“ТАЗА ҚАЛА” ЖОЙБАРЫНДА БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСҚАНЛАР СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи алдында “Таза қала” жаслар басламасы жойбарының жуўмағына бағышланған салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қаҳраман Сариев, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Абат Данияров шығып сөйледи ҳәм жойбарға белсене қатнасқанларды қутлықлады.

Жойбар шеңберинде белсене қатнасқанларға бир қатар номинациялар бойынша диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

 

Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Дерек: Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы