Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары тийкарында Реимов Рустем Мамбеткаримович Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри лаўазымына тайынланды.

Р.Реймов 2016-жылдан бүгинги күнге шекем Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы академиялық лицейиниң директоры лаўазымында жумыс алып барған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети