Усы жылдың 1-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарары ҳәмде халықаралық финанс институтлары менен биргеликте әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлардың орынланыў жағдайына бағышланған мәжилис болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Министрлер Кеңеси ўәкиллери, министрлик ҳәм мәкемелер, аймақларға бириктирилген комерциялық банклер басшылары, қала ҳәм район ҳәкимликлери ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Олий Мажлис Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығы Б.Алихонов ҳәм басқалар Ҳүрметли Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары республикамыздың экономикалық потенциалын арттырыў, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўда үлкен әхмийетке ийе екенин атап өтти.
Қарар менен қабыл етилген бағдарламалардың орынланыўы үстинен Парламентлик қадағалаўды шөлкемлестириў мақсетинде Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети тәрепинен Сенат ағзалары менен биргеликте тиккелей орынларға шығып үйрениўлер турақлы түрде өткерилмекте. Үйрениўлер процесинде қадағалаў илажларын әмелге асырыў менен бирге исбилерменлер ҳәм белсендилер менен ушырасыўлар өткерилип, олардың машкалаларын шешиў илажлары көрилмекте.
Қарарға муўапық ҳәр бир қала ҳәм районның имканиятларынан келип шыққан ҳалда “өсиў ноқатлары” яғный драйвер тараўлар белгиленген. Солардың ишинде қурылыс материалларын ислеп шығарыў, азық-аўқат, тоқымашылық, нефть-химия санааты, бағшылық, ыссыханалар шөлкемлестириў, жипекшилик, туризм тараўын атап өтиў тийис. Және бир әҳмийетли тәрепи, ҳәр бир аймаққа министрлик ҳәм мәкемелер, коммерциялық банклер бириктирилген.
Мәжилисте атап өтилгениндей, белгиленген мақсетли көрсеткишлер ҳәм жойбарларды әмелге асырыўға қолайлы шараятлар жаратыў ушын қарар менен исбилерменлик субъектлерине жер салығы, мал-мүлик салығынан азат етиў сыяқлы бир қатар жеңилликлер усынылыўы белгиленген.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесовтың қарардың орынланыўы бойынша усы жылдың I шерегинде әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасында 2020-2022-жыллар даўамында улыўма баҳасы 12 триллион 318 миллиард 253 миллион сўм болған 1 359 жойбарлар әмелге асырылыўы ҳәм 17 631 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы белгиленген.
Атап өтиў тийис, 2020-жылда улыўма баҳасы 3 триллион 677 миллиард 371 миллион сўмлық 588 жойбарлар (4 483 жаңа жумыс орынлары) иске түсирилиўи белгиленип, әмелде 2021-жылдың 1-январь жағдайына 1 206 жойбардың 5 триллион 887 миллиард 424 миллион сўмлық инвестициялық қаржылары өзлестирилди ҳәм 4 триллион 491 миллиард 922 миллион сўмлық 705 жойбарлар иске түсирилди, 4 411 жаңа жумыс орны жаратылды.
2021-жылда улыўма баҳасы 5 триллион 290 миллиард 145 миллион сўм болған 592 жойбарлар әмелге асырылыўы ҳәм 10 495 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы белгиленген.
Усы жылдың I шерек жуўмағы бойынша бағдарламада белгиленген 1 237 жойбарға 6 триллион 68,1 миллиард сўм инвестициялық қаржылар, соннан 2021-жылдың өзинде 53 басламашының 110,4 миллиард сўмлық инвестициялық қаржылары өзлестирилди.
Жәми 4 триллион 777,8 миллиард сўмлық 840 жойбар иске түсирилип, 5075 жаңа жумыс орынлары жаратылды, соннан 2021-жылдың өзинде 279,1 миллиард сўмлық 133 инвестициялық жойбарлар иске түсирилди ҳәмде 738 жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Соннан, 2021-жылдың I шерек жуўмағы менен 258,4 миллиард сўмға тең болған 99 жойбарды әмелге асырыў ҳәм жаңадан 902 жумыс орынларын жаратыў режелестирилген болып, усы жойбарлардан 166,4 миллиард сўмға тең болған 77 жойбар иске түсирилди ҳәм 445 жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Соның менен бирге, 2021-жылдың I шерек жуўмағы бойынша баҳасы 112,7 миллиард сўмға тең болған 56 жойбар мүддетинен алдын иске түсирилди ҳәм 293 жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Мәжилисте әмелге асырылған жумыслар менен бирге бир қатар машқалалар, атап айтқанда, режелестирилген жойбарлардың өз мүддетлеринде иске түсирилиўи кешигип атырғанлығы, банклер тәрепинен кредит қаржылары өз ўақтында ажыратылмағанлығы, қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен өз ўақтында жер майданларының ажыратылмағанлығы, басламашылар тәрепинен есап-санақларда қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы сынға алынды ҳәм бул машқалаларды сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ, мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Б.Хабибуллаевтың Қарақалпақстан Республикасында халықаралық финанс иститутлары менен биргеликте әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлар бойынша мағлыўматы тыңланды.
Бүгинги күнде республикамыз аймақларында халықаралық финанс институтлары қаржылары есабынан баҳасы 3 983 миллион долларлық перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Соннан, Қарақалпақстан Республикасының социаллық тараў ҳәм инфраструктура системасын раўажландырыў мақсетинде 20 перспективалы жойбар шеңберинде 1 326,7 миллион долларлық қаржылар ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Коммунал хожалығы тараўында баҳасы 1 453 миллион долларлық 3 жойбар, инфраструктура тараўында баҳасы 833 миллион долларлық 4 жойбар, суў хожалығы тараўында баҳасы 223 миллион долларлық 2 жойбар, аўыл хожалығы тараўында баҳасы 300 миллион долларлық 2 жойбар, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында баҳасы 120 миллион долларлық 1 жойбар, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары ҳәмде жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў тараўында баҳасы 100 миллион долларлық 1 жойбар, денсаўлықты сақлаў тараўында баҳасы 354 миллион долларлық 3 жойбар ҳәм басқа тараўларда баҳасы 600 миллион долларлық 4 жойбар әмелге асырылыўы күтилмекте. Бул бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәжилисте көрилген ҳәр бир мәселе терең сын көз қарастан талланып, бул мәселелерди өз ўақтында әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелер, коммерциялық банклердиң ўазыйпалары белгилеп берилди, машқалаларды сапластырыў бойынша усыныс ҳәм пикирлер билдирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети