Әмиўдәрья районында әмелге асырылып атырған жойбарлар үйренилди

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен усы жылдыӊ 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында республикамыздыӊ ҳәр бир қала ҳәм районын раўажландырыўға, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берген еди.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2020-жыл 11-ноябрьде «2020–2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, республикамызды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыўдыӊ әҳмийетли бағдарлары белгиленип, Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша 3 жыллық бағдарлама ислеп шығылды.

Белгиленген ўазыйпалардыӊ өз мүддетлеринде, сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир қала, районға депутатлар бириктирилип, олар районларды социал-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныспақта.

18-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы, депутат З.Реймова ҳәм Халық депутатлары Әмиўдәрья районының жергиликли Кеңес депутатлары районды социаллық-экономикалық раўажландырыў илажларының ҳәм 2020-2022-жылларға мөлщерленген инвестиция жойбарларының өз ўақтында орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўын әмелге асырды.

Президентимиздиң тапсырмаларынан келип шығып, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша өсиў ноқатлары анықланып, «драйвер» сыпатында тоқымашылық, бағдаршылық бағдарлары белгилеп алынды. Районда 2020-2022-жылларда баҳасы 457,5 миллиард сумлық 77 жойбар әмелге асырылып, 2 мыңнан артық жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Бүгинги күнге шекем 18 жойбар иске түскен болып, соның ишинде пластик есик ҳәм айналар ислеп шығарыў, УЗИ диагностика хызметин, саўда дүканы ҳәм улыўма аўқатланыў шахабшасын шөлкемлестириў, халыққа турмыслық хызметлерин көрсетиў (автомобиль жуўыў шахабшасы, саўда дүканы, футбол майданшасы), автомобильлерге газ қуйыў шахабшасы, жүк тасыў ҳәм автомобиль хызметлерин көрсетиў, нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў, сүтти қайта ислеў, битумнан қарақағаз ислеп шығарыўды кеңейтиў, шарўашылықты раўажландырыў сыяқлы жойбарлар әмелге асырылып, халық ийгилигине хызмет етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети