярлаў жумыслары қызғын даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы