Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ жигирма төртинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

20-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

 

Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессия мәжилиси күн тәртибиндеги дәслепки мәселе, яғный Қарақалпақстан Республикасын 2021-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәмде 2022-жылға белгиленген режелер ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығыныӊ мүрәжаты тыӊланды.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессия күн тәртибинен орын алған мәселелердиӊ бири «Халықтыӊ бәнтлиги ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болды.

Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниӊ баслығы Даўытбай Қурбаниязов баянат жасады.

Нызам жойбары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Юлдаш Алимов сөзге шықты.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, сессия жумысында Пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды мәлимлемелери туўралы мәселелер көрип шығылды.

Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Абылай Адиловтың ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы Амир Нурлепесовтың мәлимлемелери тыӊланды.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан соӊ Қарақалпақстан Республикасының 2022-жылғы социаллық тараў ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасын тастыйықлаў туўралы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы мәселелер көрип шығылып, бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти. Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ комитет баслығы Борий Алиханов қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети