Фермер хожалықларына жер ажыратыӯ ҳәм мәмлекетлик резервке қайтарып алыӯдағы машқалаларды сапластырыӯ бойынша нызам талаплары түсиндирилди

Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында фермер хожалықларына жер ажыратыӯ ҳәмде жерлерди мәмлекетлик резервке қайтарып алыӯда жүзеге келип атырған машқаларды сапластырыӯ бойынша нызам талапларын түсиндириӯ ҳәмде келешекте болдырмаӯ мақсетинде семинар болып өтти.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  баслығының Аӯыл ҳәм суӯ хожалығы мәселелери бойынша орынбасары С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри С.Мамбекадыров ҳәмде Тахтакөпир,  Қараөзек, Шымбай,  Кегейли ҳәм Бозатаӯ районларының ҳәкимлери қатнасты.Семинарды  Шымбай район ҳәкими А.Тажетдинов ашты ҳәм басқарып барды. Семинарда күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри С.Мамбекадыров, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды судясы Г.Ешназарова, Қарақалпақстан Республикасы бөлими прокуроры С.Раймовлар сөзге шығып семинар қатнасыӯшыларына жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыӯ бойынша нызам талаплары ҳаққында кең түрде түсиниклер берди.

Шымбай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети