Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы Қурбанбай Заретдинов 70 жаста

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында мәденият тараўы пидайысы, белгили көркем өнер ғайраткери, талантлы композитор, дирижёр, хормейстер Қурбанбай Заретдиновтың 70 жыллық юбилейи мүнәсибети менен дөретиўшилик кешеси өткерилди. Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Толық мағлыўмат →

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ ЕЛЛИКҚАЛА, ТӨРТКҮЛ ҲӘМ БЕРУНИЙ РАЙОНЛАРЫНДА ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛГЕН АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ СЕМИНАРЛАРЫНДА ҚАТНАСТЫ

Бүгин Елликқала, Төрткүл  ҳәм Беруний районларында быйылғы жылдың шигит егисине бағышланып көргизбели семинарлар шөлкемлестирилди. Елликқала районындағы “Худайберган Эрназаров” фермер хожалығында өткерилген семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Жоқарғы Кеңестиң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери бойынша комитет Толық мағлыўмат →

Қәбилетли жаслар қоллап-қуўатланбақта

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2020-жыл 28-декабрь күни Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан жаслары форумында шығып сөйлеген сөзинде жасларымызды Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жоқары қәдирлейтуғынын атап өткен еди. Бүгин елимизде үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўда ең әҳмийетли буўынларының бири Толық мағлыўмат →

Жаңа система бойынша оқыў курслары басланды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң басламасы менен қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары ушын «Мәҳәлле кесиминде» ислеў системасы бойынша қәнигеликти арттырыў оқыў курсларының ашылыўы болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Толық мағлыўмат →

Депутат пуқаралардың мүрәжатын унамлы шешпекте

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Инсан ҳуқықлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили (Омбудсман), Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, депутат З.Реймова Нөкис қаласындағы бир неше мәҳәллелерде болып, аўыр турмыс шараятында жасап атырған пуқаралардан хабар алды ҳәм олардың машқалаларын тыңлады. Толық мағлыўмат →

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен бирге ислесиў мәселеcи додаланды

29-март күни Қарақалпақстан медицина институтында “Реформаларды әмелге асырыўда мәлимлемениң роли” атамасында семинар болып өтти. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен шөлкемлестирилген семинарда Сенат ағзалары, Олий Мажлис депутатлары менен бирге Қарақалпақстан Толық мағлыўмат →

Мәҳәлле системасы хызметкерлери сыйлықланды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни” мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов сөзге шығып, мәҳәлле системасы хызметкерлерин байрам менен қутлықлады. Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз басшылығында халықтың Толық мағлыўмат →

Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары тайынланды

Абдижамилов Жолдасбай Зинатдинович Нөкис қаласы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Ж.Абдижамилов усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары лаўазымында ислеген. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети

Депутат пуқаралар менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, депутат З.Реймова Нөкис қаласы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы А.Бекмуратов пенен биргеликде пуқаралар менен ушырасты. Ушырасыў даўамында депутат өзи сайланған аймақта аўыр турмыс шараятында жасап атырған пуқаралардан хабар алып, олардың машқалаларын тыңлады. Сондай-ақ, Толық мағлыўмат →

Аўыл ҳәм мәҳәллелерди раўажландырыў мәселеси парламент қадағалаўында

25-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде шөлкемлестирилген Олий Мажлис Сенаты штабында Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас, Кегейли, Нөкис районларыдағы аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасыўында мәжилис өткерилди. Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығы Б.Алихонов, Толық мағлыўмат →