Және еки наўқас коронавирус инфекциясынан толық саўалды

Бүгин 30-май сәнесинде Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленип атырған 8 наўқастан 2 адам пүткиллей саўалды.

Олар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитацияға шығарып салынды. Нәтийжели емлеў усылларынан кейин, соңғы тексериўлер олардың кеселликти толық жеңип өткенлигин көрсетти. Саўалғанлар – Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларынан.

Усының менен, коронавирус инфекциясынан толық тәўир болғанлар саны 129 адамға жетти.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң баспасөз хызмети