Сенатор ҳәм депутат Қанлыкөлде әмелге асырылатуғын жойбарлар менен танысты

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажларының орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў туўралы» №КҚ-156-IV-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети баслығының орынбасары Рисқул Сиддиқов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Мурат Шымбергенов районда болды.

Қанлыкөл районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажларының орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў бойынша «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 22-санлы мектеп имаратын капитал оңлаў, «Қанлыкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы район ҳәкимлиги балансындағы, 15-санлы аўыллық шаңарақлық поликлиникасы ески имаратын оңлаў ҳәм кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж шаңарақларды көширип өткериў, «Жайхун» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көп квартиралы үй-жайлар алдында пиядалар жолын қурыў, түнги жақтыландырыўшы үскенелер ҳәмде үйлердиң там ҳәм фасад бөлимин толық оңлаў, балалар майданшасы ҳәм ҳәжетханалар қурыў, «Бостан» АПЖ аймағында 180 орынлы 24-санлы мектеп имаратын реконструкция қылыў жумысларын үйренди.

Бул илажларды әмелге асырыў бойынша ислениўи тийис жумыслар ҳәм алда турған ўазыйпалар ҳаққында район ҳәкими, Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеӊеси депутатлары ҳәмде район белсендилери қатнасында өткерилген ушырасыўда кеӊ түрде түсиник берилди.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети