Пандемиядан күшли болып шығыўдың бирден-бир жолы – киши бизнес ҳәм исбилерменликке қолайлы орталық жаратыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 8-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде аймақларда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм бюджет түсимлерин сөзсиз тәмийинлеў илажлары додаланды.

Пандемиядан күшли болып шығыўдың бирден-бир жолы-киши бизнеске ҳәм исбилерменликке қолайлы орталық жаратыў деди, мәмлекетимиз басшысы.

Қыйын шараятқа қарамай, бул тараўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте, бирақ айырым аймақларда бул бағдардағы жумыслар қанаатландырарлы емес екенлиги атап өтилди.

Карантин талапларының жумсартылыўы нәтийжесинде кәрханалардың жумысы тикленди. Бирақ 69 мың исбилерменниң жумысын жанландырыў керек екенлиги, орынлардағы басшылар  9 айдың жуўмағы бойынша олардың кеминде 70 процентин, жыл ақырына шекем толық қуўатлылық пенен ислеўине жуўапкер екенлиги белгиленди.

Мәмлекет көлеминдеги республика дәрежесиндеги жуўапкерлерге аймақларға барып түсими азайған кәрханалар менен системалы жумысты жолға қойыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, исбилерменлер карантин қағыйдаларына әмел етиўде санитария ҳәм өрт қәўипсизлиги уйымлары тәрепинен түсиниксиз ҳәм бир-бирине қарама-қарсы талапларға дус келмекте. Сонлықтан, исбилерменлердиң мүрәжатлары ҳәм усыныслары тийкарында ҳәзирги тәртиплерди қайта көрип шығып, ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда түсиникли түрде халыққа жеткериў тапсырмасы берилди.

Өткен жылы дизимнен өткен исбилерменлердиң, яғный, жаңа бизнес субъектлериниң 23 мыңы ямаса 24 проценти бүгинги күнде жумыс ислемей атыр. Жуўапкер басшылар олар менен пикир алысыўы, қысқа ўақыт ишинде оларды иске қосыў илажларының көрилиўи белгиленди.

Бунда исбилерменге көбирек шараят жаратып бериў, атап айтқанда, электр, газ, суў тәмийнаты, жол, кредит пенен байланыслы мәселелерди шешип бериў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Жумыс баслап атырған киши бизнести қоллап-қуўатлаўдың пүткиллей жаңа системасын ислеп шығыў тапсырмасы берилди. Онда исбилерменди арнаўлы курсларда оқытыў, субъектти дизимнен өткериў, әсбап-үскене сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегине грант ажыратыў нәзерде тутылады. Бул системаның вертикал орынланыўын тәмийинлеў ушын ҳәзирги ўақытта тек ғана республика дәрежесинде жумыс ислеп атырған Исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң жумысын районға шекем түсириў зәрүрлиги атап өтилди.

Хызмет көрсетиўди раўажландырыў ушын ең қолайлы, көп ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын шөлкемлестириў мүмкин болған 31 орта қалаларда инфраструктураны жақсылаў, жер ресурсларынан ҳәм имарат-объектлерден дурыс пайдаланыў, жобаластырыў, басқарыў ҳәм жәмийетлик транспортты дурыс шөлкемлестириў халық дәраматының өсиўине кескин тәсир етеди.

Бул қалаларды хызмет көрсетиў орайларына айландырыў, буның ушын қала басшыларына система жаратыў ҳәм анық илажлар бағдарламасын ислеп шығыў тапсырмасы берилди.

Кейинги жылларда салық системасын реформалаў бойынша анық илажлар көрилиўи нәтийжесинде бизнес ықтыярында 2019-жылы 12 триллион сум қалды, 2020-жылы және 11 триллион сум  қаржы қалыўы күтилмекте. Енди жаңа ўазыйпа, яғный, «Салық уйымы-исбилерменге жәрдемши» системасын жолға қойыў тапсырмасы берилди.

Сондай-ақ, 1-июльден баслап биринши мәрте исбилерменлерге қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў механизми әмелге киргизилди. Бул жаңалық арқалы усы жылдың бир ғана үшинши шерегинде исбилерменлерге 700 миллиард сумды айланыстағы қаржы сыпатында өзинде қалдырыў имканияты жаратылмақта.

Сол мүнәсибет пенен, жуўапкерлерге бул системаның имканиятларын барлық исбилерменлердиң итибарына жеткериў ҳәм орынланыўын барлық аймақларда нәтийжели шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.

Президент орынларда елеге шекем исбилерменлерге жер ҳәм имаратлар ажыратыўда көплеген тосқынлықлардың бар екенлигин көрсетип өтти. Буларды ашық саўдаға, электрон аукционға шығарыў процесслерин жанландырыў ўазыйпасы қойылды.

Тараўдағы өзгерислерди адамлар сезиўи керек, телевидение ҳәм социаллық тармақларда буны кеңнен сәўлелендирип барыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Және бир әҳмийетли мәселе-бюджет дәраматларының орынланыўын тәмийинлеў. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда көрилип атырған илажлардың нәтийжесин арттырыў бойынша бир қатар тапсырмалар берди.

Мәжилисте, сондай-ақ, кәмбағаллықты азайтыў бойынша алып барылып атырған жумысларға да тоқтап өтти. Мәмлекетимиз басшысы кеминде 257 мың жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ўәкиллерин жумысқа жайластырыў,  37 мың шаңараққа шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде кредитлер ажыратыў зәрүрлигин атап өтти.

Жәрдемге мүтәж халықты жумысқа жайластырыў көрсеткиши ең төмен секторлар атап өтилип, олардың басшыларына жаза шаралары көрилди.

Атап айтқанда, Ферғана районының ҳәкими Носиров, Яккабағ районының прокуроры Мустафаев, Ғузар ҳәм Чартақ районлары ишки ислер басқармаларының баслықлары Рахмонов ҳәм Абдурайимов, Мубәрек районы ҳәм Қоқанд қалалық салық инспекцияларының баслықлары Темиров ҳәм Турдиқуловларды ийелеп турған лаўазымларынан азат етиў бойынша тапсырмалар берилди.

Шўрчи районының ҳәкими Худайбергенов, Каттақорған, Косон ҳәм Пайариқ районлары ишки ислер басқармаларының баслықлары Атамуратов, Атақулов ҳәм Шермухамедов, Нарпай, Ғаллаорол районлары ҳәм Гүлистан қаласы салық инспекцияларының баслықлары Деҳқонов, Мамаев ҳәм Раджабовларға соңғы ескертиў сыпатында «сөгис» жәрияланатуғыны белгиленди.

ӨзА