Урыс қатнасыўшыларына ҳүрмет

Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан

Усы жыл 7-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Қараөзек районы «Қарабуға» аўыл  пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, урыс қатнасыўшысы Генжемурат  ата Алланиязовтың шаңарағында да болып, байрам саўғаларын тапсырды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  усы жыл 20-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда «Еслеў бар екен ­ миллет жасайды», «Итибар ҳәм ғамқорлық ­ инсаныйлық парыз» сүренлери астында түрли илажлар өткерилмекте. Усы қарар тийкарында Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына, фронт арты мийнет нуранийларына, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын атқарыў пайытында қурбан болған әскерий хызметкерлер менен ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына материаллық ҳәм мәнаўий жәрдем көрсетилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов урыс ветеранын 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни», сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң  76 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Усы мүнәсибет пенен Президентимиздиң байрам қутлықлаўын оқып еситтирип, Өзбекстан Республикасы Президенти атынан 12 000 000 (он еки миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлықты салтанатлы жағдайда тапсырды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан саўғалар берилди.

– Елимизде урыс ветеранларына ҳәмийше ҳүрмет көрсетип келинбекте, бул ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз, -дейди Генжемурат  ата Алланиязов.-Денсаўлығымыздан тез-тез хабар алып турыпты. Илайым қалған жағында урыс болмасын, бүгинги абадан турмысымызға көз тиймесин.

Республикамыз ҳәм район көркем өнер шеберлериниң, Арқа-батыс әскерий округи әскерий оркестри ағзаларының  атқарыўындағы урыс жылларының қосық ҳәм намалары ветеран аталарымыздың урыс жылларындағы мәртлик ислерин еске түсирди.

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов Нөкис қаласында жасаўшы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Қәдирбай ата Нармановтың шаңарағында болды.

Урыс ветеранына Президентимиздиң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди. Оған Өзбекстан Республикасы Президенти атынан 12 000 000 (он еки миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.