Көпшиликке мәлим, 2021-жыл 24-октябрь Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў күни, деп белгиленди. Сайлаў кампаниясына усы жылдың 23-июлинен старт берилди.
Бул сиясий мапазды сиясий-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен усы жылдың 14-апрелинде тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў бойынша тийкарғы илажлар бағдарламасына муўапық, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Оған бола, Президент сайлаўының әҳмийети, өзине тән тәреплери, Сайлаў кодекси, сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәнисин сайлаўшыларға ҳәм сайлаўды шөлкемлестириўшилерге жеткериў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген.
Мине усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы суды имәратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары, сондай-ақ, Нөкис қаласында жайласқан сайлаў участкаларының сайлаў комиссиясы баслықларына талабанлардың қатнасыўында конференция болып өтти.
Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Г.Базарбаева кирис сөзи менен ашты басқарып барды.
Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Ш.Өтемисов қатнасып, бул сиясий мапаздың әҳмийети ҳәм сайлаўды жоқары шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша орынларда әмелге асырылатуғын үгит-нәсият, түсиндириў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша айтып өтти.
Иләж барысында, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының өзине тән өзгешеликлери, сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалардың мазмуны ҳәм әҳмийети, сайлаў өткерилетуғын сайлаў комиссияларының искерлиги, сайлаўда сырт ел мәмлекетлери ҳәм халық аралық шөлкемлер менен жергиликли бақлаўшылардың, сондай-ақ ғалаба хабар куралларының қатнасыўы, сайлаў күни даўыс бериўди шөлкемлестириў, сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳәм жәриялаў тәртиби, сайлаў нызамшлығының бузылыўы бойынша мүрәжатлерди көрип шығыў тәртиби, сайлаў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик темаларында судьялар тәрепинен баянатлар оқылды. Баянатлар тийкарында арнаўлы слайдлы презентациялар исленди.
Бул конференция сайлаў мапазын нызам тийкарында әдил шөлкемлестирип өткериўде тийисли тараў қәнигелериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырыўда әҳмийетли болды.
Қарақалпақстан Республикасы суды