ШАРАЯТЫ АЎЫР МӘҲӘЛЛЕ ҲӘМ АЎЫЛЛАР МӘСЕЛЕСИ ДОДАЛАНДЫ

25-февраль күни  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында шараяты аўыр болған мәҳәлле ҳәм аўылларда халықтың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм аймақларды абаданластырыў  есабынан оларды аўыр категориядан шығарыў және мәҳәллениң орны ҳәм ролин күшейтиў бойынша белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў мәселелерине бағышланған семинар шөлкемлестирилди.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары,  ҳүкимети ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслери депутатлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў ўйымлары басшылары қала ҳәм район студияларында қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары  А.Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша комитет баслығы Б.Алиханов, комитет баслығының орынбасары Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жаслар сиясаты ҳәм саламат әўладты тәрбиялаў мəселелери комитети баслығы, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм басқаралар сөзге шығып, Ҳүрметли Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары елимиздиң экономикалық потенциалын арттырыў менен бир қатарда қала ҳәм районлардың, мәҳәлле ҳәм аўыллардың көринисин түпкиликли өзгертиў, пуқаралардың машқалаларын шешиў, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Усы қарар менен шараяты аўыр 45 мәҳәлле ҳәм аўылда халықтың турмыс шараятын жақсылаў, аймақларды абаданластырыў ушын 20 ға жақын бағдар бойынша илажлар режеси белгиленген. Режеге муўапық, шараяты аўыр мәҳәлле ҳәм аўылларда 437 объектте жумыс алып барылыўы ҳәм оны әмелге асырыў ушын жәми 3 триллион сўмға жақын қаржы ажыратылыўы белгиленген.

Атап айтқанда, 12 район орайында «Мәҳәлле орайлары» комплекслерин қурыў ҳәм реконструкциялаў, 157  мәҳәлле ҳәм аўыл ҳәкимшилик комплекслерин қурыў, шараяты аўыр мәҳәлле ҳәм аўылларда үй-жайлар қурылысы, жол, электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўы тәмийнаты, мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў, социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў, абаданластырыў, сондай-ақ, исбилерменликти жедел раўажландырыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде усы аймақларда санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларды өз ишине алған.

Бүгинги күнде мәҳәлле ҳәм аўылларда жолларға шебень төсеў, көпирлерди оңлаў, сондай-ақ, газ, электр, ыссылық тәмийнатын жақсылаў, трансформаторларды оңлаў ҳәм жаңадан орнатыў, сымағашларды бетон үстинлерге алмастырыў сыяқлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” енгизилип, шараяты аўыр мәҳәлле ҳәм аўылларда жасаўшы халықты, әсиресе, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, олардың дәраматларын арттырыў арқалы шаңарақларды кәмбағаллықтан қутқарыў бойынша әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Илажда Ҳүрметли Президентимиздиң Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларына сапары даўамында айырым  мәҳәллелерге барып, ол жердеги кемшилик ҳәм машқалаларға итибар қаратқаны, жуўапкер басшылардың бийпәрўалығы ҳаққында сөз етилип, бул сыяқлы машқала ҳәм кемшиликлер елимиздеги айырым мәҳәллелерде де ущырасатуғынлығы атап өтилди ҳәм оларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген жаңа системаны әмелиятқа енгизиў, яғный ҳәр бир алып барылып атырған жумысларды, реформаларды “мәҳәллебай” шөлкемлестириўди тәмийинлеў, соның менен бирге, бул процесте мәмлекетимиз басшысы, ҳүкимет тәрепинен қабыл етилип атырған қарарлардың орынланыўын тәмийинлеўде парламентлик қадағалаўды күшейтиў, орынларда социаллық-экономикалық жақтан жағдайы аўыр аймақларға бириктирилген халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслери депутатларының белсендилигин арттырыў бойынша пикир ҳәм усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети