Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз он бесинши сессиясы болып өтти

Усы жылдыӊ 7-ноябрь күни халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз он бесинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтыӊ саламатлығын қорғаў, район халқының жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет етип, коронавирус пандемиясы себепли қайтып келген пуқараларды жумысқа орналастырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылды.

Сессияда район ҳәкими лаўазымына усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ Финанс, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша 1-орынбасары, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри лаўазымларында ислеп келген Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиӊ кандидатурасы усынылды.

Усынылған талабан районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Сессияда Тажетдинов Айбек Алтынбекович Шымбай районы ҳәкими лаўазымына тайынланды ҳәм өзиниң бар билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға, районда кәмбағаллықты қысқартыўға, исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратыўға, машқалаларды унамлы шешиўге жумсайтуғынлығын атап өтти.

Усыныӊ менен халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз он бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети