Ҳеш ким итибардан шетте емес

Ҳәр жылы елимизде 3-декабрь – «Халықаралық майыплардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин қорғаў күни» сыпатында белгиленип келинбекте.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласында имканияты шекленген инсанларға байрам дастурханы жайылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов мәмлекетимизде соңғы жылларда имканияты шекленген ҳәм майыплығы бар инсанларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаў, оларға медициналық-социаллық жердем көрсетиў, турмыс сапасын жақсылаў системасын жетилистириў айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдарда алып барылып атырған жумысларды жаңа басқышқа көтерди.

– Елимизде имканияты шекленген  инсанлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, олардың бахытлы турмыста жасаўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған, – дейди Нөкис қалалық майыплар жәмийети баслығы Гүлнара Дасбаева. – Бүгинги илажға Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Қарақалпақстан Республикасы майыплар бирлеспеси, «Мәҳәлле қоры» менен биргеликте өткерип атырмыз. Адамлардың қуўанышы шексиз.

Илаж қатнасыўшыларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы