Жоқарғы Кеңес тарийхы

1994-жылы 24-сентябрьде болып өткен он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он жетинши сессиясының күн тәртибине муўапық, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Конституциялық Нызамы қабыл етилди ҳәм сол күннен баслап Нызам ҳәрекетке енгизилди.

1994-жылы 31-октябрьде «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламентин ҳәрекетке енгизиў ҳаққында» Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң Қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси регламенти 5 бап, 10 бөлим ҳәмде 117 статьядан ибарат болды.

1994-жылы 25-декабрьде елимизде және бир тарийхый ўақыя жүз берди. Халқымыз ғәрезсизлигимизди буннан былай да беккемлеўге, халықтың мәплерин қорғаўға өз үлеслерин қосатуғынлығын ҳəм әдил демократиялық бағытты қоллап-қуўатлайтуғынын исенимли түрде көрсетти. Яғный, биринши шақырық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине биринши рет ҳуқықый-демократиялық, көп партиялылық тийкарында улыўма халықлық сайлаўлар өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан ҳәм ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларынан 172 талабан 86 депутатлық орын ушын гүрес алып барды. Сайлаўшыларға өзлериниң ең жақсы ўәкиллерин сайлап алыў ҳуқықы берилди. Биринши турда 75 сайлаў округында депутатлар сайланған болса, 11 сайлаў округында көрсетилген талабанлардың бирде-биреўи жетерли даўыс ала алмағаны себепли 1995-жылы 22-январьда қайта сайлаўлардың қосымша туры өткерилди. Солай етип, нызам шығарыў ҳәкимиятын әмелге асыратуғын жоқары мәмлекетлик ҳәкимият уйымы — Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлар корпусы қәлиплести.

Сайлаўларға қатнасыў ҳуқықына ийе болған 669 мың 904 сайлаўшыдан 628 мың 407 адам өзлериниң конституциялық ҳуқықынан пайдаланды, бул сайлаўшылардың 96 процентин қурады.

Сайланған депутатлардың 65,1 проценттен асламы, яғный 56 депутат ўәкилликли жоқары уйымның қурамына биринши мәрте кирди. Депутатлардың ҳәммеси жоқары мағлыўматлы экономистлер, юристлер, илимпазлар, санаат ҳәм аўыл хожалығының маман қәнигелери, социаллық тараў ўәкиллеринен ибарат болды.

Жоқарғы Кеңеске Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын тийкарғы 5 миллеттиң ўәкиллери сайланып, бул улыўма тең ҳуқықлылық принциплерин тастыйықлайды. Сондай-ақ, парламент ағзаларынан 12 адам ҳаял-қызлар болса, депутатлардың үштен еки бөлегин 30 жастан 50 жасқа дейинги адамлар қурады.

Жоқарғы Кеңес сессиясында ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларынан сайланған 43 депутаттан ибарат блок, 41 депутаттан ибарат Халық демократиялық партиясының фракциясы дизимге алынды.

Биринши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине халықтың ерк-ықрары менен мәмлекеттиң ўәкилликли ҳәм нызам шығарыўшы жоқары уйымының нәтийжели ислеўин тәмийинлейтуғын үлкен интеллектуал ҳәм профессионал күшлер топланды. Соның менен бирге, сайлаўлар демократиялық жол менен нызамлар ҳәм қабылланған халық аралық өлшемлерди толық басшылыққа алып өткерилди. Буны дүньядағы көпшилик мәмлекетлерден келип сайлаўлардың өтиў барысына қатнасқан ғәрезсиз бақлаўшылар да тастыйықлады.

Биринши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясында Жоқарғы Кеңес Баслығы жанындағы Кеңес ағзаларының қурамы, Жоқарғы Кеңестиң мандат комиссиясы, Жоқарғы Кеңестиң комитетлери (1. Мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, жергиликли өзин-өзи басқарыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери бойынша комитет, 2. Нызам шығарыў, нызамлылық ҳәм ҳуқық тәртиби мәселелери бойынша комитет, 3. Экономикалық реформа ҳәм бюджет сиясаты мәселелери бойынша комитет, 4. Социаллық раўажланыў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша комитет, 5. Санаат, қурылыс, транспорт, байланыс ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша комитет, 6. Агросанаат комплекси ҳәм экология мәселелери бойынша комитет) жумыс баслады.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына муўапық, 1999-жыл 5-декабрьде болып өткен сайлаўда ҳəм 19-декабрьдеги қайта даўыс бериўде Екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 83 депутат сайланды. Болып өткен сайлаўда ҳәм қайта даўыс бериўде 527 сайлаў участкасында дизимге алынған 756 мың 998 сайлаўшыдан 735 мың 710 сайлаўшы, яғный улыўма сайлаўшылардың 97,2 проценти қатнасып, өзлери таңлаған талабанлар ушын даўыс берди.

Сайланған депутатлардың 62 си Халық демократиялық партиясының, 5 еўи «Фидокорлар» миллий демократиялық партиясының, 1 еўи «Ватан тараққиёти» партиясының ағзалары болса, 15 и партиясыз еди. Сайланған депутатлардың барлығы жоқары мағлыўматқа ийе болды. Олардың арасында 3 муғаллим, 6 шыпакер, 40 инженер, 14 экономист, 1 журналист, 3 юрист ҳәм 5 басқа қәнигеликтеги депутатлар бар еди.

Үшинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 2004-жыл 26-декабрьде болған сайлаўларда ҳәмде 2005-жыл 9-январьдағы болып өткен қайта даўыс бериўде 544 сайлаў участкасында 85 депутат сайланды.

2004-жыл 26-декабрьдеги тийкарғы сайлаўларда дизимге алынған 844 мың 1 сайлаўшыдан 762 мың 887, яғный 90,4 процент сайлаўшы қатнасты.

Сайланған депутатлардың 34 и Халық демократиялық партиясынан, 36 сы Либерал-демократиялық партиясынан, 5 еўи «Фидокорлар» миллий демократиялық партиясынан болса, 10 ы партиясыз еди. Сайланған депутатлардан 84 и жоқары мағлыўматқа, 1 еўи орта-арнаўлы мағлыўматқа ийе болды. Олардың арасында 11 муғаллим, 5 шыпакер, 37 инженер, 6 агроном, 14 экономист, 1 журналист, 1 юрист ҳәм 10 басқа қәнигеликтеги депутатлар бар еди.

2009-жыл 27-декабрьдеги сайлаўларда ҳәмде 2010-жыл 10-январьдағы қайта даўыс бериўлерде 560 участкада сайлаўлар өткерилди. Тийкарғы сайлаўлар күни дизимге киргизилген 1 млн. 11 мың 197 сайлаўшыдан 919 мың 191 сайлаўшы, яғный улыўма сайлаўшылардың 90,9 пайызы қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сиясий партиялардың республикалық уйымларынан улыўма 257 адамның ҳүжжетлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлығына талабан етип дизимге алынды.

2009-жыл 27-декабрьде болып өткен сайлаўларда 74 сайлаў округынан депутатлар сайланды, 4 округта қайта даўыс бериў, 8 округта қайта сайлаў өткериў зәрүрлиги анықланды. 2010-жыл 10 январь күни 4 округта қайта даўыс бериў өткерилип, олардың төртеўинде де депутатлар сайланып, улыўма 78 сайлаў округында депутатлар сайланды. Соннан 27 си Халық демократиялық партиясынан, 21 и «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан, 24 и Либерал-демократиялық партиясынан, 6 аўы «Адолат» социал-демократиялық партиясынан усынылды. Сайланған депутатлардың ҳәммеси жоқары мағлыўматқа ийе болып, соннан 7 депутат муғаллим, 11 депутат шыпакер, 34 депутат инженер, 3 депутат агроном, 12 депутат экономист, 3 депутат журналист, 4 депутат юрист ҳәм 4 депутат басқа қәнигеликлерден ибарат болды.

2014-жыл 21-декабрьдеги тийкарғы сайлаўлар күни дизимге киргизилген 1 млн. 158 мың 823 сайлаўшыдан 1 млн. 63 мың 799 сайлаўшы қатнасты, бул улыўма сайлаўшылардың 91,8 процентин қурады. Сайлаўлар жуўмағында 58 сайлаў округынан депутатлар сайланды ҳəм 7 округта қайта даўыс бериў   кереклиги анықланды. Солай етип, 2015-жылдың 4-январь күни 7 округта қайта даўыс бериў өткерилип, олардың ҳәммесинде депутатлар сайланды.

Улыўма сайланған депутатлардан 15 и Халық демократиялық партиясының, 23 и Либерал-демократиялық партиясының, 16 сы «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының, 7еўи «Адолат» социал-демократиялық партиясының ағзалары болса, 4 депутат партиясыз еди.

Сайланған депутатлардың барлығы жоқары мағлыўматқа ийе болып, соннан 14 депутат муғаллим, 7 депутат шыпакер, 24 депутат инженер, 6 депутат агроном, 2 депутат экономист, 3 депутат журналист, 1 депутат юрист ҳәм 6 депутат басқа қәнигеликлерден ибарат болды.

Сайлаўлар  шөлкемлескенлик ҳәм исшеңлик жағдайында өтти. Жоқарғы Кеңестиң нәтийжели ислерин тәмийинлейтуғын, елимизде тынышлықты сақлаў, Ўатанымыздың гүллениўи, халқымыздың абадан турмысы, алдымызда турған уллы мақсетлер ушын жемисли жумыслар алып баратуғын депутатларды сайлаўға талпыныўшылық ҳәмме жерде байқалды.

Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы нызамына муўапық 2019-жылдың 22-декабрь ҳәм 2020-жылдың 5-январь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине өткерилген сайлаўлар елимиз турмысында демократиялық мәмлекет, ашық пуқаралық жәмийет қурыў жолындағы тағы бир әҳмийетли жаңа қәдем болды. «Жаңа Өзбекстан, жаңа сайлаўлар» сүрени астындағы сайлаўлар ҳәрекеттеги нызамлар тийкарында демократия ҳәм жәриялылық принциплери тийкарында өткерилди. Сайлаўларға ҳәр тәреплеме таярлықлар көрилди. Оның барлық басқышларын сырт еллерден, халық аралық шөлкемлерден бақлаўшылар, сиясий партиялардың, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери бақлап барды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў 65 округ бойынша 622 сайлаў участкасында өткерилди. 2019-жылдың 22-декабрь күни болып өткен сайлаўларға дизимге киргизилген 999333 сайлаўшыдан 771494 сайлаўшы, яғный 77,2 проценти қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы  тәрепинен сиясий партиялардың республикамыздағы уйымларынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан етип усынылған 325 талабан дизимге алынды. Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы нызамына муўапық 16 талабанның «талабанлықтан ўаз кешиў ҳаққында»ғы арзасы қанаатландырылды. Солай етип, сайлаў бюллетенлерине 50 округте 5 талабаннан, 14 округте 4 талабаннан, 1 округте 3 талабаннан киргизилди. 2020-жылдың 5-январь күни еки округте қайта даўыс бериў болып өтти. Улыўма 65 сайлаў округинде депутатлар толық сайланды. Соннан Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы республикалық уйымынан 19, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы республикалық уйымынан 14, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы республикалық уйымынан 6,  Өзбекстан Халық демократиялық партиясы республикалық уйымынан 16, Өзбекстан Экологиялық партиясы республикалық уйымынан 10 депутат сайланды. Депутатлар бес миллет ўәкиллеринен ибарат болып, соннан 45 ер, 20 ҳаял-қызды қурайды.

«Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының  Нызамына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси республикада нызам шығарыўшы ҳәкимиятты әмелге асыратуғын жоқары мәмлекетлик ўәкилликли уйым болып табылады.