АЛЛАЯР ДОСНАЗАРОВ ҲӘМ ҚАРАҚАЛПАҚСТАННЫҢ ЖАҢА ТАРИЙХЫ

8-май күни пайтахтымызда елимиздиң уллы перзенти, мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Аллаяр Досназаровтың 125 жыллығына бағышланған “А.Досназаров ҳәм Қарақалпақстанның жаңа тарийхы” атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Дәслеп Аллаяр Досназаровтың бюстине гүлшеңбер қойыў мәресими өткерилип, онда  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм мәкемелер басшылары, республикамызға белгили илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, Аллаяр Досназаровтың урпақлары, кеӊ жәмийетшилик ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ Қазақстан Республикасынан келген мийманлар қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов Аллаяр Досназаровтың естелигине ҳүрмет көрсетип, бюстине гүл қойды.

 

 

 

Оннаң соң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында республикалық конференция шөлкемлестирилди.

Конференция Аллаяр Досназаров ҳаққындағы ҳүжжетли фильм көрсетилиўи менен басланды.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашып, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында тарийхымызды қайта үйрениўге, миллий қәдириятларымызды қайта тиклеўге, әсиресе, репрессия қурбанлары болған ел азаматларының атларын мәңгилестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.

Бүгинги күнде елимиздиң уллы перзенти Аллаяр Досназаровтың атын мәңгилестириў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2020-жылы пайтахтымыз Нөкис қаласында бабамыздың бюсти орнатылыўы уллы бабамызға деген жоқары ҳүрмет ҳәм итибардың айқын көриниси болды  Усы жылдың 16-апрель сәнесинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими басламасы менен илимий конференция өткерилип, оның өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында жаңа мағлыўматлар анықланды.

Өзиниң қысқа өмири даўамында Аллаяр Досназаров терең билими ҳәм тәжирийбеси, шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы, ўатансүйгишлиги менен жәмийетшилик арасында кеңнен танылып, ел арасында үлкен ҳүрмет ҳәм абыройға еристи.

Әсиресе, оның Қарақалпақстан Автономиялы областын дүзиўдеги айрықша мийнетлерин, халқымыздың миллий өзгешеликлерин анықлаў мәселелериндеги шөлкемлестириўшилик уқыбын, миллий-мәмлекетлик шегараларды белгилеўдеги жанкүйерлигин, сондай-ақ, руўхый-ағартыўшылықты раўажландырыў жолындағы пидәкерлик хызметлерин қанша мақтаныш етсек те арзыйды.

Конференцияда академик Н.Айымбетов, Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор Г.Аннақиличева, Қарақлпақстан халық жазыўшысы А.Султанов, Аллаяр бабамыздың урпағы Б.Алламбергенов, Қазақстан Республикасынан келген мийманлар ҳәм басқалар сөзге шығып, бабамыздың өмир ҳәм мийнет жолы, оның елимиз тарийхындағы тутқан орны ҳаққында кеңнен тоқталып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети