Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

2020-жыл 4-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти. Оны парламент жоқары палатасының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының жетинши жалпы мәжилисин 2020-жыл 11-сентябрь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сенат Баслығы Т.Норбоева елимизде сиясий, социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық тараўларда кең көлемли реформалардың әмелге асырылып атырғаны, жаңа Өзбекстанды қурыў жолында үлкен ҳәрекетлер алып барылып атырғанын атап өтти. Қалаберди, адамлар менен пикирлесип, халық тәрепинен көтерилип атырған машқалаларды өз ўақтында шешилиўине тийкарғы итибар қаратыў зәрүрлигин билдирди. Сондай-ақ, жалпы мәжилистиң күн тәртибине киргизилген ҳәр бир мәселе бойынша жәмийетшилик пикирин итибарға алыў, қалаберсе, аймақлардағы машқалаларды турақлы түрде үйренип барыў ҳәм оларды додалаўға алып шығыў зәрүрлигин атап өтти.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелердиң көрип шығылыўы режелестирилген.

«Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы, «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы, «Наркологиялық кеселликлер профилактикасы ҳәм оларды емлеў ҳаққында»ғы, «Халық депутатлары Кеңеслери жумысынының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Аўыл хожалығы ушын мөлшерленген жерлерден ҳәм тоғай қоры жерлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар солар қатарына киреди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Қаржы министриниң Мәмлекетлик бюджеттиң 2020-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўы ҳаққындағы мәлимлемесиниң көрип шығылыўы нәзерде тутылған.

Оннан тысқары, илимий жумысты раўажландырыў ушын көрилип атырған илажлар жағдайы және Өзбекстанда ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў мәселелериниң додаланыўы режелестирилген.

ӨзА