ӨЗБЕКСТАН ХАЛҚЫНА БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Ҳүрметли ўатанласлар!

Сиз әзизлерди, сизлер арқалы пүткил ҳалқымызды бүгинги қутлы әййям – Өзбек тили байрамы менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.

1989-жыл 21-октябрьде, оғада қурамалы жәмийетлик-сиясий шараятта елимизде «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилиўи миллий ғәрезсизликке қарай қойылған әҳмийетли қәдем болғанын ҳәммемиз жақсы еслеймиз.

Жәмийетшилигимиз, халқымыздың тилеклерин инабатқа алып, өткен жылы бул тарийхый сәнени Өзбек тили байрамы күни сыпатында белгилеў ҳаққында нызам қабыл еткенимизден ҳәммеңиздиң хабарыңыз бар. Бүгин мәмлекетимизде биринши мәрте кең белгиленип атырған әне усы байрам мәнаўий турмысымыздан беккем ҳәм мүнәсип орын алады, деп исенемен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгинги күнде биз жаңа Өзбекстанды, жаңа Ренессанс тийкарын қурыўдай ийгиликли мақсетлеримизге ерисиўде, ҳеш гүмансыз, ана тилимиздиң өмиршең қүдиретине таянамыз.

Себеби, неше әсирлер өтип ата-бабаларымыздан бизге жетип келген ана тилимиздиң раўажланыўы ҳәм келешеги ҳаққында қайғырыў – бул миллеттиң өзлигин аңлаўы, оның мәнаўий кәмалатын жоқарылатыў ушын гүрес болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта жер жүзинде өзбек тилинде сөйлесетуғынлардың саны дерлик 50 миллион адамды қурайтуғыны оның дүньядағы ири тиллерден бирине айланып баратырғанлығын дәлиллейди.

Ҳәзирги ўақытта елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлардың мәдениятын ҳәм үрп-әдетлерин, атап айтқанда, олардың ана тиллерин раўажландырыў ушын да зәрүр шараятлар жаратылмақта. Түрли аймақларда шөлкемлестирилген 140 қа шамалас миллий мәденият орайлары әне усы мақсетлерге хызмет етпекте. Көплеген тәлим-тәрбия орайлары, ғалаба хабар қураллары өзбек тили менен бирге, қарақалпақ, рус, қазақ, қырғыз, тәжик, түркмен тиллеринде жумыс ислемекте. Шет тиллерге қәнигелескен және билимлендириў шет тиллерде алып барылатуғын билимлендириў мәкемелериниң саны артып бармақта.

Бүгинги күнде сырт мәмлекетлердеги 65 жоқары оқыў орнында өзбек тили ҳәм  әдебияты үйренилмекте, бул тараўда илимий излениў ҳәм изертлеўлер алып барып атырған сырт ел илимпазларының қатары барған сайын кеңеймекте.

Күни кеше Аўғанстан Ислам Республикасында Өзбек тили күнине бағышланған байрам илажлары биринши мәрте мәмлекет көлеминде белгиленгенин мәмлекетимиз жәмийетшилиги, пүткил өзбек  халқы үлкен  қанаатланыўышылық ҳәм қуўаныш пенен күтип алды.

Пурсаттан пайдаланып, туўысқан Аўғанстан мәмлекети басшылығына өзбек тилине рәсмий тил статусын берип, оған көрсетип атырған жоқары итибар ҳәм ҳүрмет ушын және бир мәрте шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен. Бул ески мәканда жасап атырған барлық миллетлеслеримизди бүгинги қутлы байрам менен елимиз атынан қызғын қутлықлайман.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Мәмлекетимизде өзбек тилин заман талаплары тийкарында раўажландырыў, оның мәмлекетлик тил сыпатындағы орнын ҳәм абырайын буннан былай да беккемлеў бағдарында алдымызда үлкен ҳәм жуўапкершиликли  ўазыйпалар турыпты.

Усы мақсетте «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам жойбарының жаңа редакциясы және усыған байланыслы айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарлары таярланып, Олий Мажлис Нызамшылық палатасына көрип шығыў ушын киргизилди.

Хабарыңыз бар, күни кеше «Мәмлекетимизде өзбек тилин буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманына қол қойылды.

Пәрманға муўапық, өзбек тилиниң халқымыздың жәмийетлик турмысында ҳәм халықаралық көлемдеги абырай-итибарын түп-тийкарынан арттырыў, өсип киятырған жасларымызды ўатансүйиўшилик, миллий дәстүрлер ҳәм қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў, мәмлекетимизде мәмлекетлик тилди толық енгизиўди тәмийинлеў, Өзбекстандағы миллет ҳәм халықлардың тиллерин сақлаў ҳәм раўажландырыў, мәмлекетлик тил сыпатында өзбек тилин үйрениў ушын шараятлар жаратыў, тил сиясатын раўажландырыўдың стратегиялық мақсетлери, тийкарғы бағдарлар ҳәм перспективадағы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў ушын мәмлекетлик басқарыў, заманагөй ҳәм инновациялық технологиялар, санаат, банк-финанс системасы, ҳуқықтаныў, дипломатия, медицина тараўларында, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм әскерий мәкемелердиң жумысында толық мәмлекетлик тилде жумыс ислеў бойынша басланған жумысларымызды күшейтиўимиз керек.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде жасап атырған, Өзбекстанымызды бирден-бир ҳәм татыў шаңарақ деп билетуғын түрли миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери де өзбек тилин үйрениўге үлкен қызығыўшылық ҳәм тилек билдирип атырғанлығы айрықша итибарға ылайық болып есапланады.

Усы мүнәсибет пенен бул бағдарда мотивация факторларын күшейтиў, арнаўлы сабақлық, сөзлик ҳәм қолланбалар, видео ҳәм аудиоматериаллар, заманагөй оқытыў усылларын кеңнен енгизиў үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгинги глобалласқан дүньяда тиллердиң бир-бирине өз-ара тәсири, соның ишинде, сырттан сөз қабыл етиў көлеми ҳәм пәти артып бармақта. Тилекке қарсы, елимизде бул процесс анық система ҳәм илимий қатнасларсыз жүз берип атырғанын тән алған ҳалда, ағымдағы жағдайды  сапластырыў ушын тәсиршең илажлар көриў зәрүр.

Ҳәзирги ўақытта өзбек тили айрықша пән сыпатында оқытылып атырған сырт ел университети ҳәм орайлары менен тығыз бирге ислесиў орнатыў, олар ушын оқыў әдебиятларын жаратыў бағдарында да жедел жумыс ислеўимиз зәрүр.

Жәҳән әдебиятының дүрданаларын өзбек тилине және өзбек әдебиятының сайланды дөретпелерин шет тиллерге аўдарыў ҳәм басып шығарыў, бул бағдарда қәлиплескен дөретиўшилик мектеплерди раўажландырыў, жоқары маманлықтағы аўдармашы-әдебиятшылар менен қәнигелерди таярлаў жумысларына айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр.

Мәмлекетимизде «Өзбек халық дөретиўшилиги мийраслары», «Қарақалпақ әдебияты дүрданалары», «Биринши китабым», «Жәҳән әдебияты дүрданалары» сыяқлы серияларды басып шығарыў бойынша басланған жумысларды системалы тийкарда даўам еттириў керек.

Сондай-ақ, өзбек тилиниң дүнья майданында, атап айтқанда, Интернет мәлимлеме тармағында мүнәсип орын ийелеўин тәмийинлеў, ана тилимизде көплеген  жаңа  компьютер программаларын жаратыў бойынша да алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўимиз зәрүр.

Бул қутлы байрам алдында қабыл етилген «Уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 580 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарар және өзбек тили ҳәм әдебиятын, миллий мәдениятымызды және де раўажландырыўға қаратылған әмелий ҳәрекетлеримиз бенен үйлесикли ҳәм бир тутас болып есапланады.

Ҳүрметли дослар!

Атақлы мәрипатшы Абдулла Авлоний бабамыз айқанындай, тил – миллет руўхын жоқарылататуғын уллы күш болып есапланады.

Усы мәнисте, Ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық – ана тилине муҳаббат ҳәм садықлықтан басланады, десек, қәтелеспеген боламыз.

Мен мине усындай қатнас ҳәм түсиник ҳәр бир ўатанласларымыздың турмыслық исенимине айланады, бул бағдарда ҳүрметли зыялыларымыз, белсенди жасларымыз, кең жәмийетшилигимиз бәршеге өрнек ҳәм үлги болады, деп исенемен.

Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласларым!

Сизлерди Өзбек тили байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Ҳәммеңизге денсаўлық, аманлық, бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық, пайыз- берекет тилеймен.

Өзбек тилимиз мәңги жасасын, бәрқулла мақтаныш пенен жаңласын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти