Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Студентлер кеңеси ҳәм Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми басламасы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 28 жыл толыўы, жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы – Наўрыз улыўма халықлық байрамы, сондай-ақ, мусылманлардың уллы Рамазан айы мүнәсибети менен бүгин, 8-апрель күни институттың барлық факультетлеринде экологиялық акция өткерилмекте.
Студент-жаслар өз теңлеслериниң шақырығын жоқары көтериңкилик пенен күтип алып, институт әтирапын абаданластырыў, көгалландырыў жумысларына ерте азаннан баслап кирисип кетти.
Атап айтқанда, физика-математика, баслаўыш тәлим ҳәм шет тиллери факультетлери студентлери сабақлардан бос ўақытларында оқыў имаратлары әтирапын, жап-салмаларды шығындылардан тазалаў, жерлерди аўдарыў, тереклерди ҳәклеў, мийўе ҳәм декоратив тереклердиң нәллерин отырғызыў, оларды суўғарыў ҳәм тереклерге форма бериў сыяқлы үлгили жумысларды аўызбиршилик пенен атқармақта.
Жаслар шақырығына ҳәттеки институт профессор-оқытыўшылары, факультет деканлары, ректорат жәмәәти де қосылған ҳалда, акцияда белсене қатнаспақта.
Жаслар басламаларын бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырған институт ректораты усы сапары да студентлер ушын түслик аўқат ҳәм концерт бағдарламасын шөлкемлестирип, акцияда белсенди қатнасқан жасларды хошаметлеўди жобаластырып отыр.
Экологиялық акция даўам етпекте.
НМПИ баспасөз хызмети