Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Соңғы жыллары халықты ҳәм аймақты сейсмикалық қәўиптен қорғаў бойынша анық мақсетке қаратылған илажлар әмелге асырылды, сейсмология ҳәм сейсмикалық шыдамлы қурылыс тараўындағы илимий-изертлеў жумысларын дүнья талаплары дәрежесинде өткериў ушын шараятлар жаратылды, жер қабығының күшленген-деформацияланған жағдайын бақлайтуғын, сейсмикалық қәўипти баҳалаўда ҳәм жер силкиниўлердиң дәреклерин белгилеўде пайдаланылатуғын станциялар тармағының материаллық-техникалық базасы беккемленди.

Соның менен бирге, елимиз аймағы сейсмикалық жедел зоналарда жайласқанлығы себепли сейсмикалық қәўиптиң алдын алыў, халықты ҳәм аймақларды сейсмикалық қәўиптен қорғаў, бул бойынша кадрлар таярлаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, тараўда анық мақсетке бағдарланған бағдарламаларды ҳәм илимий изертлеўлерди турақлы әмелге асырып барыў зәрүрлиги бар.

Сейсмология, имаратлардың сейсмикалық беккемлигин ҳәм сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўын дүнья стандартлары тийкарында раўажландырыў мақсетинде және 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасында сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў системасын жетилистириў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама)1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

халықтың сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў

сейсмикалық қәўип дәрежесин азайтыў илажларын көриў;

пайдаланыўда болған ҳәм пайдаланыўға тапсырылатуғын имарат ҳәм объектлердиң сейсмикалық беккемлигин қадағалаў;

республика аймағында жайласқан суў сақлағышлар ҳәм гидротехника имаратларының сейсмикалық беккемлигин қадағалаў;

сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў;

сейсмикалық қәўипсизликти  ҳәм беккемликти тәмийинлеўдиң заманагөй усылларын ҳәм техникалық қуралларын әмелиятқа енгизиў;

сейсмикалық қәўипсизликти ҳәм беккемликти тәмийинлеўдиң илимий тийкарларын ҳәм технологияларын жетилистириў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-августтағы ПҚ-3190-санлы қарары менен тастыйықланған Сейсмология, сейсмикалық шыдамлы қурылыс және Өзбекстан Республикасы халқының ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлиги бойынша уйымлараралық илимий-техникалық кеңеске (кейинги орынларда – Кеңес) Бағдарламада белгиленген илажлардың сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асрылыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленсин.
  2. Төмендегилер сейсмология, имаратлардың сейсмикалық беккемлигин ҳәм сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында:

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы – сейсмикалық қәўипти ҳәр қыйлы көлемде баҳалаў, аймақларды сейсмикалық районластырыў, жер силкиниўлерди мүддетлер кесиминде болжаў методологиясын ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, ҳәр қыйлы сейсмикалық қәўиптиң инженерлик-геологиялық тийкарларын ҳәм баҳалаў технологияларын жаратыў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик илимий мәкемеси;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги-республика аймағында қурылып атырған объектлердеги жойбарлар ҳәм қурылыс сапасын сейсмикалық қәўипсизлик бойынша нормативлик ҳүжжетлер талапларына  муўапықлығын баҳалаў ҳәм қадағалаў, қалалардағы бар имаратлардың сейсмикалық беккемлигин тәмийинлеў, имаратлардың сейсмикалық қәўпин азайтыў бойынша зәрүр илажларды ислеп шығыў ушын жәўапкер болған мәмлекетлик басқарыў уйымы;

Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги-республика ҳәм трансшегаралық аймақларда, сондай-ақ, тәбийғый ҳәм техноген қәўипли аймақларда және әҳмийетли объектлерде сейсмикалық қәўипсизлик бойынша мониторингти шөлкемлестириў, күшли ҳәм апат келтиретуғын жер силкиниўлер жүз бериў қәўпи бар болғанында олардың ақыбетлерин сапластырыў ушын зәрүр илажларды көриўге жуўапкер болған мәмлекетлик басқарыў уйымы етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети атқарыўшы структурасының IТ-технологиялар, телекоммуникациялар ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў мәселелери департаменти қурамында қосымша 3 штат бирлигин ажыратқан ҳалда Сейсмология, имаратлардың сейсмикалық беккемлигин ҳәм сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўын муўапықластырыў секторы (кейинги орыналарда-Муўапықластырыў секторы) шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Муўапықластырыў секторының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы жуўапкер уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын турақлы муўапықластырып барыў;

сейсмология тараўында илимди раўажландырыў, заманагөй мәлимлеме, соның  ишинде, инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў;

сейсмикалық қәўипти болжаў процесин санластырыў илажларын көриў;

республикада сейсмикалық қәўип дәрежесин азайтыў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды турақлы түрде мониторинг етип барыў;

халықтың сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылыўын шөлкемлестириў;

пайдаланыўда болған объект ҳәм имаратлардың сейсмикалық беккемлигин тәмийинлеў бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте илажлар көриў;

республиканың сейсмикалық жедел аймағында жайласқан имаратлардың мониторинги нәтийжелерине тийкарланып, беккемлигин тәмийинлеў бойынша усынысларды ислеп шығыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Айрықша жағдайлар министрлиги, Қурылыс министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Министрлер Кабинети жанында юридикалық тәреп дүзбеген ҳалда Сейсмология, имаратлардың сейсмикалық беккемлигин ҳәм сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўын қоллап-қуўатлаў қорын (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Төмендегилер:

а) Қордың қаржыларын қәлиплестириўдиң тийкарғы дәреклери етип белгиленсин:

республикалық бюджеттен әмелий изертлеўлер ҳәм инновациялық жумыслардың илимий-техникалық бағдарламалары ушын ажыратылған грант қаржылары есабынан усы жылы 20 миллиард сумға шекемги қаржылар, келеси жыллары болса талапқа қарап, Министрлер Кабинетиниң есап-санағына тийкарланып ажыратылатуғын қаржылар;

сырт ел (халықаралық) финанс институтлары ҳәм басқа да сырт ел донорларының техникалық жәрдем қаржылары ҳәм грантлары;

Қордың бос қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) сейсмология, имаратлардың сейсмикалық беккемлигин ҳәм сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында Қордың қаржылары жумсалатуғын бағдарлар етип белгиленсин:

илимий изертлеўлерге жәрдемлесиў, изертлеў жумысларын қоллап-қуўатлаў ушын грантлар ажыратыў;

кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, сондай-ақ, конференциялар, семинарлар ҳәм басқа да илажларды, соның ишинде, сырт еллерде шөлкемлестириў ҳәм оларда қатнасыўға байланыслы қәрежетлерди қарыжландырыў;

илимий лабораторияларды зәрүр әсбап-үскенелер, есаплаў техникалық қураллары және комплектлеўши материаллар  менен тәмийинлеў ҳәм оларды орнатыў менен байланыслы қәржетлерди қаржыландырыў;

республика халқының ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўына санластырылған технологияларды енгизиў, сейсмикалық шыдамлы қурылыс бойынша миллий бағдарламаларды ислеп шығыў менен байланыслы болған қәрежетлерди қаржыландырыў;

сейсмология, имаратлардың сейсмикалық беккемлигин ҳәм сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тараўға байланыслы жумыс бағдары бойынша материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

республиканың сейсмикалық жедел аймағында жайласқан обеъктлер ҳәм имаратлардың электрон техникалық паспортларын қәлиплестириў процесине байланыслы болған қәрежетлерди қаржыландырыў;

жоқары илимий нәтийжелерге ерискен ҳәм илимниң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан илимпазларды, соның ишинде, жас илимий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў.

  Өзбекстан Республикасының Бас министри Қор қаржыларына ийелик етиўши болып есапланады.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Айрықша жағдайлар министрлиги, Қурылыс министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң:

Ташкент қаласындағы Турин политехника университетин (кейинги орынларда – Турин политехника университети) «Инженерлик сейсмологиясы» билимлендириў бағдары ҳәм қәнигелиги, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетин «Сейсмология ҳәм сейсмометрия» билимлендириў бағдары ҳәм қәнигелиги бойынша кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша базалық жоқары билимлендириў мәкемелери етип белгилеў;

усы билимлендириў мәкемелеринде 2021/2022 оқыў жылынан баслап тийислилигине қарап «Инженерлик сейсмологиясы» ҳәм «Сейсмология ҳәм сейсмометрия» билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша бакалавриат  және магистратура басқышларында оқыў процесслерин жолға қойыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

 7.Турин политехника университети жанында Объект ҳәм имаратларды экспериментал изертлеў илимий-техникалық лабораториясы (кейинги орынларда – Лаборатория) шөлкемлестирилсин ҳәм Лаборатория тәрепинен өткерилетуғын изертлеў сынақларының тийкарғы бағдарлары 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Лаборатория Турин политехника университетиниң Технопарки имаратында шөлкемлестирилетуғыны;

Лабораторияны шөлкемлестириў ҳәм айырым әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў бойынша жумыслар Қордың қаржылары, халықаралық қаржы институтлары ҳәм шөлкемлериниң техникалық жәрдем қаржылары (грантлары) және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклерден қаржыландырылатуғыны;

Лаборатория штат бирликлери Турин политехника универститетиниң профессор-оқытыўшылары, докторантура излениўшилери және «Қурылыс материаллары ҳәм конструкциялары» лабораториясының хызметкерлерин оптималластырыў есабынан жәмленетуғыны;

Имарат ҳәм объектлердиң сейсмикалық шыдамлы қурылысы бойынша изертлеўлер алып барыў, сейсмикалық қәўипти баҳалаў ҳәм азайтыў ушын жуўапкер мәмлекетлик илимий-изертлеў мәкемелери Лабораториядан еркин пайдаланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

2021-жыл 1-апрельден баслап республиканың сейсмикалық жедел аймағында жайласқан имаратлар ҳәм объектлер, сондай-ақ, көп қабатлы турақ жайлардың сейсмикалық әззилигин баҳалаў ушын зәрүр болған мағлыўматларды нәзерде тутатуғын электрон техникалық паспортларды қәлиплестиретуғыны;

2021-жыл 1-майдан баслап жаңа қурылысы режелестирилип атырған көп қабатлы имаратлар ҳәм объектлердиң конструктивлик системасы, қурылыс майданының сейсмикалық дәрежеси, жүк көтеретуғын конструкциялар материалларының беккемлик көрсеткишлерин нәзерде тутатуғын электрон техникалық паспортларды қәлиплестириў әмелияты жолға қойылатуғыны;

б) Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги Илимлер академиясы менен биргеликте усы әмелияттың енгизилиўи ушын жуўапкер болған шөлкемлер болып есапланатуғыны;

в) қәлиплестирилген электрон техникалық паспортлардан сейсмикалық қәўип болжаўы бар болған жағдайларда имаратлар ҳәм объектлердиң сейсмикалық беккемлигин үйрениў, жүз бериўи күтилип атырған жер силкиниўге таярлық көриў ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде пайдаланылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Қурылыс министрлиги Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте:

а) 2020-жыл 1-декабрьге шекем имаратлар ҳәм объектлерди электрон техникалық паспортластырыў усылын ислеп шықсын;

б) 2021-жыл 1-декабрьге шекем:

регионаллық дәрежедеги сейсмикалық қәўипти баҳалаўдың илимий-методикалық тийкарларын, сондай-ақ, Өзбекстан аймағының майда масштаблы сейсмикалық риск картасын ислеп шықсын;

күшли жер силкиниўлерди өз ўақтында болжаў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў және тийисли профилактикалық илажларды нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде майда масштаблы сейсмикалық риск картасы базасында программалық тәмийнатты жаратсын ҳәм халықтың хабардарлығын турақлы тәмийинлеп барсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги:

а) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-январьға шекем Айрықша жағдайлар министрлиги Сейсмопрогностикалық мониторинг республикалық орайының сейсмикалық ҳәм комплексли болжаў станциялары менен болжаў мағыўматлар алмасыўы процесине автоматластырылған системаны енгизсин;

б) Илимлер академиясы ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2020-жылдың ақырына шекем Орайлық Азия аймағында сейсмикалық қәўип-қәтерди болжаў мәселеси бойынша қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў  бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

в) Илимлер академиясы ҳәм Қурылыс министрлиги  менен биргеликте:

2021-жыл 1-апрельге шекем пуқаралар ушын жер силкиниў ўақтында тийисли ҳәрекет ҳәм илажларды әмелге асырыў бойынша методикалық қолланбаны;

жергиликли шийки заттан жеке меншик турақ жайларды (индивидуал имаратларды) қурыўда элементар сейсмикалық беккемлик илажларын көриў бойынша методикалық қолланбаны ислеп шықсын ҳәм халықтың арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын әмелге асырсын;

г) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-апрельге шекем:

халыққа жүз берген жер силкиниў бойынша толық мағлыўматлар жеткерилиўин тәмийинлейтуғын мобиль қосымшаны жаратсын;

Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Сейсмопрогностикалық мониторинг республикалық орайының рәсмий веб-сайты, мағлыўматлар базасы ҳәм мобиль қосымша арасында оператив мағлыўматлар алмасыў интеграциясын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Айрықша жағдайлар министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Энергетика министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги менен биргеликте:

2020-жыл 1-ноябрьге шекем барлық суў сақлағышлар ҳәм гидротехника имаратларының сейсмикалық беккемлик жағдайын баҳалаў бойынша экспресс методикасын ислеп шықсын;

2021-жыл 1-июньге шекем суў сақлағышлар ҳәм гидротехника имаратларының сейсмикалық әззилигин баҳалаў паспортларын қәлиплестирсин ҳәм олардың анықланған сейсмикалық әззилигин сапластырыў бойынша илажларды ислеп шықсын және додалаў ҳәм тастыйықлаў ушын Кеңеске киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы:

а) Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги менен биргеликте:

2020-жыл 1-декабрьге шекем тараўдағы маман қәниге ҳәм илимпазларды тартқан ҳалда «Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм аймағының сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызам жойбарын;

2021-жыл 1-мартқа шекем 2030-жылға шекемги мүддетте Сейсмология, имаратлардың сейсмикалық беккемлигин ҳәм сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўын раўажландырыў концепциясын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) Инновациялық раўажланыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және «Эл-юрт умиди» қоры менен биргеликте еки ай мүддетте сейсмология, имаратлардың сейсмикалық беккемлигин ҳәм сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўына халықаралық шөлкемлердиң грантларын тартыў, сондай-ақ, тараў қәнигелери ушын сырт еллерде оқыў, стажировка өтеў ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

а) бир ай мүддетте:

Қордың жумысын шөлкемлестириў;

Республиканың сейсмикалық жедел аймағында жайласқан суў сақлағышларында инструменталлық сейсмологиялық бақлаўларды турақлы әмелге асырыў системасын жаратыўды және оған жуўапкер шөлкемлерди зәрүр әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарларын қабыл етсин;

б) еки ай мүддетте:

Лаборатория жумысын толық шөлкемлестириў ушын зәрүр болған айырым әсбап-үскенелер менен;

Илимлер академиясы М.Т. Уразбаев атындағы Механика ҳәм имаратлардың сейсмикалық беккемлиги институтын имарат пенен тәмийинлеў илажларын көрсин;

в) үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы «Гидротехника имаратларының қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызамы жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы қарар ҳәм Бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың аймақлар кесиминде сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жуўапкер орынлаўшыларға жақыннан жәрдем берсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Илимлер академиясы, Айрықша жағдайлар министрлиги, Қурылыс министрлиги және басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                Шавкат МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 30-июль