Конституция қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығына бағышланған ушырасыў

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының  қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен ушырасыў кешеси болып ѳтти.

Ушырасыўды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов кирис сѳз бенен ашып берди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Г.Базарбаева сѳзге шығып, Конституция ҳәр бир мәмлекеттиң ҳуқықый демократиялық раўажланыўының негизин қураў менен бирге, онда жасаўшы пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик уйымлардың хызметерин тәртипке салыўшы тийкарғы Нызам болып табылатуғынын, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетти қәлиплестириў жолында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислердиң түп-тийкары Конституциямызда өзиниң көринисин тапқанлығын айрықша атап ѳтти.

 

Өткен дәўир ишинде экономикамыздың жедел пәтлер менен раўажланып баратырғаны, халықтың жасаў шараятының жылдан-жылға жақсыланып атырғаны Конституциямызға тийкар етип алынған ийгиликли мақсетлердиң нәтийжеси болып саналады. Әлбетте, жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық-экономикалық тараўларда ерисилип атырған жоқары нәтийжелер, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар – булардың барлығы Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардан екени сѳзсиз.

Ушырасыўда өткен қысқа дәўир ишинде ерисилген нәтийжелер, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық, руўхый ҳәм мәдений турмысымызда, соның ишинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети турмысында жүз берген өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Жасларымыз қәлбинде нызамға ҳүрмет, Ўатанға меҳир ҳәм садықлық сезимин күшейтетуғын бундай ушырасыўлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

ҚМУ Баспасѳз хызмети