СЕНАТ БАСЛЫҒЫ ДЕПУТАТЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Бәршеӊизге белгили, Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен усы жылдыӊ 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында республикамыздыӊ ҳәр бир қала ҳәм районын раўажландырыўға, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Мине усы мақсетте республикамызды жаңаша раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў ушын хожалық ҳәм исбилерменлик субъектлери үйренилип, әҳмийетли мәселелер анықланды.

Усы таллаўлар тийкарында 11-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «2020–2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Республикамызды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыўдыӊ әҳмийетли жөнелислери белгиленип, Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша 3 жыллық бағдарлама ислеп шығылды.

Республикамызда хызмет сапары менен болып турған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаева Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалардыӊ орынланыў барысы менен таныспақта.

14-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде депутатлар менен өткерилген ушырасыў да мине усы бағдарда болды.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаева Ҳүрметли Президентимиз басшылығында Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге тоқтап өтип, 3 жылға гөзленген бағдарламаныӊ ислеп шығылыўы ҳәм әмелиятқа енгизилиўи де елимиз басшысыныӊ Қарақалпақстанға деген айрықша итибары ҳәм ғамхорлығыныӊ және бир әмелдеги көриниси екенлигин айрықша атап өтти бул бағдарда кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларды белгилеп берди.

Қабыл етилген қарардыӊ толық мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Қ.Сариев шығып сөйледи.

Буннан соӊ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслықлары Д.Қурбаниязов, Ш.Атаниязов, А.Данияров ҳәм З.Реймовалар белгиленген ўазыйпалардыӊ өз мүддетлеринде, сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде депутатлардыӊ ҳәр бир қала, районға бириктирилгенлигин ҳәм бул ийгиликли ислерде депутатлар да белсендилик көрсететуғынлығын айтып өтти.

Сондай-ақ, бул бағдарда исленетуғын әҳмийетли жумыслар ҳәм олардыӊ орынланыўы ҳаққында сенаторлар менен депутатлар да өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баспасөз хызмети

М.Ҳабибуллаевтыӊ түсирген сүўретлери