“II Oraylıq Aziya Shań” халықаралық конференциясы болып өтпекте

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Арал теңизиниң қурыған аймағында қоршаған орталықты қорғаў мәселесине арналған “II Oraylıq Aziya Shań” халықаралық конференциясы болып өтпекте. Конференцияға  80 ге шамалас  сырт мәмлекетлерден мийманлар, елимизден эколог илимпазлар, қәнигелер қатнаспақта. Илажды Бердақ атындағы ҚМУ ниң ректоры Толық мағлыўмат →

Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары менен төмендегилер сыйлықланды

“Қарақалпақстан Республикасы халық артисти” ҳүрметли атағы менен: Марҳум  –  Каипов Дауытбай Утеулиевич Мийнет нураныйы – Мамбетмуратов Далибай Жумағалиевич   “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген кѳркем ѳнер ғайраткери” ҳүрметли атағы менен: Өзбекстан Көркем-өнер академиясы көркем дөретиўшилер аўқамы ағзасы  –  Қутлымуратов Сабур   Толық мағлыўмат →

“Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни” мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады. Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Толық мағлыўмат →

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы кең түрде белгиленди

Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажы болып өтти. Онда Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик Толық мағлыўмат →

Мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары Халқымыз ушын әсирлер даўамында жақсылық, мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат, руўхый пәклениў байрамы болып киятырған мүбәрек Рамазан айын усы жылы елимиз мөмин-мусылманлары өзгеше қуўаныш ҳәм аўызбиршилик пенен өткерди. Әсиресе, рахмет ҳәм кеширим нурлары жаўылатуғын усы бахытлы күнлерде кем тәмийинленген Толық мағлыўмат →

Коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери қарап шығылды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплаенс-қадағалаў хызметлериниң жумысларын жеделлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға арналған мәжилис өткерди. Онда дәслеп бүгинги күнде мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери, әмелге асырылып Толық мағлыўмат →

Шымбай районында да шигит егиси басланды

Бүгин Шымбай районында усы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазы басланыўына байланыслы көргизбели семинар болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти ҳәм шигит Толық мағлыўмат →

Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына арналған конференция шөлкемлестирилди

Бүгин, 5-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте қарақалпақ әдебиятының классик шайыры, уллы сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толыўына арналған «Бул дүньяның көрки адам Толық мағлыўмат →

Шымбай районында пуқаралардың қосымша дәраматқа ийе болыўын тәмийинлеў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында халықтың мүнәсип турмыс шараятын ҳәм пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди. Онда районға республикадан бириктирилген ўәкиллер, район белсендилери ҳәм мәҳәллелер Толық мағлыўмат →

Беруний районында шигит егиси бойынша семинар болып өтти

Бүгин Беруний районындағы «Реимбай Юлдашев» фермер хожалығында быйылғы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазына байланыслы көргизбели семинар болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап Толық мағлыўмат →