Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти

7-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, Саўда-санаат палатасы ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңеси ағзалары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Қарақалпақстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңесиниң баслығы М.Камалов ашты ҳәм басқарып барды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында коррупциогенлик факторларға шек қойыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигиндеги ўазыйпалар ҳәм функцияларды орынлаўда жүзеге келетуғын коррупцияға байланыслы қәўип-қәтерлерди баҳалаў системасын жетилистириў ҳәм мәмлекетлик хызметке ҳадаллық стандартларын енгизиў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетте бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм «жасырын экономика»ны  қысқартыў илажлары көрилмекте ҳәм «Коррупциясыз тараў» жойбарлары әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар коррупция жағдайларының себеплери менен шараятларын анықлаў, оларды сапластырыўдың тәсиршең системасын жаратыўды талап етпекте. Бул жумысларға пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм мәмлекетлик емес сектордың басқа ўәкиллерин де кеңнен тартыў зәрүрлиги туўылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июнь күнги “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Пәрманында Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм оның аймақлық кеңеслерин шөлкемлестириўге байланыслы бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Бул бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң 2021-жылдың 19-августтағы мәжилиси қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық кеңеслери ҳаққындағы реже ҳәм аймақлық кеңеслер ағзаларының үлгили дизими тастыйықланды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық кеңесиниң ағзалары таныстырылды, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм олардың орынланыўында аймақлық кеңеслердиң орны, бизнесте коррупцияға қарсы гүресиўде Саўда-санаат палатасының орны ҳаққында баянатлар жасалды ҳәм пикир-усыныслар тыңланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети