Зайнаб Дайыбекова Токио Олимпиадасын тарийхый нәтийже менен жуўмақлады

Токио Олимпиадасында қылышпазлық спорт түри бойынша қатнасқан жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова сабля бағдарында өткерилген беллесиўлерде япониялы Аоки Чиканы 15:9, қытайлы Яци Шаоны 15:10, кореялы Жисун Юнды 15:12 есабында жеңип, Олимпиаданың шерек финал басқышына дейин жетип барды.

Жас спортшымыздың ерискен нәтийжеси мәмлекетимиз ушын жазғы Олимпия ойынларындағы тарийхый нәтийже, деп айта аламыз.

Өзбекстанлы спортшылар жазғы Олимпия ойынларында 1996-жылдан баслап ғәрезсиз мәмлекет спортшылары сыпатында қатнасып келмекте. Википедиядан алынған мағлыўматлар бойынша, 2000-жылғы Сидней Олимпиадасында Аниса Петрова (29 жасында), ҳәм 2012-жылғы Лондон Олимпиадасында Руслан Кудаев (32 жасында) қылышпазлық бойынша қатнасқан. Қылышпазлықтың шпага беллесиўлеринде А.Петрова 1/32 финалда, Р.Кудаев 1/8 финалда жеңилиске ушыраған.

Токио Оимпиадасында қылышпазлық спорт түри бойынша Шерзад Мамутов (19 жас), Малика Ҳакимова (25 жас) ҳәм Зайнаб Дайыбекова (18 жас) өз қәбилетин көрсетти.

Зайнаб Дайыбекова мәмлекетимиз спорты тарийхында Олимпиадада қылышпазлық спорт түри бойынша қатнасқан ең жас спортшы, сабля бағдарында қатнасқан ҳәм шерек финалға дейин жетип барған ең биринши спортшы қыз ретинде орын алды.

18 жаслы Зайнаб Дайыбекова үлкен нәтийжелерге ерисип киятырған қәбилетли спортшылардан бири. Оның келешекте көплеген жеңислерди, Олимпиада медалларын қолға киргизиўине беккем исенемиз.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети