Мəмлекетлик Салық басқармасына жаңа баслық тайынланды

Бекчанов Халмурза Турсынбаевич – Қарақалпақстан Республикасы мəмлекетлик Салық басқармасының баслығы лаўазымына тайынланды.

Х.Бекчанов – усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар ҳəм инвестициялар мəселелери комитетиниң баслығы лаўазымында жумыс алып барды.

Ол 1971-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1994-жылда Ташкент архитектура-қурылыс институтын, 2000-жылы Ташкент мəмлекетлик экономика университетин, сондай-ақ, 2009-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мəмлекет ҳəм жəмийет қурылысы академиясының қайта таярлаў курсын тамамлаған.

Мағлыўмат ушын, алдын бул лаўазымда жумыс алып барған Халмуратов Каллибек Жолдасбаевич Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының 2020-жыл 8-февральдағы бийлигине муўапық Қоңырат районы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.