Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласында Опера ҳәм бақсышылық мектебин барып көрди

Президент Шавкат Мирзиёев 2-октябрь күни Нөкис қаласындағы Опера ҳәм бақсышылық мектеп-интернатын барып көрди.

Ҳәммемизге белгили, қарақалпақ халқының өзине тән бақсышылық жөнелиси бар. Ғәрезсизлик жылларында бул жерде опера да раўажланды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық бақсылары, хызмет көрсеткен артистлер жетисип шықты.

Опера ҳәм бақсышылық мектеп-интернаты усы  дәстүрди даўам еттириў, жас әўладқа жеткериўге хызмет етеди. Бул қәнигелестирилген билимлендириў орны өткен айда иске түсирилди. Мектеп 150 орынға мөлшерленген болып, оған 9-классты питкерген талантлы оқыўшы жаслар таңлаў тийкарында қабыл етиледи. Ҳәзирде 30 ул-қыз оқыўды баслады. Оларға белгили көркем өнер шеберлери ҳәм педагоглар сабақ бермекте.

– Бундай мектеплерди шөлкемлестириўимизден тийкарғы мақсет – тарийхымызды, мәдениятымызды терең үйрениў, өзлигимизди аңлаў. Бақсышылық – қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Дерек: https://president.uz/