Президент: Жоқары оқыў орынларында қызлар ушын айрықша грантлар ажыратылады. Грант орынлары 2 есеге көбейтиледи

Президент Олий Мажлиске Мүрәжатында жоқары билимлендириў системасына байланыслы төмендегилерди атап өтти:
«2019-жылда 19 жоқары оқыў орны шөлкемлестирилди. Соның 9 ы жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларының филиаллары болып табылады.
141 қоспа бағдарлама тийкарында кадрлар таярлаў жолға қойылды. 146 500 студент қабылланды. Бул көрсеткиш 2016-жылға салыстырғанда еки есеге көп.
2020-2021-оқыў жылында мәмлекетлик грантлар еки есеге көбейтиледи.