ТАРАЎ ПИДАЙЫЛАРЫ МҮНӘСИП СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық, тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен  хызметкерлерден бир топары,  сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў жумысларына қосқан салмақлы үлеси, жасларға илим үйретиў ҳәм заманагɵй кәсип-ɵнерлерге бағдарлаў, оларды ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы кɵп жыллық жемисли мийнетлери ҳәмде жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар ҳәм кɵкирек белгилери менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 30-сентябрь күни усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып,  тараўда үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Әҳмийетлиси, муғаллимлер ҳәм устазлар ҳәмийше Ҳүрметли Президентимиздиң ҳәм мәмлекетимиздиң итибарында болып келмекте.

Байрам мүнәсибети менен бир топар ўатанласларымыз елимиздиң жоқары сыйлықларын алыўға мияссар болып атырғанлығы әне усы итибар ҳәм ғамхорлықтың нәтийжеси болып есапланады.

Илажда ҳурметли атақлар, орден ҳәм медаллар, көкирек белгилери өз ийелерине тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан сөзге шыққанлар мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын республикамыз басшыларына шексиз миннетдаршылық билдирди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети