Мәҳәлле системасы хызметкерлери сыйлықланды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни” мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов сөзге шығып, мәҳәлле системасы хызметкерлерин байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз басшылығында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, пуқаралардың мүрәжатлары менен нәтийжели ислесиў, оларды турмыстан разы етиў, орынларда машқалаларды унамлы шешиў, халқымыздың ертеңги күнине исенимин жәнеде беккемлеў бойынша кең көлемли ийгиликли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бунда, әлбетте мәҳәлле институтын жәнеде жетилистириў, оның системалы жумыс алып барыўы ушын зәрүрли шараятлар жаратыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип бармақта.

Әсиресе, мәҳәлле институтының орнын беккемлеў мақсетинде “Абат мәҳәлле – қәўипсиз мәҳәлле” принципиниң енгизилиўи – бул бағдардағы ийгиликли жумысларды жаңа басқышқа көтерди.

Елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўында мәҳәлле институтының ролин арттырыў, системадағы жумысларды “мәҳәллебай” тийкарда шөлкемлестириў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Өткен қысқа мүддет ишинде усы институтты жәмийеттиң миллий басқарыў мәкемесине айландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Бул өз нәўбетинде мәҳәллени ҳақыйқый мәнисте адамлардың аўырын жеңил ететуғын структураға айландырыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Соны айрықша атап өтиў тийис, өткен жылдың 2-март сәнесинде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен “Мәҳәлле системасы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында”ғы Нызамға қол қойылыўы ҳәм 22-март – Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни, деп белгилениўи усы система хызметкерлерине деген жоқары исеним билдирилгенинен дерек береди.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, Ҳүрметли Президентимиз жақында мәҳәлле системасы хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўында “Мәҳәлле абат болса – журт абат болады. Мәҳәлледе өзгерис болса – пүткил жәмийет өзгереди” деген терең мәнили пикирге тоқтап өтти ҳәм “Абат мәҳәлле”, “Абат көше”, “Абат хожалық” өлшемлерин турмысқа енгизиўде, реформаларды “мәҳәллебай” тийкарында әмелге асырыўда, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киргизилген пуқаралардың машқалаларын шешиўде мәҳәлле системасы хызметкерлерине жоқары исеним билдирди.

Ҳақыйқатында да, бундай жоқары итибар ҳәм ғамқорлық мәҳәлле институтының жәмийеттеги абаройын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болыўы сөзсиз.

“Мәҳәлле системасы хызметкерлери” күни байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында бир қатар ўатанласларымыз “Ардақлы нураный” ҳәм “Ўатан пидайысы” көкирек белгилери менен сыйлықланды.

Илажда усы сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан сөзге шыққанлар мәҳәлле системасы хызметкерлерине қаратылып атырған үлкен итибары ҳәм билдирилип атырған исеними ушын Президентимизге, республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди.

Илажда көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы инәм етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети