«Шайырлар аллеясы»нда байрам илажы өткерилди

Мойнақ районы орайындағы “Шайырлар аллеясында” қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен «Тил жасаса миллет жасайды» атамасында әдебий кеше ҳәм қарақалпақ тилиниң раўажланыўында орны теңсиз болған Күнхожа, Әжинияз, Бердақ бабаларымыздың естеликлерине гүл қойыў мәресими болып өтти.

Илажда Район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси С.Каримбаев ҳәм басқалар сөзге шығып, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, мектеп оқыўшылары қарақалпақ шайырларының дөретпелеринен қосықлар оқыды.

Атап өтилгениндей, тил халықтың тарийхын, мәдений мийрасын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа байлық, миллеттиң тийкарғы белгиси есапланады. Тил мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, руўхый-мәдений жақтан раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын қәдириятлардан бири болып табылады.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети