Пиллекешлеримиз шəртнама режесин артығы менен орынлады

Пилле – халық байлығы. Аўыл хожалығы тараўында пиллешиликтиң өз орны бар. Буны терең сезинген республикамыздың пиллекешлери ҳəр жылы пилледен мол зүрəəт алыў ушын тынымсыз мийнет етеди.

Мине быйылғы жылы баҳəрги пилле жетистириў мəўсимин жақсы өткерген республикамыздың пиллекешлери өзлерине билдирилген исенимди ақ жүзли, абыройлы болып ақлап шықты. Яғный, олар 591,7 тонна пилле қырманын жаратып, шəртнама режелерин артығы менен орынлап шығыўға миясар болды.

Əлбетте, бул мийнет жеңиси елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында экономиканың əҳмийетли тармағы болған аўыл хожалығында əмелге асырылып атырған реформалардың, əсиресе, дийқан
ҳəм фермерлеримизге жаратылып атырған кең имкəниятлардың нəтийжеси болып есапланады.

Бул мийнет жеңисине бириншилерден болып өз үлеслерин қосқан Шымбай (8,18т), Шоманай (2,12т) районлары пиллекешлериниң мийнетлерин айрықша атап өтсек болады. Сондай-ақ, бул ийгиликли иске Əмиўдəрья (176,2 т), Елликқала (119,95 т), Төрткүл (129,3 т), Беруний (114,1 т), Хожели (15,11 т), Тақыятас (12,91 т), Кегейли (10,81 т), Қанлыкөл (1,5 т) ҳəмде Нөкис (1,5 т) районларының мийнеткешлери де салмақлы үлеслерин қосты.

Мағлыўмат орнында айтып өтсек, бəҳəрги пилле жетистириў мəўсиминде республика бойынша ҳəр бир қуты нəўқан қуртынан орташа 55,3 кг нан пилле жетистирилип, таярлаў пунктлерине 591,7 тонна сапалы пилле зүрəəти келип түсти.

Елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына өзлериниң үлеслерин қосыўды мақтаныш деп билген республикамыз пиллекешлерин ерискен табыслары менен қызғын қутлықлап, пилледен екинши зүрəəт алыў мəўсимин де жоқары дəрежеде шөлкемлестирип, пилле қырманының жəне де бəлентлеўинде белсендилик көрсетиўине исенемиз.