Халықтың арзыў-нийетлери жǝм болған анық ўазыйпалар

Президентимиз Шавкат Мирзиёев тǝрепинен Олий Мажлиске жолланған Мүрǝжǝтты бǝрше қатары үлкен қызығыўшылық пенен тыңладым. Халқымыз келешегиниң жылдан-жылға раўажланыўы, ҳǝр бир инсанның бүгинги күнинен кеўли толып, ертеңги күнине үлкен үмитлер менен батыл қадем таслаўы ушын, ҳǝр бир тараўда ǝмелге асырылған жумыслар, жетискенлик ҳǝм кемшиликлер менен, машқалаларды сапластырыў ушын анық режелер белгилеп берилгенлигине усы елдиң пуқарасы ҳǝм перзентлер тǝрбиялап атырған ана сыпатында жүдǝ кеўлим толды.

Президентимиз тǝрепинен 2021-жылды мǝмлекетимизде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳǝм халық саламатлығын беккемлеў жылы» деп жǝрияланыўы, елимиз жасларының өмиринде үлкен бурылысларға жол ашылыўына түртки болып, келешегимиз тийкарының еле де беккем болыўын тǝмийинлейди.

Бундай итибар жаслардың күшине күш, ғайратына еле де ғайрат қосатуғынлығы анық. Сондай ақ, перзентлердиң камалға келиўи ҳǝм жаслар тǝрбиясына айрықша тоқталып, пайтахтта да, шетки аўылларда да билимлендириў сапасының бирдей болыўы, оқыўшыларды мектептен баслап кǝсипке бағдарлаў ҳаққында жүдǝ ǝҳмийетли ҳǝм анық ўазыйпаларға тоқталып өтти.

Жоқары оқыў орынларына қабыл етиўде мǝмлекетлик грантларды 25 процентке  көбейтиў, мүтǝж шаңарақлардың қызлары ушын грантлар санын 2 мыңға жеткериў  ҳаққындағы пикирлери тиккелей елимиз келешеги ушын үлкен ǝҳмийетке ийе. Усы жылы айрықша баҳаларға оқып атырған социаллық жǝрдемге мүтǝж шаңарақлардың қызлары ушын қосымша стипендия енгизилиўин еситип, Президентимиздиң жоқары ғамхорлығын еле де терең сезиндим, билимге болған ықласы еле де артып атырған қызлардың  қуўанышы ҳǝм шадлығы ериксиз көз алдымнан өтти. Себеби, ҳаял-қызлар билимли болса олар келешекте перзентлерине жақсы тǝрбия берип, бул  арқалы жǝмийеттиң раўажланыўына өз үлесин қосады, шаңарағында бахыт таўып, өмиринен кеўли толып жасайды ҳǝм жǝмийетте өз орнына ийе болады.

Халқымыз ǝзел-ǝзелден жетимниң басын сыйпаған, мүтǝжлерге қолынан келгенше жǝрдем қолын созған, қыйналғанға сүйеў болған сақый халық. Мүрǝжǝтте Президентимиз тǝрепинен атап өтилгениндей, усы жылы 900 шын жетимлердиң үй-жай менен тǝмийинлеўге 50 миллиард сўм қаржы ажыратылыўы, имканияты шекленген балалар ушын мектепке шекемги тǝрбияны үйинде жолға қойыў системасы енгизилетуғынлығы жоқарыдағы пикирлеримиздиң айқын дǝлийли болып табылады.

Президентимиз тǝрепинен билдирилген ҳǝр бир мǝселе анық ҳǝм бүгинги күн ушын жүдǝ зǝрүр екенлиги  менен үлкен ǝҳмийетке ийе. Өзбекстанның пандемиядан кейинги раўажланыў бағдарламасы ислеп шығылыўы ҳаққындағы пикирлерде- бǝрше ушын бирдей сынаўлы болып келген пандемия дǝўиринде халық арасында пайда болған турмыс тǝризи менен байланыслы болған ҳǝр түрли қǝўетерлерди сапластырып, ҳеш ким, ҳеш қашан итибардан шетте қалмаўына исенимин арттыратуғын, ҳалықтың арзыў ҳǝм тилеклери жǝм болғанлығын толық аңлаймыз.

Мүрǝжǝтте Президентимиз тǝрепинен алға қойылған усыныс ҳǝм басламалардың мазмуны ҳǝм ǝҳмийетин халқымызға жеткериўде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы ўǝкиллери ҳǝм барлық дǝрежедеги депутатлар белсендилик пенен қатнасыўына исенемиз. Себеби, бǝршемиздиң кеўлимизде инсанды өзгертиў арқалы-жǝмийетти өзгертиўдей үлкен мақсет жǝмлескен.

Пидайылық, жоқары билим ҳǝм гөззал инсаныйлық пазыйлетлер- жǝмийетимиздиң жоқары раўажланыўын белгилеп, жаңа Өзбекстанның жарқын келешегине хызмет етеди.

 

Айгул Өтениязова,
ӨзМТДП ҚР Кеңеси Ҳаял-қызлар мǝселелери бойынша жетекши қǝнигеси