Мойнақлы жаслар Қараөзек районы ҳәм Нөкис  қаласына саяхат етти

Мойнақ районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Е.Еденбаевтың басламасы менен “Ҳәким ата” аўыл пуқаралар жыйынының Дослық ҳәм Әлий аўыллары, “Бозатаў” АПЖ жаслары Қараөзек районы ҳәм Нөкис  қаласына саяхат етти.

Мойнақлы жаслар дәслеп Қараөзектеги “Панаев фарм” фермер хожалығында болды.

– “Панаев фарм” фермер хожалығына саяхат ең дәслеп нәсилли қара малларды тамашалаўдан басланды – булар симменталь ҳәм голштин нәсилли маллар. Голштин нәсилинен гөш өними, ал симментал нәсилинен болса гөш пенен бирге сүт өнимлери жетилистириледи. Күнине 30 литрге шекем сүт береди, – дейди, район ҳәкиминиң аўыл хожалығы ҳәм суў мәселелери бойынша орынбасары Р.Шербаев.

Соннан соң фермер хожалықтағы нәсилли қой-ешкилер, қоянлар ҳәм қусшылық тараўы бойынша алып барылып атырған илажлар менен танысылды. – Шарўашылық бойынша исбилерменлик жумысымды қалай баслайман, қалай шөлкемлестиремен, оны қалай раўажландыраман сыяқлы сораўлар маған ҳеш тынышлық бермес еди. Мине, бүгинги саяхат даўамында биз жаслардан тек ҳәрекет керек екенлигин түсиндим. Банк кредити есабынан өз бизнесимди әлбетте жолға қояман – дейди, Клара Кенжебаева нықланған шешим менен.

Саяхат даўамында Мойнақ район ҳәкиминиң аўыл хожалығы ҳәм суў мәселелери бойынша орынбасары Р.Шербаев шарўашылық тараўына қызығыўшылық билдирип, сораўлар менен мүрәжат еткен ҳәр бир жасқа топлаған тәжирийбеси менен бирге илимий- теориялық дереклер тийкарында жуўап қайтарды. Сондай-ақ, фермер хожалықта ислеўши хызметкерлер де тараўдағы бар билгенин жаслар менен бөлисти.

Илажға қатнасып атырған 50 ден аслам жаслар тәрепинен өзлерине берилетуғын жеңиллетилген кредитлер, ол қалай ажыратылады, кимлер кепил бола алады, кредит төлеў мүддетлери ҳәм басқа да есап-санақ жумыслары бойынша сораўларына банк хызметкерлери тәрепинен жуўаплар алды. Илаж жуўмағында жаслар өзлери таңлаған нәсилли малларын паспорты арқалы белгилеп, кредит мәселес шешилгеннен соң Мойнаққа алып кетиў ушын буйырпа берди.

Солай етип, Қараөзек районы “Панаев фарм” фермер хожалығына саяхат жаслар ушын үлкен тәжирийбе, қызығыўшылық оятыў ҳәм күшли мотивация бериў менен әҳмийетли болды.

Күнниң екинши ярымында Мойнақ районы жасларының бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған илажлар менен даўам етти.

Атап айтқанда, мойнақлы жаслар пайтахтымыздағы Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейинде болып, бул жердеги уллы тулғалардың портретлери, қарақалпақ қыз-келиншеклери, ҳаялларының безениў тағыншақлары, үлкемиздиң ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да тарийхымыз бенен мәдениятымызға байланыслы экпонатлар заўық пенен тамашаланды.

– Музейдеги алдыңғы Арал теңизи сәўлеленген экспонатлар менде айырықша тәсир қалдырды. Аралдың тарийхына байланыслы турмысы республикалық музейде сақланыўы – пүткил халқымыздың, мәмлекетимиздиң экологиялық машқала дыққат, итибарынан шетте емес екенлигинен дерек береди – дейди Б.Батиев.

Жаслардың кейинги мәнзили Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры болды. Театр сахнасында сценариси Эркин Агзам қәлемине тийисли “Тәнҳә қайық” спектакли тамашагөйлер нәзерине усынылды.

Арал апатшылығы сәўлеленген спектаклде қайық устасы кексе бас қаҳарман образында ойнайды. Ол әтирапта бос жүрген балаларды топлап, оларға ата-бабалардан мийрас болып қалған қайықшылық кәсибин үйретеди ҳәм инсаныйлықтан сабақ береди. Ал, теңиз болса жүзлеген шақырым алысқа кетип қалады. Деген менен кексе бир күнлери Аралдың суўға толыўына исенеди.

Күн даўамында район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген илаж Жаңа Мойнақтың жарқын келешегин қурыўда жаслар ушын үлкен түртки болары анық.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети